Аллаяр Дарменов


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: not specified


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Қарақалпақ, қаңлы.
Байланыс: @AllayarDarmen
Топар: t.me/AllayarDarmenov
Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
not specified
Statistics
Posts filter


Жас жазыўшыға мәсләҳәт

Қәўипли
Даралар менен дана болмақ,
Даналар менен дараласыў да,
Болмайды гөне тарийхты геўлеўге,
ҳәм сиясатқа араласыўға.

Қәўипли
Көп оқыўға батысты,
Гёте, Пушкин, Шекспирден аўлақ тут жолыңды,
Шығысып кетесең шығыстан
айрыласаң өзлигиңнен,
Миллийлигиңди минлет ете бер!

Қәўипке қойма
Қара басыңды
Айдосты ақ де, қара де,
Қунын сорап Бегис пенен Мыржықтың,
билгениңше роман жаза бер.
Дәлиллеме тек.

Алға кетпе,
Көз тийеди,
көз тиймесе сөз тийеди,
Изде де қалма,
ортада жүр де басыңды буқ,
Буқ,
Буқ,
Әдебият буққышларды сүйеди!

Қәлемиңниң мың жазғанын,
Миллион рет өширесең,
әртис атақ алса,
вайнерге медаль берсе,
масқарапазлар үлги тутылса елде,
Кишипейиллик керек бизге деп,
Бәрин кеширесең.

Журт оқымаса сени,
Қабақ үйиўге болмайды,
Өзиңди терге,
сотла ҳүжданды,
Тас атпа оқырман елге.
Және
сүйсең де адамды,
Туўған Ўатанды,
Қатты сүйиўге болмайды.

Ақылды ал, алма, өзиң бил.

04.07.2023.

@Allayar_Darmenov


ҚАРАБАЙЛЫ

(Қарабайлының шежирегөй ғаррысы, бүгинлиги марҳум Қутыбай ағаның айтып берген аңызы бойынша жазылған жыр)

Бир елат бар Шоманайға кирерде,
(Қонақ болып көп түнедим ол жерде).
Ҳасыл аты көп болмаған бул елдиң,
Оған Қарабайлы деп ат берерде.

Бурын аўыр қазыў болған деседи,
Журт дәскесин алып жолға түседи,
Сонда атланады бир жас жигит те,
Өзи үйленгени тап кеше еди.

Хош айтысып кеше қосылғанына,
Түседи суўсыз жаптың ултанына,
Атқанда ҳәр топырақ төбеге қарай,
Бир текше жақынлатқандай жанына.

Күнлер аяз еди бәҳәрге салым,
Жигит еңбек етти аямай жанын,
Өзи де билмей қалды сөйтип жүрип,
Қазыў пайты ол жаны қыйылғанын.

Жигитти жерледи халық жәмлесип,
Үйилди далада қумнан төбешик,
Зар еңиреп сонда жас келиншеги,
Сырыққа байлапты шаршысын шешип.

Қәбир басындағы сырық таяққа,
Журтлар тоқтап өткен барса қаяққа,
«Қара шаршы байлаўлы», «қара байлаўлы»-
Деп айланыпты бул бир ҳикаятқа…

Адамлары ақ көкирек бул жердиң,
Ҳә дегеннен баўыр басып үлгердим,
Қара, еле, Қарабайлы, күн келип,
Айланасаң дәстанына тиллердиң.

Бараман саған еле көп айланып,
Болдың ақыр жүрегимнен жай алып,
Айтып әрманлы ашықлар қыссасын,
Турғандай төбеде қара байланып…

А. Дарменов,
26-декабрь, 2019-жыл.

