Тилеўберген Жумамуратов


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Познавательное


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, "Халықлар дослығы", "Ҳүрмет белгиси" орденлериниң ийеси Тилеўберген Жумамуратовтың поэзиялық каналы.
Байланыс ушын:👉 @Tilewbergen_Jumamuratovbot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Статистика
Фильтр публикаций






Мурат – инженер, дәўир перзенти, исбилермен, «Қаратаў» экспедициясында Қаратаў жер асты байлықларын үйрениў, қәстерлеў менен бәнт.
Генжетай Диляра ̶ Киевте саўда экономикалық институтын питкерди, эксперт, баҳа бойынша экономист, ревизорлық жумысларда мәселелерди, ата ̶анасындай әдил шешип жүр.
Өз шығармаларында, перзентлерин тәрбиялаўда ҳәм ағартыўшылық хызметинлеринде, поэзиясында миллий ҳәм улыȳмаинсанлық мәселелерди даналық пенен басшылыққа алған Тилеўберген Қуппатулла улы ̶ Наўайы, Абай, Жамбыл, Мақтымқулы, Бердақ, Әжинияздың алтын мийрасларды даȳамлап, эволюциялық жолда байытып барыȳшы, ғәрезсиз өз пикирине ийе, егер дөретпелери басқа халықлар тилине толық аўдармаланғанда ҳәммелерине ортақ мақтаныш, зия тарқатыўшы Қарақалпақстанлы саялы үлкен байтерек, иләҳий талантына ҳәмме тәжим ететуғын, изи өшпес, сөзи өлмес данышпан, улыўмахылықлық инсан ҳәм шайыр.
Нептун, Жер, Ай, Шолпан ̶ бәри серигиң,
Олар жүзер әтирапыңда айланып.
Әўелинде жаратыўшы сени ким?
Ҳайран болдым, сол ҳаққында ойланып.
Тилеўберген ағамыздың дөретпелери халқымызды ойландыратуғын, мәңги нур жазыўшы жулдыз, ай ҳәм қуяш болып қалады деп исенемиз.
….Емлеўхана шыпакери болғанымыздан соң, көп инсанлардың өмир менен гүресип атырған аўыр демлердеги пәзийлетлери есимизде қалады.
Көп шаншыўдан тамырлары ҳәлсизленгеннен бе, ямаса организм тартпады ма, азанда бас шыпакер сыпатындағы «обход»қа келсем, Тилеȳберген ағаның қолы исип кеткен екен. Организмниң индивидуал ҳалатына бийпәрўа қараған қайсы шыпакер яки ҳәмшийра?! ̶ себебин биле алмай сарсаң едим. Сонда Тилеўберген аға илтимас етти:
̶ Бәри пидә болып жүр-ғой, әдейиден ислеген жоқ...
Мине, усындай, дәрттен «сиркеси суў көтермесе» де беглигин бузған емес.
Мийўе берди шабытымның жемиси,
Нағыз шыңға шыққан гезим тап усы.
Бахыт пенен және қырық жыл жасасам,
Болмас еди ̶аў, бир қәбирдиң кемиси, ̶
деп өмир ̶ қыймаслық екенлигин көрсетиў менен, қәдирлеўди нәсиятлаған, ақыретин де умытпаған инсан, енди, апрель ақшамының мийўели тереклери гүлге малынып, өмир жаңаланып атырған мәўритлерде шүкиршилик етип, «барлық жанның ҳуқықы тең биз бенен, келгенлерге босатамыз орынды» дегендей, саламатлықтан «иллә» деп шағым жасап сыр берместен, тилеклеслиги менен көз алдымызда сөнип бармақта еди!...
ϴмириниң соңғы деминде де, рецепт қағазға ақырғы нəсиятларын дизип кеткен екен:

Қартаймайтын, өлмейтуғын адам жоқ,
Өмир деген жанып турған қызыл шоқ.
Бир сөнген соң сирә қайтып жанбайды,
Жанады деп болып жүрмең кеўил тоқ ...

Ким болса да түссе әжел қақпаны,
Жанға жәрдем бермес олжа тапқаны,
Бул дүньяны көрип болдың деген сөз,
«Қылт» еттирип табыт бетин жапқаны.

Ўәлийлик жоқ келешекти болжаған,
Әрмансызбан бахыт деген олжадан.
Бул дүньяда мың жасаған адам жоқ,
Жерлеп кетип, ел умытса, сол жаман….

Саналы өмир, саналы өлим.. Буған гүўа болыў аўыр кешти! Медицина теориясы ҳәмде әмелиятынан хабардар болсам да, Жаратқанның ҳүкимине шара жоғын түсинсем де..
Европа еллеринде интернационал медицина атамасы парсша «Мадади Сина» сөзинен келип шыққан екен. «Мадади Сина» атамасы ̶ тиббият султаны, жолшы жулдызымыз, теориялық ҳәм клиникалық медицинаның энциклопедиясы болмыш «Шыпакерлик илими каноны»н мийрас етип қалдырған философ тәбийб Ибн Синаның исмине байланыслы, «медет бериўши Сина дегени болса керек.
Биз, шыпакерлер, ақырғы демимизге шекем медет боламыз ба деп, шықпас жаннан үмит етер едик. Өмириниң ең соңғы ўақытларында шайырдың аўҳалы аўырласты, диңкә ̶дәрманы қалмаса да, соңғы шара ̶ омыртқадан суў алыўға мәжбүр болдық.
Аўырыўдың зардабы жанына батса да, сабыр түсинигиниң қыйын ҳәм ҳүрметли екенлигин билдирди, адамгершиликтиң бийик тахтының сәнин көрсетти. «Алтын адам екенсиз!»-деген ой кеўилимниң ең ийгиликли тарларында тербелди!

-------------
Наўрызбай Ешниязов ̶
Қарақалпақстанға мийнети сиңген шыпакер, медицина илимлери кандиданты
Апрель, 2004-жыл.


