МЕРЎЕРТ


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Art


Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.]
📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим
Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=
Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Art
Statistics
Posts filter


...
Евразия физиклерин,
Жарысқанда хайран қылған,
Үш алтын медальдың бәрин,
Утып, утып, утып алған,—

АҚШ я Қытайдан емес,
Нөкистиң бир жас баласы,*
Сондай баллар әжеп емес,
Болса илим дүрданасы...


Ибрайым Юсупов

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


https://youtu.be/X2oC0YAmSe4?si=VpsuZSbtkoGTm4VZ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
"Инсанның бул өмирдеги миссиясы неден ибарат?" деген сораўға жуўап излегенлер ушын артықша көпирме сөзлерсиз жағымлы лириканы усынамыз.
Тыңлаң ҳәм бәрин ой елегиңизден өткерип көриң.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады. Усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, белгили драматург, сценарист  Полатбай Айтмуратов 64 жасында қайтыс болды.

Актёр ҳәм режиссёр, драматург, сценарист, қәбилетли ҳәм талапшаӊ басшы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Полатбай Айтмуратов 1961-жылы 23-январьда Шымбай районында туўылды. Орта мектепти питкергеннен соӊ 1978–1982-жыллары Ташкент театр ҳәм сүўретлеў институтында актёрлық шеберлигинен тәлим алып, театр тараўындағы дәслепки мийнет жолын ҳәзирги  Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында актёр болып  ислеўден баслады.
Ол мийнет жолы даўамында 1985–1986-жыллары Бозатаў районлық мәденият бөлими директоры, 1987–1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги репертуар бөлими хаткери, 1993–1999-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 1999–2000-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры директоры, 2000–2003-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары, 2003–2017-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 2017–2018-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри, 2018-2022-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында директор болып иследи.

Дерлик 40 жылдан аслам ўақыттан берли халқымыздыӊ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, әсиресе, қарақалпақ театр өнериниӊ раўажланыўына өзиниӊ күш-ғайратын аянбай жумсап, мүнәсип үлес қосқан П.Айтмуратов мәдений мәкемелерге басшылық етиў менен бирге драматургия саласында да белсенди қәлем тербетти. Оның қәлеминен дөреген «Сүйинши», «Ойнақлаған от басар», «Дәслепки муҳаббат», «Атам айтқан әпсана», «Шайтанныӊ наласы», «Аўылға қайтыў», «Устаз тәғдири», «Уллы Жипек жолы» ҳ.т.б. да пьесалары мәмлекетлик театрларымызда сахналастырылып, тамашагөйлер кеўлинен терең орын алды. Оның пьссалары өзбек тилине де аўдарылып, сахналастырылды, республикамыз ҳәм халықаралық көлемдеги театр фестивальларында сыйлы орынлар, Гран при жеңимпазы болды. 

П.Айтмуратов тек ғана сахналық шығармалар жазып қоймастан, телевидение ушын да сценарийлер жазды ҳәм олар «Аталар сөзи - ақыл», «Өмир сабақлары» атлы телефильмлерде эфирге берип барылды. Қарақалпақ киноиндустриясында дәслепки «Бир достыӊ болсын» атлы көп сериалы фильм сүўретке алынып, П.Айтмуратов қәлемине тийисли бул сериал халқымыз тәрепинен унамлы күтип алынды. Оның 2014-жылы «Талаплыға нур жаўар», 2020-жылы «Бир достың болсын», 2021-жылы «Алпыс асқар» атлы китаплары баспадын шықты. П.Айтмуратов сахналық шығармалар, киносценарийлер жазыў менен бирге көп жыллар Республикамызда өткерилген “Ғәрезсизлик, “Наўрыз” ҳәм басқа да мәмлекетлик  илажлардың  сценарий авторы болды.
П.Айтмуратовтың елимиз мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы пидәкерлик мийнетлери мүнәсип баҳаланып 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сыйлығының лауреаты,  2003-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери», 2021-жылы «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Кеңпейил инсан, ҳүрметли устаз, меҳрийбан әке, сүйикли өмирлик жолдас, садық дос, талантлы драматург Полатбай Айтмуратовтың жарқын естелиги ядымызда мәңги сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жәмәәти

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Кеўил_билдириў

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери, драматург Полат Айтмуратов дүньядан өтти.

Марҳумның барлық жақынларына, кәсиплерине ҳәм улы Байрам Айтмуратовқа терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Мәденият ҳәм әдебият тараўында жемисли мийнет еткен ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған ағамыздың яды мәңги есимизде қалады.

Марҳумның руўхлары шад, топырағы торқа болсын!

@charjau_elmuratov

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бүгин «Жаслар ТВ» телеканалының ашылғанына 7 жыл толды

Өзгеше көрсетиўлери, кеўил ашар бағдарламалары менен халқымыз кеўлинен терең орын ийелеп үлгерген «Жаслар ТВ» телеканалы жәмәәтин 7 жасқа толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#қутлықлаймыз

19-январь шайыр Пәтийма МЫРЗАБАЕВАның туўылған күни.