Канал: @Allayar_Darmenov


АТАМ УБАЙДУЛЛА БАҲАЎАТДИН УЛЫ — ХАНМАҚСЫМНЫҢ РУЎХЫЙ НӘСИЯТЛАРЫ

О, Қаңлының хан туқымы,
Қаныңда ағар қанларым,
Жүриўши болма жупыны,
Жалынсаң, Қудайға жалбарын.
Алды менен адам бол,
Адамшылық ҳадал бол,
Кеўил толы кир менен,
Буйырмайды төрлеген.
Елиңди сүй ярдан артық,
Байлығың жоқ ардан артық,
Хошаметтен ҳаўаланба,
Атақ бер деп шабаланба,
Шаңында қалма шабанның,
Ур қамшысын бабаңның,
Серлемесең оқпан көп,
Жүйриклерге қақпан көп,
Ядыңда тут мудамы,
Жигиттиң жаны – Ўатаны!
Айғырлыққа талас та,
Шайырлыққа таласпа.
Талай сүргин, даўылдан,
Мийрас Абыл, Қабылдан,
Болса да талай шоққысы,
Болатуғын бир Шоңқысы,
Қаҳарманы көп елденсең
Сатарманы көп елденсең.
Соның бәрин бил, балам,
Ата ақылы көл, балам.
Хан теклисең умытпа,
Ханлардай дәўран сүр, балам.

А. Дарменов,
08.02.2023.


Сүўретте художник Барлықбай Айтмуратов тәрепинен исленген «Ханмақсым» картинасы

@Allayar_Darmenov

1.2k 0 14 11 37

ЖЫР ДӘРЬЯ

Жыр булақ, жыр булақжан-аў, жыр булақ,
Мениң жыршыл жүрегиме түр қулақ,
Асығаман суўсыныңа қаныўға,
Сарқырамадай шыңдағы қулдырап.

Жыр көли, айланаман о жыр көлин,
Айдынында сезим жатыр, жүр көриң,
Мен балықшы, салдым илҳам қармағын,
Бос қайтыўы балықшыға – бул өлим!

Жыр дәрья, туўлаған толқын жыр дәрья,
Жағыслары әрман толы нур дәрья,
Түсип кеттим ийримине музаның,
Жәрдемге шығарып алар ким бар я.

Даўыл тербеп шайпатылар жыр теңиз,
Теңиз бенен некелестик бирге биз.
Асаў толқын ақ бесикти шайқайды,
Пал уйқыда жатыр Лира бөпемиз.

Жыр океан, туңғыйық жыр океан,
Тереңиңе шуңғыйық, жүр, океан,
Акулалар ирикпең мени, өтиниш,
Йош маржанға толып шықсын тақыям.

Қосығым қәдирлим, сулыўым өзиң,
Жазда сая, кыста жылыўым өзиң,
Әсирлерден соң да даўам етерсең,
Жүрегимниң соғып турыўын өзиң.

Аллаяр Дарменов,
Наманган — Нөкис – Халқабад,
ноябрь, декабрь, 2024.


@Allayar_Darmenov


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Архив

Жыртық кемеде

(Талантлы жас режиссёр Султанбек Қәллибековтың оқыўында)

Менде не айып
Сенде не айып
Жыртық болса кемемиз?!
Екеўимизге де теңдей
Қам сүт берген енемиз.
Жемтик етпегей бизди жайын,
Сырқа берме көздиң майын,
Ескек ес, мен жыртықты жамап,
Жылан болып буратылайын.
Қыйналма суўды төгиўге,
Ҳақымыз жоқ шөгиўге,
Өшсе де қаралай өкпемиз,
Гөр болмайды бизге көк теңиз!
Бир мийирман Алла, еки мәрт еркек,
Жылаў қатын иси, желқомды тарт тек,
Қайда жазылған кемеси жыртықлар,
Теңизге мантығып өлиўи шәрт деп!?...

А.Дарменов
29-30-март, 2021-жыл.

Канал:
@Allayar_Darmenov


КЕЛЕШЕККЕ АТЛАНЫС

Атланыс жасадым саған келешек,
Өртедим өтмиштиң өксик дәптерин.
Кеш аңладым, ўақыт емес әўесек,
Бастан оқыйжақпан өмир мектебин.