Бас шыпакер болғаным ушын мен де қатнасыў бахтына миясар болдым.
Азаматлар шайырды қутлықлап, ийнине Бухарада зерленген маўыты реңли ғыжым шапанды жаўып, Қарақалпақстан Қызыл қумында күн шығып киятырған ўақытта шағылысқан қойдан туўылған қозы терисинен тигилген, патшалар тажына усап нурланып турған сур папахты кийгизди, Қоқан шайысы менен белин буўды.
Сонда шайыр:
̶ Ҳаў, Сағындық, қарағым. Бул Бухара әмирлериниң, Хийўа, Қоқан ханларының кийимлери ғой, ̶деп зәрре күлимсиреп рахметин билдирди. Кең залларда ядтан қосықларын оқығандағы гүрлеген узақ қол шапатлаўлардан кем болмаған бул ҳүрметтиң қәдир ̶қымбатын жақсы түсинсе де, аса қуўанышын билдириўге усы ўақытлары қуўаты сарқылып, наўқас зардабы батыңқырағаны сезилди. Сынық ҳаўазда, бирақ, ҳәр бир сөзи жүректи елжиретип:
̶ Елдиң аўызбиршилигин, халықлар дослығын көз қарашығыңыздай сақлап, әдиллик, әдеп- икрамлық пенен талапшаң басшылық етиңлер, - деген нәсияты менен пәтиясын берди.
Үзилсе гүл қалар, сарғайып солып,
Мейли сен арықсаң, мейли сен толық.
Мейли сен патша бол, мейли сен гедей,
Өлсең теңлесерсең, топырақ болып..
Өмир философиясының усы шынлығын муңая мойынлап отырсам, және шайырдың жаратылыс диалектикасын ҳәзилнама, ойнақы қатарларға түсирген, усы муңайдырған ҳақыйқатты мәртлерше мойынлаўға бағдарлаған қатарлары кеўилге жағымлы самал ендиргендей болады:
Тилеўберген, сулыў едиң жасыңда,
Неге сонша жоғалтыпсаң көркиңди? ̶
Деп ҳәзилкеш ләң урады қасымда,
Тап пышықтай силкип ойнап бөркимди.

Бәҳәрде гүл жайнап турған отлы шоқ,
Гүз айында ҳәлсирейди сарғайып.
Удайына сулыў болған адам жоқ,
Оның ушын тағылмайды ҳеш айып.

Солған гүлдиң болмас бирақ шығыны,
Бул гәплерди тымсал ушын айтаман.
Ҳәр жылында көбейеди туқымы,
Бәҳәр сайын көрк береди қайтадан.

Қыраў шалып сулыўлығым бузылған,
Аўыспайды улым менен қызымнан..

Ҳақ гәп, сулыўлық та, әдеп ̶икрамлылық та ата мийрасы. Ҳеш бир ата ̶ана перзентке жақсы тәлим- тәрбиядан артық мийрас қалдыра алмайды. Сүйип-сүйилген ерли-зайыплылар дослықтың, меҳир-шәпәәттиң тымсалы болған шайырдың шаңарағында тәрбияланған, өмир жалғасы — перзентлериниң ҳәммеси де жоқары билимли өз кәсибиниң маманлары, елине елеўли, халқына қалаўлы, Ана халқына, республикамызға жанкүйер пухаралар болып жетисти.
Идиралды перзенти Байрон ̶ Нөкис пединститутын питкерип, усы жерде жумысқа қалды, армиядан соң, мектепте ислеп, ардақлы устаз болды, билимлендириў министрлигинде жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. Тилекке қарсы өмирден ерте кетти. Изинде. жақсы устаз, жақсы физик, жақсы инсан, деген аты, нийетлерин даȳамлаȳшы зайыбы ҳəм урпақлары қалды.
Асия ̶ Қарақалпақстанға мийнети сиңген муғаллим, ҳəмме ȳақыт алдынғы сапта, узақ жыллар педогогикалық училищеде директор, мектеп директоры лаўазымында табыслы хызмет атқарды. Балаларына меҳирийбан ғамхор ана ҳәм ўападар қостар болып, кең жәмийетшиликте ҳүрмет ̶ иззетте.
Зухра ̶ жүдə кишкене мектеп жасынан Ташкент хореография училищесинде оқыȳға кетип, сағынышлы болған, папасының қызы. Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист, Ташкент, Москва мәденият орайларында табыслы оқып, көркем өнер коледжинде жасларға хоеография сырларын үйреткен әдиўли устаз болды.
Замира ̶ «шымбайлы еркетай», кɵбирек, дайы ата ̶əжесиниң қызы болып баȳыр басқан, кеўилшек қызы. Гидрогеолог, Қарақалпақстанның жер шараятын ойлап таңлаған кәсиби, Самарқандлы жигитке жулдызы жарасып, перзентлеринен ақлық көрип отыр. Жүрегиниң белгили бир бөлеги Қарақалпақстанда, ел ̶журты, Ўатаны, ата ̶анасы, туўысқанлары менен бирге.
Малика ̶ анасының шырайынан кɵбирек алып, «маманың меншик қызы» атанса да, ата жолын қуўып, əкеси тəлим алған дəргай Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетин айрықша питкерип, филология илимлериниң кандидаты, доцент, жаңа тили шығып быдырлағаннан ̶ақ, қосық тоқып, үлкен шайыр əкесиниң: «Қарақалпақстандағы қызлардың ең шайыры» деген баҳасына миясар болған.


