Аббаз Дабыловтың «Баҳадыр» дәстанының Бердақ атындағы сыйлыққа усынылыўы бойынша Тилеўберген Жумамуратовтың айтқаны:
Поэзиямыздың маржаны
Жақында әдебият тарауы бойынша республикалық сыйлыққа усынылған шығармалар жәрияланды. Усы шығармалдардың бәри де қарақалпақ әдебиятындағы ең жақсыларының қатарына киреди.
Мен солардың ишинде тек бир шығарманы ғана мысалға алмақшыман. Ол да болса, Өзбекстан ССРының халық жыршысы ҳәм Қарақалпақстан АССРының халық шайыры Аббаз Дабыловтың «Баҳадыр» дәстаны.
Гейпара жолдаслар, бул дәстанда көп сөзлилик те бар, деген пикирлерди айтады. Мен ол пикирге де қосыламан. Бирақ, ол дәстан ─ қарақалпақ әдебиятындағы ағып турған дәрья. Сол дәрьяның ишиндеги маржанларды терип алғанның өзинде, әдебиятымызға үлкен ғәзийне болып қосылады. Сонлықтан, бул шығарманың сыйлыққа усынылыўы наятый орынлы болған.
Тилеўберген Жумамуратов.
29-ноябрь 1967-жыл.