Шаң басқан китаптай кеўлим қулазып,
Бойымда гүйзелис, гүзги арасат.
Тойдым түңилиўден, жигер – жол азық,
Кешигемен атланбасам мына сәт.

Жулдыз тур төбемде, сабайжақ бирден,
Батсам уйығына уйқы көлиниң.
Тирилик — ҳаслы адамға бас орден,
Ериншеклик егиз сөзи өлиниң.

Қумсаў мениң тойдырмады қарнымды,
Қатты аўыр өз-өзиме атланыс.
Тас байлап батырдым суўға бар муңды,
Ҳә келешек, мениң менен кел, таныс.


Атым Алла Яр.


Сүўретте: заманымыздың теберик тулғалары.

@Allayar_Darmenov


АНА ТИЛИ ТОЛҒАНЫСЛАРЫ
(дүрким)
1

ҚАРАҚАЛПАҚША

Жақында сырт елде болған бир конференцияда «қарақалпақ тили жоғалып баратырған тиллерден» деген мәселе қозғалыпты. Буған шыдамай миллетимиздиң қайсыдур бир мәрт перзенти сөзге шығып, сол пикирлерди анық дәлиллер менен бийкарлапты. Әттең, сол азамат инсанның кимлигин сирә биле алмадым.

Иңгәлап жыладым бесикте жатып,
Анам ҳәййиў айтты сонда жубатып,
Сөйлемейди анам тилин шубартып,
Тыңлатқан ҳәййиўи – қарақалпақша.

«Түлкишек»тен тилим шықты былдырлап,
Қашарман ойнадық, шаўып патырлап,
Қолға түскен ўақта биз қаўынлар урлап,
«Қайталанбас, енди…» дедик – қарақалпақша.

Алыслассақ усы тилде шарлаймыз,
Қарғасақ та усы тилде қарғаймыз,
Дүнья билиң, биз бармыз – жоғалмаймыз,
Жоқлаймыз сизлерди – қарақалпақша.

Бул тилдиң сөйлейтуғын өз халқы бар,
Түркитекли – тас басарлық даңқы бар,
«Тилиң өли» деўге кимниң ҳақы бар,
Журтқа сәл өкпем бар – қарақалпақша.

Турмаса да журттан зыят жарқырап,
«Жоқ болажақ» дегени емес – бул бирақ,
Күн келгенде үстиме таслап топырақ,
Халқым жылар, жоқлап –қарақалпақша...

2
ТИЛ КАРДИОГРАММАСЫ


2018-жыл Қазан университетинде болып өткен халықаралық семинарға пединституттан үш қыз қатнасты. Олардың қарақалпақ екенин естикен бир украин қызы ҳайран болып оларға былай деген екен: «Бизлер қарақалпақ тилин сабақлықларда өли тил деп өтип жүрмиз ғо...»

Миллет руўхы қанымызға тарап тур,
«Тилди жойтпа!», бабам көкте қарап тур,
Соғып тур ма? Жүрегиңе қулақ түр,
Тил де солай өмир сүриўи керек.

Усы тил көз ашып көргениң сениң,
Жылап-сықлап, ойнап-күлгениң сениң,
Тилиң өли десе – өлгениң сениң,
Буны жети әўладың билиўи керек.

Тиришилик – ийретилген сызықлар,
Инфаркт етер тилди тили бузықлар,
Айланып табар деп күтер қазықлар,
Бассыз кеткен атлар келиўи керек.

Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат,
Тири болсаң тири тилде даңқ тарат,
Импульс бар ма – жатпа бийкар жалт қарап,
Тилиң дүньялық тилге кириўи керек.

Ўазыйпа тур мәңгиликке еңсеңде,
Таза сөйле үйде, дүзде, кеңсеңде,
Қулпытасыңда күн келип өлсең де,
Қарақалпақша сөз турыўы керек!

