ҲАЯЛҒА ҲҮРМЕТҚыз өссе елдиң көрки санағанбыз,
Олар ушын талай қосық қурағанбыз,
Бәримиз де Адам ата қостары –
Теберик Ҳаўа енеден тарағанбыз.
Қыз әўладын кызғыштай қорып өстик,
Қарындастың бурымын өрип өстик,
Есимде жоқ, ессизлерше қай заман,
Еркек боп ҳаялларды урып өстик?
Базда болғанды бираз урыс-қағыс,
Жарасық жақсы, не керек жақ жарыс,
Муштың зардабынан көгерген көзди,
Қуралай көз деп қалай айталамыз?!
Айдай жүз болар ма көз жасы жуўса,
Не керек бас байлық перзентлер туўса,
Мәзи еркек атын көтерип жүрсең,
Сен үйде жатып, қатының пул таўса.
Ҳаяллар өмирдиң мазмуны, сәни,
Ҳаял болған бабалардың ураны
*Автобуста жүкли ҳаял тик турса,
Онда бар еркектиң қурығаны.
Шашы узын, ақылы келте десип,
Еркеклер өсек айтар үймелесип,
Ҳаялға қол жумсар қорқақ илажсыз,
Билмеген соң еркек болып төбелесип.
Қыздың жолы қылдан нәзик, аңласақ,
Қандай азаматпыз қызды хорласақ,
Төртиншиде әкемизди қуўантып,
Үш шақырса анамызға бармасақ.
Билим алсын, контракт па, төлейик,
«Папа, көйлек» десе алып берейик,
Бийкешин жаманласа қоса сөгип,
«Қарындасшыл» аға болмай өлейик!
Шабазым деп күтер жумыстан келсең,
Нең кетти, концертке билет әперсең,
Аўылдан қартайған анаңды алып,
Бир шалқытып, кеўиллерин көтерсең.
Үйге қамай бермей сен жолдасыңды,
Қыдыртып тур хотлап базда машынды,
Буўылған гүл берсең, бере ғой бирақ,
Көрсетпе түйилген тастай мушыңды.
Түсиндирме:
* «Ҳаял уран болған екен». Бердақ. «Шежире».А. Дарменов,
25.09.2024.
@Allayar_Darmenov