Қарақалпақтың бағыў ̶бақшаларын, таў ̶тасларын, Үстирт, Қызылқумын, дәрья ̶көллерин, Арал теңизиниң әжайып тәбиятын сүйсинип аралаған Тилеўберген шайыр жаратылыстың үлкен жанкүйери ҳәм тәбиятты, эволюциялық жаратылысты жақсы түсинетуғын, сүйетуғын еди. Оның:
̶ «Наўырыз, сен Қарақалпақстанның Швецариясы Хожанкөл екенин билесең бе? 1960 ̶жыллардан бурын Әмиўдәрьяның суўы муқаддес зәм ̶зәм суўына қаймақ қосқандай мазалы ҳәм таза еди» ̶ деп қайысқанларын талай еситтик.
Ол Алла Таала жаратқан эволюциялық жол менен өнип ̶өсип, өзгерип атырған ҳәмме жанлы ̶жансыз нәрселерге зыянын тийгизбеў ҳәрекетинде еди. Бир мәрте шай ишип отырсақ, кәмпийт ширесине жабысып өлген қумырсқаларға қыйланғанын көзим көрди.
Жүдә кишипейил, әлпайым, әдил, өзгелердиң азғана жақсылығын умытпайтуғын, өзи ислеген қалыс жақсылықларын умытып кететуғын, еткен жақсылықларын өзлерине билдирмей ислейтуғын, жақсыларға ғамхор, жаманларды сатира ̶юмор найзасы менен түйреп тәрбия беретуғын, принципиал, миллетиң қәдир ̶қымбатын қәстерлейтуғын, ҳақыйқый гуманист, айрықша талантлы инсан еди.
Жаратқан ийем сүйген бендесине көп сынаўлар береди дейди, бул инсанның өмири де аңсат кешпеди.
Жетимлик зардабын татты. Анасының үзликсиз перзент дағынан күйинип, баўыры тилингенин көрип өскен Тилеўбергенниң де қәлби, жүреги ғәлбирдей илбирейди. Оның бержағында, және тәғдир сынағы, Соркөлдеги үлкен тойда Ақдәрья елатынан шыққан өспирим Тилеўберген ̶шабарман жығылып, аяқ сүйеклери сынған. Узақ ўақытлар даўамында шебер сынықшы тәўиплерге емленип, бир аяғын сылтып басатуғын инвалид болып, денсаўлық кемислигиниң зардабын өмиринше шекти. Қуўанышы ҳәм шадлығын теңдей бөлискен сүйикли қостары, перзентлериниң меҳрийбан анасы Орынбасқан жеңгейден айрылып, ҳақыйқый жетим-жесирликти бастан кеширди, тәғдирдиң сынақларынан руўҳый қыйланды.
..Ашшы менен душшыларды татқанман,
Қуўантпайды тәғдир қайта жасартып.
Сени жойтып, қайғы-ҳәсирет тартқаннан,
Тыныш жатсам, уйқыдағы түс артық, - деп жазған.
Өмириниң жетпис бес бәҳәрине өтер шағында, усы жасларда жеккесийрек ушырасатуғын «қанның рак кеселлиги» деп аталатуғын, еми елеге шекем медицинаға белгисиз лейкоз бенен наȳқасланды. Сонда да мөмин - мусылман, Алла Таалаға шүкирлигинен жаңылмады.
Бизиң эрамызға шекемги 460-270 ̶жыллар шамасында жасап өткен грек врачы, антик медицинаның реформаторы болған Гиппократтың антына садықлық соны талап етеди, биз, клиникалық медицинаға тийкар болған, организмниң бир пүтинлигин естен шығармаймыз. Тек кеселликти емес, наўқасты емлеў кереклиги туўралы дәстүрлер – бизди, анамнез, этиология, прогноз киби мәселелерди айқынластырып алыўға бағдарлайды.
Тилеўберген аға қуяш ваннасын көп алған екен, биз шыпакерлер қуяштың радиация нурлары артқымашлық етти ме, деп гүманландық. Соң, оның бир ўақытлары делегация менен «Бойқоңыр» космос полигонында болғанлығын, батырлық ҳәм дөретиўшилик қызығыўшылық себебинен, «қадаған етилген зона»ға да кирип кеткенлигин билгенимизден кейин, наўқас сол сапардың қалдырған белгиси емес пе екен, деп қатты ашындық.
1990 - жыл қыс бәҳәрге уласты, «шайыр бийтап!» деген ой ҳәммени қыйнар, шықпас жаннан үмит етип, қалыс исеним ̶ықласын тынбай билдирип, кеселханамызға қатнаған халықтың изи үзилмес еди.
Мүмкин, тарийхта бундай ўақыя, жекке ̶сийрек гезлесер, Республика басшылығының инициативасы менен уллы шайырдың аўыр кеселине мәлҳам болар, жигерлендирип, келешек хызметлерине талпындырар деген үмит пенен Тилеўберген аға Қарақалпақстан Жоқарғы кеңесине депутатлыққа усынылды ҳәм халықтың қызғын қуўатлаўы менен бир аўыздан сайланды.
Алла Тааландан басқаға сыйынып көрмеген, жаратылыстың ҳәм адамның қәдирин билген, таланты арқалы еки Республиканың халық шайыры болған бул инсанға ел азаматлары шексиз ҳүрметин билдирип, сол дәўирдеги Республикамыздың басшысы Сағындық Нийетуллаев ҳәмде идеология бойынша хаткери, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Шарап Уснатдийнов, академик - художник Жоллыбай Изентаевлар емлеўханаға, Тилеўберген Жумамуратовқа депутатлық мандатын тапсырыўға келди.