2019-2020-жыллар

3
МЕНИҢ ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛИМ

(Бақша жасындағылар ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын)

Түркий бабам тилисең,
Батырлардың пирисең,
Өлмейсең, мәңги тирисең,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Шежиресисең Бердақтың,
Сүйенишисең урпақтың,
Тәғдирисең Қарақалпақтың,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Кенимехте, Тамдыда,
Зибанласлар қалды да,
Кирмейсең сен аз санлыға,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Туўысқан қазақ, ноғайым,
Бар қыпшақ қалың ағайин,
Дүньяға дабыл кағайын,
«Мениң Қарақалпақ тилим!».

Сен Дәшти Қыпшақ даламсаң,
Соппаслы Сыпыра бабамсаң,
Авесто, Орхон, Қурансаң,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Сен барсаң, бардур миллетим,
Сени асыраў миннетим,
Қалма латындай жур жетим,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Тентеклер бермейди төрин,
Сонда да төр беттен көрин,
Ийеле дүнья минберин,
Мениң Қарақалпақ тилим.

Сен – ақ бесик таянған Анам,
Кешип кетсе өзиңнен балаң,
Тыңлаған бар ҳәййиўим ҳарам!
Мениң Қарақалпақ тилим.

01.11.2020

4
«ПОЗДРАВЛЯЮ»

Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың,
– Орын алғанлар, кел берман, жақынла.
Келиўден расход усы декабрь дым,
Төлеў керек подарканың пулын да.

Әўеле белсене қатнасқанлар кел,
– Төреева Айгүл, молодцы, қызым.
Фотоға ал, сен грамотасын бер,
Давай, тезлетейик, оқы тез изин.

– Биринши декабрь тил байрамында
Үшинши орынды алғаны ушын
Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда,
Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың.

Дипломы берилди ҳәрбир баланың,
Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў.
Тил байрамы өтти, дослар, куўаның,
– Орын алған балалар, поздравляю.

Аллаяр Дарменов,
Ноябрь, 2024.


канал: @Allayar_Darmenov


Forward from: Исмайылов Абдурашид
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#мүнәсибет

Әжиниязды Жуманияз дегенде үндемеп едим, сөгинип қоятуғынымды билип.

1) "Plat books" емес "Plato books"
2) "Экзюпер" емес "Экзюпери"
3) "Қара шаҳзада"ға улыўма гәп жоқ. Еле де "Қара рицар" демегени

Китап оқың, берекет тапқырлар, китап. "Кишкене шаҳзада" өзи кип-киттай китап, бир отырыста жутып жибересең.

@Poeziya_Abdirashit

961 0 15 15 34

            «ПОЗДРАВЛЯЮ»
«Ана тили толғаныслары»
дүркиминен
4


Сыйлықлаўы басланды сыйлылардың,
– Орын алғанлар, кел берман, жақынла.
Келиўден расход усы декабрь дым,
Төлеў керек подарканың ҳақын да.

Әўеле белсене қатнасқанлар кел,
– Төреева Айгүл, молодцы, қызым.
Фотоға ал, сен грамотасын бер,
Давай, тезлетейик, оқы тез изин.

– Биринши декабрь тил байрамында
Үшинши орынды алғаны ушын
Айтбаев Ықлас… – Молодец, кел бунда,
Будущий поэт, зор, сөнбесин йошың.

Дипломы берилди ҳәрбир баланың,
Сүйиўден күйиўлер, күйиўден сүйиў.
Тил байрамы өтти, дослар, куўаның,
– Орын алған балалар, поздравляю...

А. Дарменов,
Ноябрь, 2024.


канал: @Allayar_Darmenov


Қара үйде бизиң қара сумка қалып қойған,
(Инсап бар, еле де қараўыллар алып қойған),
Еки жүзге шыққан Әжинияздың тойында,
Әбдирәшид қара уўайымға салып қойған.

