Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
КӨРИМЛИК СОРАЎ

КӨРИМЛИК~ [салт], атлық.
      КӨРИМЛИК~халқымыздың салт дәстүрлериниң бири болып, әййемнен ҳәм ҳәзирги күнделикли турмысымызда белсенди қолланылып киятырған, ылайықлы орны бар дәстүрлеримиздиң бири.
       КӨРИМЛИК~"көриў", "қараў" деген сөзлерден келип шығып, жаңа туўылған нәрестени, елге жаңадан түскен келинди, жаңа туўылған жас төлди биринши рет көргенде жақын-жуўық туўысқанлардың, қоңсы-қоба ҳәм жанашыр  дослардың ҳақ кеўилин, адамгершилигин, ҳақ нийети менен ықласын, аашық қоллы сақыйлығын билдириў мақсетинде берилетуғын сыйлықтың түри.
        Көримлик те пайғазы сыяқлы адам өмириндеги қуўанышлы жаңалық ушын берилетуғын сыйлық болғаны менен пайғазыдан мәниси, мазмуны  бойынша өзгешеликке ийе болып, ажыралып турады. Пайғазы~жаңа кийим кийгенде, бир буйымды жаңадан алғанда, таза көлик  мингенде қуўанышын бөлисиў ушын берилетуғын сыйлық болса, көримлик~ жаңа туўылған нәрестени, жаңа түскен келинди, жаңа туўылған жас төлди көргенде қуўанышын бөлисиў ушын бериледи.
        Мине, усындай өзгешеликлерине қарап, пайғазы жансыз затлар ушын берилетуғын сыйлық болса, көримлик~жанлы, адамды, жас төлди биринши рет көргенде жақын-жуўық ағайинлердиң, дослардың беретуғын сыйлығы.

        Көримлик ерте дәўирлерден бери халықтың мәдений турмысында бар дәстүр. Мәселен:

Көримлик берип киргизди,
Шадлы дәўран сүргизди,
Есик ашып қатынлар,
Ақ отаўға киргизди.....
   [ дәстанынан]

Көримлик тилеп алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Кер бийедей бийеден,
Торыша қулын туўғанда,
Билмедиң бе кетерин?
[ дәстанынан].

Бул келтирилген мысалларда келин келгенде көримлик алыў ҳәм Кербийедей тулпардан Торыша деген қулын туўылғанда көримлик дәстүриниң қолланылғанын көриўге болады.

~ көримлик сораўшылардың жақынларына еркелигин, еркинлигин билдириўши, ағайин-туўысқаншылық, дослық мүнәсибетлерин билдиреди.
       Көримлик сораўдың мәниси:  алып-бериўде емес, жақын адамлардың жақсы нийетин, ашық кеўилин, сақыйлығын танытыўдың белгиси ретинде қаралады.
     Көримлик сораўшыға берилетуғын сыйлықлардың түрлерине ақша, затлай буйымлар ҳәм т.б. баҳалы буйымлар киреди, көримлик бериўши өзиниң мүмкинлигине қарап, қәлеген сыйлық түрин бериўине болады.

Тойларда беташар айтыўды бурынлары деп те атаған, себеби, беташарлар: --- деп басланады.

Мәселен: 
[К.Мәмбетов, романынан]

Нәресте жаңа туўылғанда, анасын жас босандырған ҳаяллар сол үйдиң басқа адамларынан көримлик сораўға ҳақылы.
Көримлик сораў жас нәрестени бесикке салар ўақыттағы да   қуда тәрептен келген қудағайлардан ҳәм жақынларынан соралады.

      Дәстүр мәдениятлылық белгиси ҳәм байлығы, ол халықтың турмысы менен қосылып қайнаған ажыралмас бөлеги. Тойлардағы қуўанышқа толы жақсы күнлеримиздеги қәде бериў, көримлик сораў ҳәм тағы басқалар  халқымыздың әжайып дәстүрлери болып, өзиниң өмиршеңлиги менен мәдений турмысымызда әҳмийетли.

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova




Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
       Ана сүтиниң қурамында да дуз болатуғынлығы дәлилленген.
        Халықтың ески емшилик тараўында да көз тийип аўырған адамды отқа дуз таслаў, дузлы суў бүркип ушықлаў әмеллери исленеди. Түркий тиллес халықлар дәстүринде жаңа үйленип атырған жасларды дуз бенен аласлаў дәстүри де елеге шекем сақланып киятыр.
          Сондай-ақ, ,   ,---деген сөзлер де дуздың кийесин, адамға пайдасының көп екенлигин билдиреди.