Өмирдеги, тарийхтағы әдиллик, ҳақыйқатлық, адамның қәдир ̶қымбаты ҳәм инсан азатлығы ушын мәңгилик гүресте — шығыс ҳәм батыс еллери данышпанлары Фердаусий, Омар Ҳайям, Саади, Хафиз Шерозий, Жәмий, Наўайы, Абай, Мақтымқулы, Бердақ, Әжинияз, Байрон, Бальзак, Шекспир, Гёте даналықларына айрықша кеўил бөлип, биринен соң бири даўам етип, узақ сөйлести.
Мәнәўий суўсынланыўдан кеўили толқыған Хожамберген аға бирден орнынан турып:
̶ Тилеўберген аға, усы көкирегимдеги алтын жулдыз Сизге көбирек жарасар еди, ̶деп кемтаршылық пенен айтып салды.
Сонда шайыр,
̶ Достым Хожамберген, қандай инсаплы адамсыз?! Адам ушын ең жақсы тәж ̶тахт ҳәм бахыт халық ҳүрмети болады. Халық Сизди төбесине көтерди, қаҳарманлық атағыңыз өзиңизге қутлы болсын. Сизиң 1968 ̶1970 ̶жыллардағы әдеп ̶икрамлық ҳаққындағы үндеў мақалаларыңызға ел сүйсинди. Тәлим ̶тәрбияның, бизлер теорияшылары болсақ, Сиз оны иске асырыўшы, жасларға үйретип атырған әдиўли устазсыз. Халыққа хызметиңиз киноға да мазмун болды. Оның үстине сизлер Жаңыл келин менен екеўиңиз он баланы кәмалға келтирип, диянатлы зиялылар етип өмир космосына ушырған қос қаҳарманларсыз, ̶ дегенинде, бул ҳақыйқат сөзлерге меҳрийбан устазымның көзине жас үйирилди. Олардың кеўиллери тиллести!
Суўырып салмай, төкпе шайыр болыў ҳәм дөретпелерин яд айтыў, яд биле бериў, бул өз ̶өзинен болатуғын нәрсе емес! Бул ɵзгеше бир таланттың, соның менен бирге, қәбилетти көп шынықтырыўдың, өмир бойы оқып үйрениўдиң, тилди терең билиўдиң жемиси екенлиги сөзсиз! Оның үстине Тилеўберген аға араб ̶парсы, түркий ҳәмде орыс тиллерин билетуғын, қосықларын ески жазыўда арабшада жазатуғын еди.
Иләҳий таланты қаншама мол болғаны менен, қанша суўырма шайыр десек те, Тилеўберген аға, егер кеўилине қонбаса, «буйыртпа» менен қосық шығаралмайман!» - дейтуғын еди. Бирақ, кеўили сүйсинген ўақыяларға, халқымыздың, мийнет табысларына, елдиң раўажланыўына, қаҳарманлардың зәбердесликлерине аянбай шын кеўлинен жазады. «Шайыр аға, перзентиме ат қойып, қосық жазып бериң» деген ҳақ кеўилли, мийнеткеш, әпиўайы пухараның илтимасына кеўиллери елжиреп, қосық қатарларын төгип ̶төгип салғанын да талай көрдим.
̶ Оныншы әсирлерде жасап өткен Туслық данышпан Әбилқасым Фердаусий, ҳүкимдар Махмуд Ғазнавийдиң Иран тарийхының поэзиясын жаратыў ҳаққындағы буйыртпасы менен, «Шахнама»ны отыз жылда жазып тамамлағанында, ̶ деп сөз баслаған еди Тилеўберген аға, сырласыўларымыздың биринде, ̶ ҳүкимдар поэманың ҳәр жуп қатарына жуп алтын менен қәлем ҳақы төлеў ҳаққындағы ўәдесинен тайып, сол муғдарда гүмис берипти, деген де рәўаятлар бар. Шайыр «қәлем ҳақы»ны үшке бөлип, бир бөлегин «ҳақы»ны жеткерген шабарманға, екинши бөлегин монша қараўылына, үшинши бөлегин суў сатыўшыға таратыў менен наразылығын билдирипти де, көзден тасаланып, ғайып болыпты. Ҳүкимдар ғәзепленип, шайырдың исминиң аталыўын да қадаған еткен.
Арадан жыллар өтип, бир күни султан, ўәзирлериниң «тилинде жүрген» қонымлы қосық қатарларын еситип, «мәртликти арттырыўшы бул әжайып қосықты ким жазған?!» деп таңланады. Жуўапты еситкеннен соң өзиниң қандай қәтеге жол қойғанын аңлайды. Ҳәм шайырға байлық толы кәрўанды жоллайды. Кәрўан шәҳәр дәрўазасына киребергенинде, екинши дәрўазадан шайырдың денеси салынған табыт алып шығылмақта екен.
Әне сондай!... Инсан өмириниң ҳәр бир деми ғәниймет. Талант ̶ елдиң мәртебеси. Ең әдил сыншы да, ең әдил «буйыртпашы» да халық. «Байтеректиң тамыры да тереңде, мәртебениң гилтин изле халықтан» деген Тилеȳберген аға. Илҳәм дереги ̶ халықта, мейли, басшысының, мейли, қосшысының болсын, нийетинде, хызметинде. Қулласы, адамлардың жақсы жасаўы ушын гүресип атырған жәмийетте.
Жүрегимниң түпкиринен шығарған,
Мәпи ушын жаратылса шығармам.
Ел алғысы мениң ушқыр қанатым,
Еле талай шарықлаўға шығарман, ̶ деп пикирлерин жуўмақлаған еди ол сол сапары.


Наўрызбай ЕШНИЯЗОВ ̶ Қарақалпақстанға мийнети сиңген шыпакер, медицина илимлери кандиданты

ТАЛАНТҚА ТӘЖИМ. (Тилеȳберген шайыр өмириниң соңгы күнлеринен).