Сумка пирли, илажы болар китап-дәптердиң,
Тәўир атқосшыға жарымайды мәртлер дым.
Күйди аўзым, исенбеймен кисиге затымды
–Деп анаў Садраддиндей «жүрегиме ант бердим».

Аллаяр Дарменов,
15.11.2024.


Forward from: Исмайылов Абдурашид
#поэзия

Аллаярдың сумкасы
(Аллаяр Дәрменовқа ҳәзил)

Қамшы урғаннан пайда жоқ соқыр атқа.
Қонады ма қарыўсыз батыр атқа?!
Гүўа болған бир талай патыратқа,
Аллаярдың сумкасы.

Оқылмаған көп китапқа семирген,
Услағышы талай қолды кемирген,
Қанша-қанша қан сорпаны сиңирген,
Аллаярдың сумкасы.

Көп азаның, талай тойдың басында,
Шайыр буның, бул шайырдың қасында,
Ылайық ҳүрметке соның ушын да,
Аллаярдың сумкасы.

Бул сумкасыз биз Аралдай қурғаймыз.
Талай "Дуз"ды ишке жутты бул байғус.
Әдебият ушын аман болғайсыз,
Аллаярдың сумкасы!

Сүўретте шептен оңға: Аллаяр Дәрменов, Айгүл Қосымбетова, Алтынай Тилегенова ҳәм мен.

Абдирашид Исмайылов
Жазылған сәне: 15.XI.2024

@Poeziya_Abdirashit


...*...*...

Жол босат, ирикпе мени ГАИ аға,
Тоқтаўға болмайды қызылда маған.
Бахытым қуўып киятыр баяғы,
Маңлайыма жазылмаған.

Қуўғыншы қуўып жетсе талар мени,
Жулдызын төсейди ығбал көгине.
«Неге жибермедик сонда биз сени» –
Деп еслейсең өкине.

Шадлық градусым артады кем-кем,
Жақынлап қалғанды шамасы «гөнем».
Мынаў бахытлы боп кетти, – деп ертең,
Өкпелеп жүрмең.

Дәўран шөрегиниң ийиси аңқыр,
Табыс тандырының шығар түтини.
Мени бахытқа услап берген пақыр,
Қызғанып өлесең бир күни.

© Аллаяр Дарменов,
Ноябрь, 2024.


Мансур ЖУМАЕВ

БАЛАЛЫҚ

Қар жылғаға айланып,
кетти өмир сайына:
кете берди ылайланып,
танымаған жайына.

Қар атынан нәрсе жоқ;
қайға жетти?
Айтпайды...
Ол қар болып жасаған
Шыңларына қайтпайды...

@Allayar_Darmenov


Taniqli shoir Mansur Jumayev olamdan o‘tdi

Shoir 1991-yili Qashqadaryo viloyati, Mirishkor tumanida tug‘ilgan.

https://oyina.uz/uz/posts/25461

Бир сапары Ташкентке Жазыўшылар аўқамына барғанда Мансур аға «Ҳеш жаққа кетип қалмаң, өзим сизди вокзалға дейин шығарып саламан" деп өзи асығыс бир жумысларын питирип қайтыўға кетип еди. Нөкиске поэзд жүриўине еле ўақыт бар болса да балалық етип қалып қоярман деген ой менен жолға атландым. Мансур аға телефонын аўқамда умытып қалдырған екен. Мен вокзалға жетиңкиремей бир асханада аўқатланып атырсам ол қоңыраў етти. «Неге кетип қалдыңыз, бирге шығамыз деп едик ғо» деди өкпелеген пишинде. Мен асығыслаў екенимди айтып, өзимди ақлаған болдым... Бул бизлердиң соңғы мәрте көрисиўимиз екен.