...Бирақ... қызықпайман мен тирилиўге,
Егер қарақалпақлар күтип алмаса...

Пәтийма МЫРЗАБАЕВА


Шайыр Пәтийма апа Мырзабаеваға узақ өмир, беккем денсаўлық, дөретиўшилик табыслар тилеймиз!

@a_blognot

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Тилеўберген ЖУМАМУРАТОВ

ҚАРАҚАЛПАҚ БОЛҒАЛЫ

Тараған булттай ҳәр жаққа,
Көшиўден әрман қалмады...
* * *
Әййемги қарақалпақтан,
Сақланып қалған урпақпан.

Қарақалпақ болғалы,
Ел атағын алғалы,
Не көрмеген қарекең—
Деген мақал бар екен.
Түркистанның елинде,
Туранның байтақ жеринде,
Қырық рет жасап,
қырық көшкен,
Қырық рет жанып,
Қырық өшкен.
Ҳәлсиреп, гейде жанланып,
Айбалтасын қолға алып,
Намыс ушын тирескен,
Өмир ушын гүрескен.
Жел ушырған қаңбақтай,
Гей-гейде мәкан, нан таппай,
Жазықлыдай қудайға,
Тентене болмақ оңай ма?!
Толғанып көшкен Дунайға,
Балқанның бийик, ойларын,
Едил, Жайық бойларын.
Кавказдың Шығыс арқасын,
(Шымқылдатып арбасын),
Сыйынып баба, әрўаққа,
Тараған булттай ҳәр жаққа.
Көшиўден әрман қалмады,
Белде дәрман қалмады,
Өткермей тыныш бир қысты,
Өмир ушын қырқысты.
Еллерден елге аўысып,
Көпшилигин таўысып,
Тынышлық көрмей жәҳәнде,
Қуўысқан ата мәканға.
Қутылып қырғын қамалдан,
Мәканын таўып дем алған,
Әййемги қарақалпақтан,
Сақланып қалған урпақпан.

Әдебий информация:
💎
@Merwert_uz


СТИПЕНДИЯ
(И.Юсуповтың «Ана тилиме» қосығына студентлер тилинен пародия)

Стипендиям – сен басқадан айырмам,
Қолға тийсең он-он бес күн байырман,
Услансаң да китап, газийт-журналға,
Маған келип жеткениңе қайылман.

Ҳәмме күтер старостқа табынып,
Сәл кешиксең баўыры оттай қамығып,
Студентлер кирей етип машынға,
Шемби күни қайтқан үйин сағынып.

Бири жетсе, бири жетпей арқайын,
Машқала көп, қайсы бирин айтайын?
«Пересдача» теппегенде белине,
Қолларыма түсер едиң ай сайын.

Рәң-бәрең келбетиң қуп жарасар,
Шытырлаған көркиңе көз қамасар.
Қандай жақсы ақшалардың көплиги,
«Жақынбыз» деп көп пул саған таласар.

Мен төлейммен сени жеген наныма,
Қәстерлеймен, қысып алақаныма.
Ес билгели пул жатырқап көрмедим,
Бирақ, сен дым жақынсаң-аў жаныма.

Сағындық Жәнийев,
декабрь, 1993-жыл.


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Шын_шайыр_Минайхан_Жуманазарова

Ҳасылдың қыяғы, тулпар туяғы,
Бәриңиз ақыллы, бәриң зыялы,
Әй әзийз халқымның әзийз уллары,
Қәстерлеп сақлаңлар бир-бириңизди.

Шайырсаң бәриң де елди жырласаң,
Данышпансыз ели журтты сыйласаң,
Келешек әўладтың ғамын ойласаң,
Қәстерлеп абайлаң бир бириңизди.

Өзиңди шер билсең, басқаны зор бил,
Ҳәмме де өзиңдей, өзиңе тең бил,
Бәри де сен киби мийнеткеш, себил,
Қәстерлеп абайлаң бир бириңизди.

Бириңиз гәўҳарсыз, бириңиз дүрсиз,
Дүньяда теңи жоқ ҳақыйқый ҳүрсиз,
Жасамақ мүшкилдур бириң-бириңсиз.
Қәстерлеп абайлаң бир-бириңизди.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

783 0 10 1 16

Қарақалпақ тилиндеги дәслепки тарийхый блогты қоллап-қуўатлаң

Билимиңизди асырың!

Жәйҳун жойбарының қызықлы мағлыўматларға толы ҳәрбир санын ютуб арқалы тамашалаң

Жойбардың социал тармақлардағы бетлери:

YouTube | Instagram | Telegram

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


«Талантлылар мектеби»не мәрҳамат!

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы биргеликте жаңа «Талантлылар мектеби» жойбарын жолға қоймақта.