Әййемги, ат-исимлери бизге белгисиз бақсы-жыраў, қыссаханлардан баслап, Жийен жыраў, Күнхожа, Бердақ, Әжинияз, Өтеш, Омар, Сарыбай, Гүлмурат ҳәм басқалар Ислам идеологиясына тийкарланған мәденият ўәкиллери еди. Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Тилеўберген Жумамуратов, Ибрайым Юсуповлар да қарақалпақ әдебиятында дүнья мəденияты дүрданаларының даўамшылары десек, асыра айтыў болмас.
Тилеўберген Қуппатулла улының ̶ Омар Ҳайямның рубайыларын қарақалпақшаға арқайын аўдармалаўында үлкен мәни жатыр.
«Шайырлықты инәм етти,
Иләҳий илҳәмым мениң» - деген қатарлар, бул туȳма таланттың үлкен имканиятларынан дерек берип тур. Қарақалпақстан тарийхындағы дәслепки қосық пенен жазылған романы ̶ «Мәкарья сулыў» дөретпесиндеги пикирлер, ойлар, тәрийплер шайырдың Шығыс ҳәм Батыстың руўҳый мүлкинен үйренгенлигин, бул дүрданаларды бири ̶бири менен байланыста деп билгенлигин көрсетеди.
Инсан ерки ҳәм сөз еркинлиги бағыныңқы жәмийетте жасаған Тилеўберген Қуппатулла улының дөретиўшилик мүмкиншиликлери, сырттан қараған адамға, ғамхорлық арқалы толып ̶тасып атырғандай көрингени менен, арқанланып, тардан тусаўланған болғанлығы ап ̶айқын. Оның ядтан айтқан суўырып салмай, төкпели қосықларының бир талайы қағаз жүзине түспегени өкинишли. Бирақ, олардың биразы перзентлери менен көплеген «Тилеўбергеннама»шы жанкүйерлердиң көкирегинде, зибанында мөрленип, сақланған. Жыйнап алыў мүмкиншилиги ҳәзирге шекем бар.
Анықлап қаралса, бул адамның, қуўдалаўлардан, күнлеўшилердиң гөзлеген «оқлар»ынан, «плагиатшылық» киби иллетлерден ләрземленген жүрегинде, Зигмунд Фрейдтиң руўҳый анализи теориясы бойынша айтсақ, яд ғәзийнесинде, ой астында, санасының қатламларында айтылмай, жазылмай қалған талай-талай дөретпелери өзи менен кетип қалғаны өкинишли ҳәм орны толмас жоғалтыў! Оның Алланың нуры шашылып турғандай күлимсиреген портретин еслегенимде, Шығыс данышпанлары Әл Бухарий, Ат Термезий, Саадий, Хафыз Шерозий, Ибн Сина, Нәжимиддин Кубро, Затахшарий, Нақшбанд, Хожа Ахмад Яссаўий, Сулайман Бақырғаний киби уламалар ядыма келеди. Олардың руўҳлары шайырдың тулғасына ендирилген шығар деп ойлайман.
Бир сапары Қоңыратлы ҳүрметли устаз, мектеп директоры, мийнет қаҳарманы Хожамберген аға Ийембергенов, қостары, қаҳарман ана Жаңыл жеңгемиздиң күтиминде республикалық екинши емлеўханада екенлигин еситип, кеўлин сораўға бардық. Барсақ, Хожамберген аға үлкен еки бөлмели люкс палатада, Тилеўберген аға менен отырған екен.
Еки жасы үлкен де орынларынан турып, басымызды көклерге жеткерип, қуўаныш пенен күтип алды. Балық суўға енгендей, сәўбетимиз қызып, бираз ўақыт өткенин де сезбей қалыппыз. Жаратқанның нәзери түскен бул еки уллы инсан менен пикирлес болғанымызға Алла Таалаға мың қәтле рийзаман.
Тилеўберген аға:
̶ Хожамбергенжан, мың сиз ̶бизден, бир шыж ̶быж дегендей, мынаў аўқат қалыс нийетте әкелинген. Шәкиртиң менен бирге жесек, мүмкин, қәстеликлеримизге шыпа болып та кетер. Наўырыз, аўқатты қуй,- деди.
Соң:
̶ Гейбиреўлер, соның ишинде айырым басшы хызметкерлер «мынаў дастурханлы, қәдешил» деп, қол астындағы жағымпазлық етип жүрген еки жүзлилерди қоллайтуғынлығын онша жақтырмайман. Олар ҳаққында Наўайы ҳәзирет: «Қул болған адамға бир табақ асқа, қазанның күйеси жағылар басқа» деген ̶ғой ақыры! ̶деп сөзин жалғады.
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» менен аўқатты басладық. Кишкене, ебиндей ғана дастурхан әтирапында достана сәўбетимиз қызып кетти. Жайларың жәннетте, Фердаус бағы ишинде болғырлар, сол сапары әдеп ̶икрамлық, кишипейиллик, пәклик, әдиллик, дослық ҳаққында узақ пикирлесиўге шуңғыды. Менменлик, жалатайлық, жағымпазлық, парахорлық, екижүзлемешилик, ҳәмелпаразлық, даңқпаразлық, паңпаңлық, ысырапкершилик, аса кетиўшилик усаған жеркенишли иллетлерге жеккөриўшиликлерин де төгип салды.




Қарақалпақ елінің атақты ақыны Тілеуберген Жұмамұратовтың мына өлеңінің қазақ келіндеріне де бір пайдасы тиіп қалар. "Басқа бәле тілден" демекші, отбасындағы ынтымақты сақтауға үндеген өлеңді сіздер де оқи отырыңыздар. Қазақшаға тәржімалаған Дәурен Мақсұтханұлы (Dauryatm)

Шернияздың дуасы
(Халық аңызы)

Шопан жігіт бар екен
Көріп жүрген Шерекең.
Келіншегі тентектеу,
Қасарысқыш өр екен.

Айша менен Оразбай,
Ата дұшпан араздай.
Күнде қиқу үйінде,
Шоқысқан бір қораздай.

Көпке сыры білінді,
Гәпке, сөзге ілінді.
Қайта-қайта араша,
Қоңсылары бүлінді.

Айша қатты зорықты,
Ішіне дерт толыпты,
Мұңын айтып шағынып,
Шерниязға жолықты:

- Ерім мені ұрады,
Құлағымды бұрады,
Күнде жанжал, күнде дау,
Болады да тұрады.

Қарасам да айнаға,
Мені кем деп ойлама.
Түзегендей ерімді,
Бір дуа бер, қайнаға!-

Деп жалынды жас келін,
Өркөкірек мес келін.
Шерекең бірден сезді де,
Келіннің кекірейіп өскенін.

«Білмесем де дуаны,
Даудан шатақ туады.
Егер дуа бермесем,
Ерің сені қуады.

Болсаң да сен ерікті,
Мақтаныш етпе көрікті»-
Соны жазып үш бүктеп,
Дуа етіп беріпті.

- Айналайын келінім,
Ашуы келсе еріңнің
Қағазды бекем тістеп тұр,
Бүлк етпесін ерінің! -

Деп ақын оны сынапты,
Өткеріпті сынақты.
Содан бастап күйеуі,
Келіншегін ұрмай ұнатты.

Ашщы тілдік - келінде,
Гәп жоқ екен Ерінде.
Жанталаспапты еш себеп,
Бүлк етпеген ерінге.

Тату тұрмыс құрыпты,
Балдан тәтті тұрыпты.
Ақынның сол дуасы,
Дау-жанжалды құртыпты.