Дуз қәдирли ас. Халқымызда:  ,  ,  , ~деген фразалар да дуздың адам өмириндеги әҳмийетин,  қәдир-қымбатын көрсетеди.
          Елге қәдирли қонақлар келсе,  рәсмий сапар менен келген шет еллик мийманлар келсе, алдынан нан--дуз алып шығыў  дәстүри де,  дузды нан менен тең қойып қәдирлеўди көрсетеди.
          Елимиздеги Үстирт жазықлығындағы Қараўымбет дуз кәни-елимиздиң мақтанышы, тийкарғы байлықларының бири. Халқымыздың жаңа туўылған нәрестени:  --~дегенинде де үлкен мәни бар.  Елдиң дузына шомылдырылған балада елге деген сүйиўшиликтиң  қәлиплесиўине де усы себепши болса керек. ~деп кишкене баланың кийимине дуз тағыў,   есиктиң маңлайшасына дуз қыстырыў  ырымлары да, халқымыздың дузға деген ҳүрметин билдиреди. Сол ушында,  дуз төгилсе:~ ~деген ата-ана тәрбиясы жаслайынан ҳәр бир баланың санасына сиңдирилип отырылады. Дуз қәдирли ас!

Shahzoda Allamuratova

t.me/shahzoda_allamuratova


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
ДУЗ ҚӘДИРЛИ АС.
[Толықтырылып жазылды]

         Ерте заманларда адамлар тамаққа дуз салып ишиўди билмейди екен.  Бир күни бир аңшы үйине қайтып киятырып, жолда түнейди. Алып киятырған аңларының биреўин от жағып, етин отқа қақлап, писирип жеп отырғанда, бир бөлек ет қолынан жерге түсип кетеди, дәрҳал алып, бир-еки сыпырып тазалайды да, жей баслайды. Жеп отырған ети жаңағыдан да мазалырақ көринеди, соннан қалған етти де жаңағы жерге бир басып алып жеп таўысады. Сол жерде қандайда бир сырдың барын билип, тазалаў  жеринен бир түйиншик етип ауылға алып келеди. Аўқат писиргенде азлап қазанға салып көреди, қараса тамақ бурынғыдан да дәмли, мазалы болады, соннан қоңсы-қобалары да көрип жаңағы жерден әкелип, тамақларына салып писире баслайды. Солайынша тамақ писиргенде дуз салып писириў турмысымызға енип кеткен.
             Дуз инсанлар өмирине усылайынша кирип, қәдир-қымбаты артқан, соңын ала күш-қудирети барлар дуз кәнинен дуз әкелип сатып, ел ишинде    пайда болған. Адамлар ешекли, атлы, түйели барып әкеледи екен, дуз кәни алыс болғанлықтан көбирек алып қайтыўды гөзлеп, молдан алып, жолда көлиги көтере алмай төгип-шашылатуғын жағдайлар да болады екен. Усыған байланыслы халқымызда: "Инсапсызды кәнде көрдик, дуз төккенди жолда көрдик",--деген ушырма сөзлер соннан қалған екен. Сол ўақыттағы адамлардың садалығы да болған, мәселен, бир қалта дуз алып қайтқысы келсе, көликтиң бир жағына бир қалтаны қум толтырып, екинши жағындағы қалтаға дуз толтырып алып қайтатуғын ўақытлар да болған екен😊😊.