Буған да 7 жыл болыпты. Жайыңыз жәннеттен болғай, Мансур аға.

https://t.me/Mansur_Jumayev

@Allayar_Darmenov


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
«Ассалаўма әлейкум, Қарақалпақстан» көрсетиўиниң 2024-жыл 27-октябрь күнги санында кийели Халқабад елатындағы муқаддес Ийшанқала тарийхый-архитектуралық естелиги туўралы өз пикирлеримиз бенен бөлистик.

Онда айтылмай қалған бираз пикирлеримиз бар. Несип етсе, оларды ирети менен каналда жәриялап барамыз.

@Allayar_Darmenov


Юморбектиң ағалық ақылларынан

Жас қырққа барса сөйлемшек боларсаң,
Ал, мен бурыннан быжықпан, билемен.
Керек жерин сайлап-сайлап аларсаң,
Еки аўыз ақыл айтып беремен.

Ақылды тек ғаррылар айтсын деген,
Таза пәрман шығағойған жоқ шығар.
Төте жолды қой, кеттик асфальт пенен,
Өзиңниң де айтажағың көп шығар.

Анекдоттың изи лапқа айланып,
Бираз шайырларды жөнсиз мазақлап,
Ким орнынан қозғалмас, көр ойланып,
Қырғыз елден келсе үйине жоқлап...

Атыңның жылаўын тартқылап усла,
Пәтке минсе ылақтырып кетеди.
Шайырлар да қәдимги адам қусап,
Әдебиятқа қонақ болып кетеди.

Кейинги жасылды күтейик, иркил,
Адымды да сәл майдалаў ата бер.
Бес жылда он роман жазғаның бир пул,
Ақ қағаздың обалы тута берер.

Сәл серли болыңлар ҳәўлире бермей,
Тек дийўалда емес бүгин қулақлар.
Кимдур концертимде отырар күлмей,
Өзиңде де бардур ондай қонақлар...

Туўылған шығармыз өз заманында,
Гә қыйын жумбақлар берер өмир тек.
Торттың көшеси усы, хош қал онда,
Жолын жалғыз даўам етер Юморбек.

А. Дарменов,
03.05.2024.

@Allayar_Darmenov


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бахыты байланысқан бала менен,
Жолыңды инкар қарар далаға елең,
Аяма бойыңдағы бар сезимди,
Аяла ҳасылыңда Ана деген.

Сақлаўлы баласына пал, қаймағы,
Ананы умытпаңлар шалғайдағы,
Бир барып анажан деп қушақласаң,
Әжими азаяды-аў маңлайдағы.

Анадай болсын бизге кимлер алаң,
Барып қайт, бир қуўансын үйдеги анаң,
Ҳешқашан шын бахытлы бола алмайды,
Анасын қуўанталмай жүрген адам.

Ринат ЗАЙЫТОВ,
Қазақ шайыры ҳәм депутаты.


@Allayar_Darmenov

2k 0 19 2 40

ТАСБАҚАНЫҢ ТУЎЫЛҒАН КҮНИ
(тымсал)