Бір сөзден қалсаң «әу!» деме,
Сәл нәрсені дәу деме.
Өз үйіңнің адамын,
Бітіспестей жау деме!
#ҚазақпенҚарақалпақ
#қазақтыңдүниетанымы
#dauryatm






Соның арасында, Төрткүлден Озбекстан Жоқарғы Кеңесине депутатлыққа усынылған, Орайлық Комитеттиң шөлкемлестириỹ бөлими баслығының орынбасары өткир Закиров сайлаỹ алды ушырасыỹға келетуғын болды. Ол кисини Төрткүлден күтип алып, ушырасыỹдан кейин Нөкиске алып қайтыỹ маған тапсырылды. Мен, болып атырған ỹақыяларды жол бойынша өткир Обидовичке айтып бердим ҳәм мәселени ашықтан-ашық додалап кетиỹин сорандым.
Солай етип, Закиров кешки самолеттың билетин қайта тапсырып, Нөкисте қонып қалды. Азанда екинши секретарьдың кабинетинде үлкен «телпек дирилдеспек» болды. Бул, биреỹлер ушын жағымсыз ỹақыя болғаны менен көпшилик лаỹазымдағы басшылар соңғылығында өзлериниң орнына ылайық депутатлыққа сайланды (олардың көбиси бул ỹақыяларды биледи).
Солай етип, Тилеỹберген шайырға округ излеỹ басланды. Нөкистиң бәри толып қалған. Қарасақ, Хожели қаласында бир округке сол жердеги мәкан кеңес ақсақалы өзин-өзи усыныỹ ушын ҳәрекет етип атыр екен. Дәрҳал Хожелиниң сол ỹақыттағы биринши басшысы Султамурат Қутлымуратов пенен байланыстық. Сол күни қалалық комитеттиң гезексиз пленумын шақырып, муғаллимлердиң кәсиплик аỹқамы атынан Тилеỹберген Жумамуратовты депутатлыққа кандидат етип усынды. Бул округтен өзлерин усынбақшы болып жүргенлер шайырды сыйлады ма, я өзлериниң жағдайын түсинди ме, қулласы кандидатураларын қайтып алды. Бул ỹақытта Тилеỹберген шайыр республикалық 1-санлы емлеỹханада төсек тартып жатыр еди.
Тилеỹберген аға сайлаỹшылар менен ушырасыỹға бара алмады. Оның исенимли ỹәкиллери жыйналған халық алдында елге етип атырған хызметин айтып берди. Халық оның сыртынан-ақ жапырыла даỹыс берип, халық шайырын бир аỹыздан өзлериниң депутаты етип сайлады.
Сайлаỹ 1990-жылдың март айында болып өтти. Ертеңине сайлаỹ округиниң баслығы бир-еки комиссия ағзаларын ертип, Тилеỹберген Жумамуратовтың Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланғаны ҳаққындағы ỹақытша гүỹалықты алып келди. Обкомның биринши секретары Сағындық Нийетуллаев екеỹимиз бул жигитлер менен бирге емлеỹханаға келип, Тилеỹберген ағаға гүỹалығын тапсырып, көз айдын айттық.
Шайыр қуỹанышын сыртқа шығармай, тап бурыннан өзи усындай болыỹы лазым ỹақыядай салдамлы қабыл етти. Күле шырай менен ҳәммемизге пәтия берди. Елдиң басшысына, туỹған халқына, Хожелиниң азаматларына миннетдар екенин айтты. Тилеỹберген ағаның жүзинен наỹқасының әдеỹир батқанлығы билинип турса да, кеỹили сергек еди.
Әттең, арадан үш күн өткеннен кейин түски ỹақытта суỹық хабар келди. Қарақалпақ халқының XX әсирде маңлайына питкен халықшыл, философ, нағыз суỹырып салмай шайырының әлемнен өткени пүткил халқының жүрегин ләрзеге салды...
Солай етип, шайырдың «халық депутаты» деген ҳүрметли атаққа қанаатланыỹы ҳәм оның өңирге тағып жүретуғын белгисин жарқыратып таға алмаған әрманы ишинде кетти.
(«Еркин Қарақалпақстан» газетасы, 29-апрель 2004-жыл, 52(17954-санынан алынды). Сууретте Шайырдын 90 жыллыгынан коринис. 2005-жыл.


