Орынбасқан жеңгемиз қарақалпақтың кейỹаны аналарынан табылатуғын жақсы қәсийетлери көп, бийдай реңнен келген, жүзи периштели адам еди. Тилеỹберген ағаның қандай минези яки ҳәрекети болса да, бир қәлпин бузбай, төтепки берип отыра беретуғын еди. Ол киси өмириниң ақырына дейин Қуданың ҳақыйқый қулы, Мухаммедтиң үммети болып кетти.
Идиралды күйеỹ баласы Роллан 40 жастың ояқ-буяғында автоавариядан қайтыс болғаннан кейин ҳәр бир диний байрам яки мәресимлерде, оның туỹылған ҳәм қайтыс болған күнлерин Орынбасқан жеңгей көзиниң тирисинде бир мәртебе де қуран шықпасыз өткерген емес. Ҳәр сапары` «медресе, мешит көрген молланы шақырагөриң, биразы тәбәррикти шала оқыйды», деп отырғанларын еситкенбиз. Жайлары жәннетте болғыр бул кисилер, бүгин өмир сүрип атырған үтим-путағына удайы шарапаты тийерликтей, руỹҳлары кәмил инсанлар еди. Олар ҳаққында көп ғана жақсы сөзлерди айтыỹға ылайық өмир сүрип кетти. Бирақ, мен бул мақаламда Озбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Тилеỹберген Жумамуратовтың өмириниң соңғы күнлеринде жүз берген, еки-үш адамнан басқалар билмейтуғын эпизодларды еслемекшимен.
1989-жылға келип, бизде де миллетлер арасында қатнасықлар ҳәм мәмлекетлик тил ҳаққында мәселе қозғала баслады. Сол жыллары Орайлық Комитети арнаỹлы идеологиялық комиссия дүзиỹге мәжбүр болып, усы мәселелерди жийи-жийи қарайтуғын болды. Ол ỹақытта мен обкомның идеология бойынша секретары едим. Жылдың дәслепки айларының биринде, мәмлекетлик тил ҳаққындағы мәселе обкомның киши залында талқыланып атырғанда, биринши басшымыз бирден`
‒ Тилеỹберген шайыр шақырылмады ма? – деп сорап қалды.
Мен ол кисиниң әллеқашан ҳүрметли демалысқа шығып кеткенин, бундай жыйналысларға көбинесе басшыларды шақырыỹ дәстүрге айланып қалғанын бәнелеп, жуỹып-шайдым.
‒ Шайырды алдырың!
Дәрҳал хызметкерлердиң биреỹин машина менен жиберип алдырдық. Мәжилистиң тәнепис ỹақтында Тилеỹберген аға менен ушырастық. Биринши басшымыз маған қарап`
‒Тилеỹберген шайыр Қарақалпақстан депутаты ма?- деди.
‒ Бул киси қалалық Советке де депутат болып көрмеген. өмириниң ишинде жай сорап, депутатлық ямаса ҳәмел сорап, кисиге бетин салған адам емес, - дедим мен.
‒Ҳамза сыйлығына неге усынбадыңыз? – деди.
Мениң секретарь болғаныма еле ярым жыл толмағанын биле тура сорап турғанын сезбегендей болып` «еле де кеш емес», деп қойдым. Сол жерде, шайырдың көзинше усы жумыслар мениң мойныма жүкленди.
Ўақыт зымырап өте берди. Соның арасында биринши басшымыз өзгерди. Көп узамай Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесине сайлаỹлар мапазы басланды. Ол жыллары аỹқам Жоқарғы Кеңесиниң сессиялары бир, бир ярым айлап даỹам ететуғын еди. Биринши басшымыз Сағындық Дәỹлетиярович Нийетуллаев Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының баслығы Т.А. Ешимбетова ҳәм басқа депутатлар менен Москвада, тек телефон арқалы сөйлесемиз. Сайлаỹ округлерине кандидатлар көрсетиỹ басланды.
Обкомның сол ỹақыттағы екинши секретары Зорин менен шөлкемлестириỹ бөлими баслығы Журбин екеỹи күнде бир-еки адамның атын көрсетип, округлерге тапсырма береди. Ол ỹақытлары компартия сайлаỹларды усылайынша тиккелей басқаратуғын еди. Бизлер обкомның еки секретары – Хожанияз аға Режепов екеỹимиз тек газета яки радиодан еситип билемиз. Күн өткен сайын округлер азайып баратыр. Депутат болыỹы лазым болған лаỹазымдағы бир қатар адамлардың да фамилиялары көринбей атыр. Хожанияз аға екеỹимиз ҳайранбыз, ойласықта жоқпыз. Сөйтип жүргенде, Москвадан Турсын Ешимбетова қоңыраỹ етип: «Сизлер қайда қарап отырсыз?» деп жекиринеди...
Бир күни азанғы мәжилисте мен шыдамсызлық етип мәселе көтердим. Бизлер басқарып турған тараỹ басшыларын депутатлыққа көрсетиỹ бойынша бизлер менен ойласылмай атырғанын айтып, Тилеỹберген аға ҳаққында да гәп қозғадым.
‒ Бурынғы басшымыз ол кисини депутатлыққа усыныỹды өзиниң көзинше маған тапсырып еди. Ҳәзир атақлы шайырымыз емлеỹханада жатыр. Кеỹлине келмей ме? Оның үстине, бул тапсырманы берген Кәкимбек Салықович болса, Москвада еле үлкен лаỹазымда, - дедим мен.