Жойбар шеңберинде белгили шайыр-жазыўшылар тәрепинен шеберлик сабақлары өтиледи. Жас қәлем ийелериниң дөретпелери тыңланып, жол-жоба бериледи.

Жойбар шеңбериндеги бундай семинарлар ҳәр ай сайын бир мәрте болып өтиўи режелестирилген.

Жойбардың дәслепки семинары 9-январь күни саат 11:00де болып өтеди.

Әдебиятқа ықлас қойған бәршени «Талантлылар мектеби»нде күтип қаламыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Жаслар орайы.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


"АЗАРТ АҚЫБЕТИ" ФИЛМИ ЕНДИ ТЕЛЕЭКРАНЛАРДА

✅"Қарақалпақфильм" киностудиясы ҳәм «Tólegenov production» студиясы менен биргеликте "Азарт ақыбети" филми сүўретке алынған еди.

Филмниң тийкарғы мақсети жасларды ҳәр түрли "Азарт" ойынларынан аўлақ болыўға шақырады.

📍 Филмди 11-январь күни, саат 22:45 те "Қарақалпақстан" телеканалында тамашаласаңыз болады.

@qaraqalpaq_film

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Әжинияз Қосыбай улының шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда шайырдың 70 тен аслам қосық ҳәм поэмалары орын алған. Китап Саят Авезқиличева тәрепинен аўдарма исленген.

«Ebedi şygyrlar» атамасындағы бул китаптың таярланыўында Қарақалпақстан түркмен миллий-мәдений орайы қәўендерлик еткен. Ол Хорезм ўәлаятында 100 экземпляр болып баспадан шықты.

Мағлыўмат ушын, Саят Авезклычева Давлетмаммет Азады атындағы түркмен миллий жәҳән тиллери университетин питкерген ҳәм ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студентлерге сабақ берип келмекте. Ол буннан басқа
«Түркий халықлар әдебияты», «Сөйлеў мәденияты» сыяқлы методикалық оқыў-қолланбаларының ҳәм түркмен фольклорына, классик әдебиятына және дәстанларға арналған бирнеше мақалалардың авторы.

@karinformuz

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Тайынлаў

Изентаева Гулбахар Жоллыбаевна – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мəмлекетлик көркем өнер музейи директоры лаўазымына тайынланды.

Г. Изентаева  усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген.

@karinformuz

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


«САҲРАДАҒЫ ЛУВР»ҒА МӘРҲӘМӘТ!

Ҳүрметли, көркем өнерге жаны қумар әзиз заманласлар!

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң 2-блок имараты 2-етажы өз жумысын даўам етпекте.

Музейде жумыс ўақты төмендегише:

Дүйшемби: Дем алыс
Шийшемби: 9 :00-18:00
Сәршемби: 9 :00-18:00
Пийшемби: 9 :00-18:00
Жума: 9 :00-19:00  
Шемби, екшемби: 10:00-18:00

☝️Еслетип өтемиз,
Дүйшемби күни кириўди қәлеўши мийманлар ушын музей ашылады.

❓Қандай тәртипте ашылады? 🤔

1. Алдыннан буйыртпа бериў арқалы (мийманлар саны, экскурция керек болса, қайсы тилде керек екенлиги).

2. Билет баҳалары еки есе муғдарында төленеди.

Буйыртпа бериў ушын:
Тел: +998907358800, +998612226128

Электрон почта: museum_savitsky@mail.ru

Әдеттегидей жумыс күнинде болса, билет баҳалары жоқарыда👆
🔺Бәршени музейимизге мирәт етемиз!

@museumsavitsky

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


ЮМОРБЕКТИҢ ҚАЗАҚСТАНДА СТЕНДАП КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛЕДИ

Халқымызға өзиниң тәбийғый турмыслық ҳәзиллери менен кеңнен танылған сөз устасы Мақсет Әбдижамилов — Юморбек усы жылдың 12-январь күни Қазақстанның Алматы қаласында өзиниң жеке СТЕНДАП ҳәзил концертин өткереди.

СТЕНДАПқа Алматыдағы барлық күлкисүйер заманласларыңызды мирәт етсеңиз болады.

Билет алыў: https://sxodim.com/almaty/event/mahset-abdizhamilov-qaraqalpaqsha-stand-up-12-a-tar


💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
«ҚАРАКӨЗ»ге барамыз ба?

Мухтар Аўезов қа‌лемине тийисли "Қаракөз" спектакли 9-январь саат 18:00де тамашагоөйлер на‌зерине усынылады.

Билет бойынша +998937701919 номерине телеграмнан жазсаңыз болады.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Қарақалпақстан халық художниги Барлықбай Айтмуратов қәлемине тийисли картиналар

Сүўретлер художниктиң инстаграм бетинен алынды.

https://www.instagram.com/aytmuratov.b.a?igsh=eXNmOGR4NzBxYTIw

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Кеўил билдириў

Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти.

Усы мүнәсибет пенен художниктиң шаңарағына, жақынларына кеўил айтамыз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал

19 last posts shown.