Орынбасқан жеңгемиз қарақалпақтың кейỹаны аналарынан табылатуғын жақсы қәсийетлери көп, бийдай реңнен келген, жүзи периштели адам еди. Тилеỹберген ағаның қандай минези яки ҳәрекети болса да, бир қәлпин бузбай, төтепки берип отыра беретуғын еди. Ол киси өмириниң ақырына дейин Қуданың ҳақыйқый қулы, Мухаммедтиң үммети болып кетти.
Идиралды күйеỹ баласы Роллан 40 жастың ояқ-буяғында автоавариядан қайтыс болғаннан кейин ҳәр бир диний байрам яки мәресимлерде, оның туỹылған ҳәм қайтыс болған күнлерин Орынбасқан жеңгей көзиниң тирисинде бир мәртебе де қуран шықпасыз өткерген емес. Ҳәр сапары` «медресе, мешит көрген молланы шақырагөриң, биразы тәбәррикти шала оқыйды», деп отырғанларын еситкенбиз. Жайлары жәннетте болғыр бул кисилер, бүгин өмир сүрип атырған үтим-путағына удайы шарапаты тийерликтей, руỹҳлары кәмил инсанлар еди. Олар ҳаққында көп ғана жақсы сөзлерди айтыỹға ылайық өмир сүрип кетти. Бирақ, мен бул мақаламда Озбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеỹберген Жумамуратовтың өмириниң соңғы күнлеринде жүз берген, еки-үш адамнан басқалар билмейтуғын эпизодларды еслемекшимен.
1989-жылға келип, бизде де миллетлер арасында қатнасықлар ҳәм мәмлекетлик тил ҳаққында мәселе қозғала баслады. Сол жыллары Орайлық Комитети арнаỹлы идеологиялық комиссия дүзиỹге мәжбүр болып, усы мәселелерди жийи-жийи қарайтуғын болды. Ол ỹақытта мен обкомның идеология бойынша секретары едим. Жылдың дәслепки айларының биринде, мәмлекетлик тил ҳаққындағы мәселе обкомның киши залында талқыланып атырғанда, биринши басшымыз бирден`
‒ Тилеỹберген шайыр шақырылмады ма? – деп сорап қалды.
Мен ол кисиниң әллеқашан ҳүрметли демалысқа шығып кеткенин, бундай жыйналысларға көбинесе басшыларды шақырыỹ дәстүрге айланып қалғанын бәнелеп, жуỹып-шайдым.
‒ Шайырды алдырың!
Дәрҳал хызметкерлердиң биреỹин машина менен жиберип алдырдық. Мәжилистиң тәнепис ỹақтында Тилеỹберген аға менен ушырастық. Биринши басшымыз маған қарап`
‒Тилеỹберген шайыр Қарақалпақстан депутаты ма?- деди.
‒ Бул киси қалалық Советке де депутат болып көрмеген. өмириниң ишинде жай сорап, депутатлық ямаса ҳәмел сорап, кисиге бетин салған адам емес, - дедим мен.
‒Ҳамза сыйлығына неге усынбадыңыз? – деди.
Мениң секретарь болғаныма еле ярым жыл толмағанын биле тура сорап турғанын сезбегендей болып` «еле де кеш емес», деп қойдым. Сол жерде, шайырдың көзинше усы жумыслар мениң мойныма жүкленди.
Ўақыт зымырап өте берди. Соның арасында биринши басшымыз өзгерди. Көп узамай Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесине сайлаỹлар мапазы басланды. Ол жыллары аỹқам Жоқарғы Кеңесиниң сессиялары бир, бир ярым айлап даỹам ететуғын еди. Биринши басшымыз Сағындық Дәỹлетиярович Нийетуллаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының баслығы Т.А. Ешимбетова ҳәм басқа депутатлар менен Москвада, тек телефон арқалы сөйлесемиз. Сайлаỹ округлерине кандидатлар көрсетиỹ басланды.
Обкомның сол ỹақыттағы екинши секретары Зорин менен шөлкемлестириỹ бөлими баслығы Журбин екеỹи күнде бир-еки адамның атын көрсетип, округлерге тапсырма береди. Ол ỹақытлары компартия сайлаỹларды усылайынша тиккелей басқаратуғын еди. Бизлер обкомның еки секретары – Хожанияз аға Режепов екеỹимиз тек газета яки радиодан еситип билемиз. Күн өткен сайын округлер азайып баратыр. Депутат болыỹы лазым болған лаỹазымдағы бир қатар адамлардың да фамилиялары көринбей атыр. Хожанияз аға екеỹимиз ҳайранбыз, ойласықта жоқпыз. Сөйтип жүргенде, Москвадан Турсын Ешимбетова қоңыраỹ етип: «Сизлер қайда қарап отырсыз?» деп жекиринеди...
Бир күни азанғы мәжилисте мен шыдамсызлық етип мәселе көтердим. Бизлер басқарып турған тараỹ басшыларын депутатлыққа көрсетиỹ бойынша бизлер менен ойласылмай атырғанын айтып, Тилеỹберген аға ҳаққында да гәп қозғадым.
‒ Бурынғы басшымыз ол кисини депутатлыққа усыныỹды өзиниң көзинше маған тапсырып еди. Ҳәзир атақлы шайырымыз емлеỹханада жатыр. Кеỹлине келмей ме? Оның үстине, бул тапсырманы берген Кәкимбек Салықович болса, Москвада еле үлкен лаỹазымда, - дедим мен.


Шарап УСНАТДИНОВ.
Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналист
СОҢҒЫ ДИЙДАРЛАСЫЎ
Елимиздиң атақлы шайыр ҳәм жазыỹшыларының ишинде мениң ең жаслай танысып, көп жыл мерекелес болған адамым Тилеỹберген шайыр Жумамуратов еди. Оның тийкарғы себепшиси — Тилеỹберген ағаның ең үлкен күйеỹ баласы (марҳум) Роллан Нәжимович Дәỹқараев болды.
Мен, Нөкиске 1965-жылы жумысқа келгеннен кейин оның менен танысып, соңынан айрылмас дос болып кеттик. Қарақалпақ илиминиң баслаỹшыларының бири болған Нәжим Дәỹқараев ҳәм Балипа жеңгемизден жети ул, бир қыз қалған. Соның үшинши перзенти Роллан әкесиниң орнында, өзинен кейинги инилери менен қарындасы Палзадаға баспана болып, пединституттың питкериỹши курсында оқып атыр екен.
Сол заманда, ҳәзирги ỹақытта да, бир қатар жаслар қыз алып қашыỹды жигитликтиң бир көриниси деп биледи. Бизлер де, жаслыққа салсақ та, оның үстине атақлы шайыр қызын әке-шешеси жоқ адамға бермей жүре ме деген гүдик пенен оның үлкен қызын Ролланға алып қаштық. (Асия Тилеỹбергеновна Жумамуратова Нөкистеги педагогикалық училищени биринши шөлкемлестириỹши ҳәм оған узақ жыллар директорлық етти. Ҳәзир мектеп директоры). Әне, соннан баслап, Ролланның досты, гейде «жигит ағасы» сыпатында бул үлкен шаңарақ пенен қарым-қатнасымыз басланып кетти.
Асияның биринши ийилип түскен жери Нәжим Дәỹқараевтың туỹысқан иниси Уснат аға Дәỹқараевтың үйи болды. «Урлықты» хабарлаỹ ушын шайырдың үйине адамлар жиберилди. Қурдасымыз, бизлердиң алып қашатуғынымыздан бийхабар болса да, улыỹма жағдайды анасына қулақ-қағыс етип жүрген екен. Шайыр ағамыз қызының кеткенине қайысса да, изинен «тәпберди» жибермеди. Бирақ, ертеңине Ролланның ағайин-туỹғанларының арасында бир гәп тарқады. Тилеỹберген ағаның зайыбы Орынбасқан жеңгемиз қызы кеткен күнниң ертеңине азанғы саат 5 лерде Асияны телефонға шақыртып` «Балам, барған жериң қутлы болсын. Енди, «өзиң жаққан отқа өзиң ысына бер». Азанда ерте турып, анаỹ үлкен кемпирдиң «таҳарет суỹын» таярлап, адамлар қозғалып кетпестен бурын есигиңниң алдын сыпыр», деген қусайды. (Ол ỹақытта Нәжим Дәỹқараевтың анасы тири еди).
Ҳәдисте «Ең дәслеп анаңды, оннан кейин анаңды ҳәм оннан кейин де анаңды ҳүрметле» делингенин есапқа алып, мақаламыз тийкарынан Тилеỹберген шайыр ҳаққында болса да, усы Орынбасқан жеңгей ҳаққында азғана айтпақшыман.
Бабамыз Әл-Беруний адам бахытлы болыỹы ушын ең тийкарғы үш нәрсени айрықша көрсетип кеткен болса, соның екиншиси – ер жеткеннен кейин өзиңе ылайық жупты таỹып турмыс қурыỹ екен. Усы жағынан қарағанда Тилеỹберген ағаның Аллатаала инам еткен ҳақыйқый шайырлығынан кейинги бахты усы Орынбасқан жеңгей еди.
Шайырды, жазыỹшыны, актёрды, қулласы, нағыз талант ийелерин мәжилислерде, сахнада көрип, жазғанларын оқый бер. Белгили қурылысшы Жумамурат Әбдимуратов бир шайыр менен бир-еки рет отырысқаннан кейин: «Пай аға, шығармаңды оқып, өзиң менен таныспай жүре бериỹим керек екен ғой», дегенин еситип едим. Сол айтқандай, талантлы адамлар менен күнделикли бирге жасаỹ аңсат емес.
Тилеỹберген ағаның басқалардан парқы, оның қосықларын оқып отырып, ҳадал сөзли, ақ көкирек, халқын ҳәм оның ҳәр бир адамын ҳүрметлеỹге таяр, хош минезли, дилỹар ҳәм сатирасы пәкидей адам көз алдыңа елеслесе, өзи де турмыста тап сондай, сөзи менен иси бир еди. Қолы ашық, миймандос адам еди. Шәкиртлериниң бир қатары жол бойынша ишкени азлық етип, «кишеме сәлемге киятырмыз» деп кирип келгениниң артында не бар екенин сезсе де, билмегендей болып, олардың да басына «қатық қуйып» жиберетуғын кеңлиги бар еди.
Жеңгемиз де, перзентлери де әкесиниң күтилмеген ỹақта бир топар қонақты ертип келип қалатуғынына көнлигип кеткен. өзим талай мәртебе, атақлы бақсы Генжебай Тилеỹмуратовтың азанда келип таң атқанша гә саз, гә сәỹбет пенен, ал академик художник Жолдасбек Қуттымуратовтың қонып қалып, азанға дейин шахмат ойнап қалғанларын көргенмен.
Еркек адам қонақшыл болыỹ ушын оның ҳаялы жөнли болыỹы керек. Ҳаялдың жақсы-жаманын анықлаỹшы көп факторлар бар. Соның биреỹи – ҳаял ийман жүзли, адамгершиликли болса, еркек адамның туỹысқанлары үйирсек болады.