Бүгин тасбақаның туўылған күни. Усы себеп пенен отырыспаға түрли ҳайўанлар, жәнликлер жыйналған. Отырыспаны гүбелек басқарып атыр. Дәслеп қутлықлаў ушын сөз қурбақаға берилди.
– Ўарқ-ўарқ, тасбақа достым, туўылған күниң қутлы болсын, ўарқ-ўарқ, бала-шағаңның алдында аман жүргейсең, ўарқ-ўарқ, суўда жүрсең сымбатлы, ўарқ-ўарқ, қырда жүрсең қымбатлы болып жүре бергейсең, ўарқ-ўарқ… Қурбақа усылайынша бираз ўарқылдады. Кейинги сөз ҳәрреге берилди.
– Ыззззз, достым, ызззз, туўылған күниң, ыззззз, менен қутлықлайман, ызззз. Узақ өмир, ыззз, беккем, ызззз, денсаўлық тилеймен, ыззззз. Ҳәрре де көп ўақыт ызылдап қутлықлады. Изинен сөзге шыққан шекшек те туўылған күн ийесин қутлықлаў ушын берилип шырылдады. Гүбелектиң шыр-пыры шықты. «Регламентти сақлайық, дослар, тасбақа шаршап тур, тоқсанға шығыў да аңсат емес, ақыры. Ендиги сөйлейтуғынларға еки минуттан ўақыт беремиз». Ийт ҳәз етип үрип атыр еди, гүбелек «ийт үрер, кәрўан көшер» деген, қысқартайық, тасбақа талығып қалды» деп сөзин кесип таслады. Ешки де еки минутлық регламенттен өтип баратыр еди, гүбелек «сақалым бар деп сөйлей бересең бе?» деп тағы тасбақаны аяп атырғанын көрсеткиси келди. Ҳәммени асықтырды. Ақырында сөзге шыққанлар бир минут, ярым минуттан-ақ сөйлеген шығар. Қутлықлаўлар таўсылыўдан, гүбелек асығып, апыр-тапыр өзи сөйлей кетти. «Рахмет ҳәммеге, тасбақа бүгинги туўылған күниң менен тағы бир мәрте қутлықлайман». Гүбелек усыны айтты да, отырған орнында жан берди. Ол бағанадан берли негизинде 200-300 жыл өмир сүретуғын тасбақаның талығып қалыўынан гөре, өзиниң бары-жоғы бир күнлик өмириниң таўсылып қалыўынан қорқып отыр екен, бийшара.

Аллаяр Дарменов,
20.10.2024.

@Allayar_Darmenov

1.5k 0 18 22 51

Forward from: Duel
⚡️ QORAQALPOGʻISTON

✔️ Duelning Qoraqalpogʻiston Respublikasi bosqichi ham oʻz nihoyasiga yetdi. Bu safar Rustam Musurmon, Abadan Turdimuratova va Nargiza Odinayeva hakamlik qilib, yosh ijodkorlarning sheʼrlarini sinchkovlik bilan baholashdi.


Kattalar sheʼriyati bo‘yicha:
🥇 Muxammatdiyin Aytjanov
🥈 Bazarbay Joldasbaev

Bolalar sheʼriyati bo‘yicha:
🥇 Allayar Darmenov
🥈 Zilolaxon Komiljanova

🔈 Respublika bosqichida Qoraqalpogʻiston sharafini kattalar sheʼriyati bo‘yicha
Muxammatdiyin Aytjanov,
bolalar sheʼriyatida esa
Allayar Darmenov himoya qiladi.

💬 Shuningdek, Atag'ulla Satbaev, Ulbosin Isamatdinova, Sardor Yo'ldosh, Rasul Abdimuratov, Sharafatdin Jollıbekov kabi ko‘plab shoirlar ham hakamlar tomonidan eʼtirof etildi.

@duelloyihasi

833 0 2 23 46

#Өмирбек_жолына

Бу Дүньядан о Дүньяға

Нөкисте дүнья көп екен ғо. Нөкистиң адамлары дүньяқоңыздай неге дүнья жыйнай береди десем, кафе, ресторан ашыў ушын екен ғо. Кешегиде 26 – киши райондағы «Дүнья» тойханаға бараман деп Орақбалғадағы «Дүнья» ресторанға барыппан. Қайдан билейин, тазадан ашылған кафе деп еди, екеўи де жақында ашылған екен. Аўылда болып, Нөкиске бир-еки ай бармай қалсаң, адасып, аўмаң шығып қалатуғындай ғо. Сөйтип, бу Дүньядан о Дүньяға барыў ушын еки машынға миндим. Әй, усы кафе қурғыш қолы гүл, уста қарақалпағымның еки дүньясы да абат болғай.

А. Дарменов,
07.10.2024.

@Allayar_Darmenov

1.8k 0 21 13 71
20 last posts shown.