Наўрызбай ЕШНИЯЗОВ ̶ Қарақалпақстанға мийнети сиңген шыпакер, медицина илимлери кандиданты
ТАЛАНТҚА ТӘЖИМ. (Тилеȳберген шайыр өмириниң соңгы күнлеринен).
Әййемги, ат-исимлери бизге белгисиз бақсы-жыраў, қыссаханлардан баслап, Жийен жыраў, Күнхожа, Бердақ, Әжинияз, Өтеш, Омар, Сарыбай, Гүлмурат ҳәм басқалар Ислам идеологиясына тийкарланған мәденият ўәкиллери еди. Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Тилеўберген Жумамуратов, Ибрайым Юсуповлар да қарақалпақ әдебиятында дүнья мəденияты дүрданаларының даўамшылары десек, асыра айтыў болмас.
Тилеўберген Қуппатулла улының ̶ Омар Ҳайямның рубайыларын қарақалпақшаға арқайын аўдармалаўында үлкен мәни жатыр.
«Шайырлықты инәм етти,
Иләҳий илҳәмым мениң» - деген қатарлар, бул туȳма таланттың үлкен имканиятларынан дерек берип тур. Қарақалпақстан тарийхындағы дәслепки қосық пенен жазылған романы ̶ «Мәкарья сулыў» дөретпесиндеги пикирлер, ойлар, тәрийплер шайырдың Шығыс ҳәм Батыстың руўҳый мүлкинен үйренгенлигин, бул дүрданаларды бири ̶бири менен байланыста деп билгенлигин көрсетеди.
Инсан ерки ҳәм сөз еркинлиги бағыныңқы жәмийетте жасаған Тилеўберген Қуппатулла улының дөретиўшилик мүмкиншиликлери, сырттан қараған адамға, ғамхорлық арқалы толып ̶тасып атырғандай көрингени менен, арқанланып, тардан тусаўланған болғанлығы ап ̶айқын. Оның ядтан айтқан суўырып салмай, төкпели қосықларының бир талайы қағаз жүзине түспегени өкинишли. Бирақ, олардың биразы перзентлери менен көплеген «Тилеўбергеннама»шы жанкүйерлердиң көкирегинде, зибанында мөрленип, сақланған. Жыйнап алыў мүмкиншилиги ҳәзирге шекем бар.
Анықлап қаралса, бул адамның, қуўдалаўлардан, күнлеўшилердиң гөзлеген «оқлар»ынан, «плагиатшылық» киби иллетлерден ләрземленген жүрегинде, Зигмунд Фрейдтиң руўҳый анализи теориясы бойынша айтсақ, яд ғәзийнесинде, ой астында, санасының қатламларында айтылмай, жазылмай қалған талай-талай дөретпелери өзи менен кетип қалғаны өкинишли ҳәм орны толмас жоғалтыў! Оның Алланың нуры шашылып турғандай күлимсиреген портретин еслегенимде, Шығыс данышпанлары Әл Бухарий, Ат Термезий, Саадий, Хафыз Шерозий, Ибн Сина, Нәжимиддин Кубро, Затахшарий, Нақшбанд, Хожа Ахмад Яссаўий, Сулайман Бақырғаний киби уламалар ядыма келеди. Олардың руўҳлары шайырдың тулғасына ендирилген шығар деп ойлайман.
Бир сапары Қоңыратлы ҳүрметли устаз, мектеп директоры, мийнет қаҳарманы Хожамберген аға Ийембергенов, қостары, қаҳарман ана Жаңыл жеңгемиздиң күтиминде республикалық екинши емлеўханада екенлигин еситип, кеўлин сораўға бардық. Барсақ, Хожамберген аға үлкен еки бөлмели люкс палатада, Тилеўберген аға менен отырған екен.
Еки жасы үлкен де орынларынан турып, басымызды көклерге жеткерип, қуўаныш пенен күтип алды. Балық суўға енгендей, сәўбетимиз қызып, бираз ўақыт өткенин де сезбей қалыппыз. Жаратқанның нәзери түскен бул еки уллы инсан менен пикирлес болғанымызға Алла Таалаға мың қәтле рийзаман.
Тилеўберген аға:
̶ Хожамбергенжан, мың сиз ̶бизден, бир шыж ̶быж дегендей, мынаў аўқат қалыс нийетте әкелинген. Шәкиртиң менен бирге жесек, мүмкин, қәстеликлеримизге шыпа болып та кетер. Наўырыз, аўқатты қуй,- деди.
Соң:
̶ Гейбиреўлер, соның ишинде айырым басшы хызметкерлер «мынаў дастурханлы, қәдешил» деп, қол астындағы жағымпазлық етип жүрген еки жүзлилерди қоллайтуғынлығын онша жақтырмайман. Олар ҳаққында Наўайы ҳәзирет: «Қул болған адамға бир табақ асқа, қазанның күйеси жағылар басқа» деген ̶ғой ақыры! ̶деп сөзин жалғады.
«Бисмиллаҳир роҳманир роҳийм» менен аўқатты басладық. Кишкене, ебиндей ғана дастурхан әтирапында достана сәўбетимиз қызып кетти. Жайларың жәннетте, Фердаус бағы ишинде болғырлар, сол сапары әдеп ̶икрамлық, кишипейиллик, пәклик, әдиллик, дослық ҳаққында узақ пикирлесиўге шуңғыды. Менменлик, жалатайлық, жағымпазлық, парахорлық, екижүзлемешилик, ҳәмелпаразлық, даңқпаразлық, паңпаңлық, ысырапкершилик, аса кетиўшилик усаған жеркенишли иллетлерге жеккөриўшиликлерин де төгип салды.