Аббаз Дабыловтың «Баҳадыр» дәстанының Бердақ атындағы сыйлыққа усынылыўы бойынша Тилеўберген Жумамуратовтың айтқаны:
Поэзиямыздың маржаны
Жақында әдебият тарауы бойынша республикалық сыйлыққа усынылған шығармалар жәрияланды. Усы шығармалдардың бәри де қарақалпақ әдебиятындағы ең жақсыларының қатарына киреди.
Мен солардың ишинде тек бир шығарманы ғана мысалға алмақшыман. Ол да болса, Өзбекстан ССРының халық жыршысы ҳәм Қарақалпақстан АССРының халық шайыры Аббаз Дабыловтың «Баҳадыр» дәстаны.
Гейпара жолдаслар, бул дәстанда көп сөзлилик те бар, деген пикирлерди айтады. Мен ол пикирге де қосыламан. Бирақ, ол дәстан ─ қарақалпақ әдебиятындағы ағып турған дәрья. Сол дәрьяның ишиндеги маржанларды терип алғанның өзинде, әдебиятымызға үлкен ғәзийне болып қосылады. Сонлықтан, бул шығарманың сыйлыққа усынылыўы наятый орынлы болған.
Тилеўберген Жумамуратов.
29-ноябрь 1967-жыл.






Қарақалпақ жасларының гештеклери хаққында Тилеуберген шайырдың айтқаны:

Билесиз ғой, қарақалпақ дəстүрин,
Қыз-жигитлер жыйналысар кешқурын.
Бəйит, жуўап, ойын-күлки, бəз-байрам,
Пəренжисин көрген емес ескиниң.

Адам улын өзинен жат санамас,
Қул да болса отырады аралас,
Мейли төре, мейли жарлы, мейли бай,
Ҳеш бириниң дəрежесин сорамас.

Алды менен қəдирлейди ағаны,
Мейли, оның жыртық болсын шапаны,
Жасы киши отырады сүўреттей,
Рухсатсыз қыймылдамай табаны.

Қонақ келсе есапланар уллырақ,
Мейли төре, мейли болсын қул, бирақ,
Иззет пенен орын берер төринен,
Хызметинде пəйик болар қулдырап.

Қыз-жигитлер отырыпты сап тартып,
Жеңгелери жигитлерге шəрт айтып,
Жилўа менен пинҳамы сөз қозғайды,
Ишки сырын ҳəзил менен ақтарып.

Сөз  таппаса, қозғастырып қыйнайды,
Ҳəлин билсе, масқараға қыймайды.
«Шырп» еттирип айтып қойыў бийўаж гəп,
Отырыспаның қəдесине сыймайды.

Жигитлери ғаздай қатар дизилип,
Қызлар отыр қаршығадай сызылып,
Түргеп келип кесе берсе арыўлар,
Мийман кеўили көтерилер қызығып.

Ишип қонақ көтермекте кесесин,
Күлим қағып, еплеп басып өкшесин,
Гөззал алып кейин қарап жылыслап,
Тик қадалып келтирмекте нəшесин.

Сөз айтылмас берилгенше гезеги,
(Гей жасларды дүзейтуғын тез еди).
Қуўқыл сөзли, өр минезли тентекти,
Дəлкек күлки балғасында езеди.

Адамшылық ушын кетти жарыспақ,
Үлкен айып-ерегиспек, тарыспақ,
Отырыспа ҳəр биреўдиң минезин,
Өлшеп қояр бармақ пенен қарыслап.
----------
Тилеуберген Жумамуратов. "Отырыспа" деп аталған Аббаз шайырға арналған поэмадан үзинди.



Показано 20 последних публикаций.