Қарақалпақтың бағыў ̶бақшаларын, таў ̶тасларын, Үстирт, Қызылқумын, дәрья ̶көллерин, Арал теңизиниң әжайып тәбиятын сүйсинип аралаған Тилеўберген шайыр жаратылыстың үлкен жанкүйери ҳәм тәбиятты, эволюциялық жаратылысты жақсы түсинетуғын, сүйетуғын еди. Оның:
̶ «Наўырыз, сен Қарақалпақстанның Швецариясы Хожанкөл екенин билесең бе? 1960 ̶жыллардан бурын Әмиўдәрьяның суўы муқаддес зәм ̶зәм суўына қаймақ қосқандай мазалы ҳәм таза еди» ̶ деп қайысқанларын талай еситтик.
Ол Алла Таала жаратқан эволюциялық жол менен өнип ̶өсип, өзгерип атырған ҳәмме жанлы ̶жансыз нәрселерге зыянын тийгизбеў ҳәрекетинде еди. Бир мәрте шай ишип отырсақ, кәмпийт ширесине жабысып өлген қумырсқаларға қыйланғанын көзим көрди.
Жүдә кишипейил, әлпайым, әдил, өзгелердиң азғана жақсылығын умытпайтуғын, өзи ислеген қалыс жақсылықларын умытып кететуғын, еткен жақсылықларын өзлерине билдирмей ислейтуғын, жақсыларға ғамхор, жаманларды сатира ̶юмор найзасы менен түйреп тәрбия беретуғын, принципиал, миллетиң қәдир ̶қымбатын қәстерлейтуғын, ҳақыйқый гуманист, айрықша талантлы инсан еди.
Жаратқан ийем сүйген бендесине көп сынаўлар береди дейди, бул инсанның өмири де аңсат кешпеди.
Жетимлик зардабын татты. Анасының үзликсиз перзент дағынан күйинип, баўыры тилингенин көрип өскен Тилеўбергенниң де қәлби, жүреги ғәлбирдей илбирейди. Оның бержағында, және тәғдир сынағы, Соркөлдеги үлкен тойда Ақдәрья елатынан шыққан өспирим Тилеўберген ̶шабарман жығылып, аяқ сүйеклери сынған. Узақ ўақытлар даўамында шебер сынықшы тәўиплерге емленип, бир аяғын сылтып басатуғын инвалид болып, денсаўлық кемислигиниң зардабын өмиринше шекти. Қуўанышы ҳәм шадлығын теңдей бөлискен сүйикли қостары, перзентлериниң меҳрийбан анасы Орынбасқан жеңгейден айрылып, ҳақыйқый жетим-жесирликти бастан кеширди, тәғдирдиң сынақларынан руўҳый қыйланды.
..Ашшы менен душшыларды татқанман,
Қуўантпайды тәғдир қайта жасартып.
Сени жойтып, қайғы-ҳәсирет тартқаннан,
Тыныш жатсам, уйқыдағы түс артық, - деп жазған.
Өмириниң жетпис бес бәҳәрине өтер шағында, усы жасларда жеккесийрек ушырасатуғын «қанның рак кеселлиги» деп аталатуғын, еми елеге шекем медицинаға белгисиз лейкоз бенен наȳқасланды. Сонда да мөмин - мусылман, Алла Таалаға шүкирлигинен жаңылмады.
Бизиң эрамызға шекемги 460-270 ̶жыллар шамасында жасап өткен грек врачы, антик медицинаның реформаторы болған Гиппократтың антына садықлық соны талап етеди, биз, клиникалық медицинаға тийкар болған, организмниң бир пүтинлигин естен шығармаймыз. Тек кеселликти емес, наўқасты емлеў кереклиги туўралы дәстүрлер – бизди, анамнез, этиология, прогноз киби мәселелерди айқынластырып алыўға бағдарлайды.
Тилеўберген аға қуяш ваннасын көп алған екен, биз шыпакерлер қуяштың радиация нурлары артқымашлық етти ме, деп гүманландық. Соң, оның бир ўақытлары делегация менен «Бойқоңыр» космос полигонында болғанлығын, батырлық ҳәм дөретиўшилик қызығыўшылық себебинен, «қадаған етилген зона»ға да кирип кеткенлигин билгенимизден кейин, наўқас сол сапардың қалдырған белгиси емес пе екен, деп қатты ашындық.
1990 - жыл қыс бәҳәрге уласты, «шайыр бийтап!» деген ой ҳәммени қыйнар, шықпас жаннан үмит етип, қалыс исеним ̶ықласын тынбай билдирип, кеселханамызға қатнаған халықтың изи үзилмес еди.
Мүмкин, тарийхта бундай ўақыя, жекке ̶сийрек гезлесер, Республика басшылығының инициативасы менен уллы шайырдың аўыр кеселине мәлҳам болар, жигерлендирип, келешек хызметлерине талпындырар деген үмит пенен Тилеўберген аға Қарақалпақстан Жоқарғы кеңесине депутатлыққа усынылды ҳәм халықтың қызғын қуўатлаўы менен бир аўыздан сайланды.
Алла Тааландан басқаға сыйынып көрмеген, жаратылыстың ҳәм адамның қәдирин билген, таланты арқалы еки Республиканың халық шайыры болған бул инсанға ел азаматлары шексиз ҳүрметин билдирип, сол дәўирдеги Республикамыздың басшысы Сағындық Нийетуллаев ҳәмде идеология бойынша хаткери, Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист Шарап Уснатдийнов, академик - художник Жоллыбай Изентаевлар емлеўханаға, Тилеўберген Жумамуратовқа депутатлық мандатын тапсырыўға келди.