Дузды тек тамаққа салып, дәмли етип ишиўден басқа адамның ден саўлығы ушын пайдалы тәреплери оғада көп.
        Дуз адам денесиндеги түрли суйықлықларды сақлайды ҳәм аўқатлық затлардағы ҳәр түрли микроб пенен бактерияларды жоқ етеди. Ең әҳмийетлиси: дузсыз  суўды үзликсиз ишетуғын адамның қуўығының басындағы май кетип қалады да белсизликке шалынады, мине, усындайда дузды көбирек пайдаланыў бул кеселликтиң алдын алады.
         Ата--бабалардан бурыннан қалған сөз ~"Дәм-дузың таўсылмасын",--деген сөзлердиң мәнисине терең ой жуўыртып қарасақ:  тататуғын дәмиңниң (асыңның)  таўсылыўы ~адамның өмириниң паянына жеткенин билдиреди, ал дузыңның таўсылыўы~адамның күш-қуўатының сарқылғанын билдиреди екен. 15 күн адам дузсыз тамақ ишсе, қәлеген адамның күш-қуўаты кемейеди, ал  бир  ай дузсыз тамақ ишсе, орнынан тура алмай қалыўы мүмкин.
            Дуз дегенимиз [NC-натрий хлор]~егер белгили бир ўақытта адам дуз пайдаланбаса, суў адам денесиндеги кальцийди шайып кетеди. Ас дузы адам денесиндеги кальций ҳәм калий минералларын еритип, денесине сиңдиреди. Егер де  адам мудамы  дузсыз суў ишсе, аталған минераллар адам денесинен шығып кететуғынлықтан кальций азаяды ҳәм қандағы гемоглобин төменлейди. Адам ҳәлсиреп, буўыны босасып, диңкеси қурыйды. Дузды ҳәдден тыс көп пайдаланыў да адам ден саўлығы ушын зыянлы, ағза суўды көп талап етеди де, қанның көлеми артып, басымы көтериледи.
         Соның менен бирге дузды көп пайдаланса, бүйректиң хызметине салмақ түсиреди. Ал, адам денесине дуз жыйналыў --узақ ўақыт ҳәрекет етпеўден, яғный терлемеўден  келип шығады. Соның ушын адам мудамы ҳәрекет етип, жуўырып терлеў арқалы денедеги керексиз затларды шығарып турыўы керек.

       Халқымыздың  дузды кийели деп есаплаўы да усы адам ағзаларына келтиретуғын пайдасына бола айтылған болса керек. Мәселен, жаңа туўылған нәрестени 40 күн дузлы суўға шомылдырыўдың пайдасы--баланың териси тез шыйрығып, шымырланып, ҳәр түрли тери аўырыўының алдын алады. Соның менен бирге, денедеги суўдың сақланып турыўына тәсири күшли болады.
       Дузды орынлы қолланған адамның денеси қартайғанда босасып салбырамай, жыйналып турады.
        Дузланған гөшти асқанда дузлығы кемлеў  етип салынады.
      Бурыннан киятырған гөшти дузлаў, сары майды, сүзбени дузлаў дәстүри ҳәзирги ўақытта да жақсы сақланған. Тағамлық затларды бундай етип дузлаў--тек заттың бузылмай сақланыўы ушын ғана емес, ден саўлық ушын да әҳмийетли.




АТА БАБАЛАРЫМЫЗ
Т А Р И Й Х Ы Н А Н

Мен фейсбуктағы каналында жәрияланған САЛМЕН АТА мақаласын оқып отырып Бухара медресесине оқыў ушын жөнетилген жас талабалар ҳаққындағы жазылған мағлыўматқа көзим түсти. Буннан 2 жыл алдын бул уламалы мақсым аталар ҳаққында мақала жазып , сүўрети менен қосып өз каналыма таслаған едим
50 жылларда мәмлекетимиз тәрепинен Бухарадағы "Мир Араб" медресесине оқыў ушын жиберилген 4 талабан Раҳматуллаҳ Идрис улы, Кеўлимжай Жамаладдин улы, Ўайис Алауддин улы, Латийф Бегдулла улы.
Негизинде мениң анамның әжапасы Оразгүл Қәлли қызының өмирлик жолдасының туўылған ўақтындағы аты Абдулатиб Бегдулла улы болған. Паспортында Абду сөзин алып таслап Латийф деп жазылған. Перзентлери дүньяға келгенинде олардың ҳүжжетлерине Латипов деп жазылған. Бизлерде барлық туўысқан жақынлар Латип жезде, ата деп айтқанбыз.
Бухараға оқыўға жөнетилген ўақытта Латийф Бекполат улы деп алжасып жазылған. Жездемниң үлкен улы Абдикарим әжағам менен ортаншы улы Абдиразақ әжағам паспорты бойынша Бегдуллаев болғанлығы ушын архивке фамилиясына өзгерис киргизиўди усыныс етип барған, өзгерис киритилген, бирақ негедур түп нусқасында солайынша Бекполат улы деп қәте жазылып қала берген. Латип жездемниң ҳәм әкеси Бегдулла атаныңда қәбирлери Кегейлиниң 6-аўылы, Қарасыйрақ аўылы қойымшылығына жайласқан
Мен балалығымнан бул уламалы мақсым аталарды жақсы танығанман, узақтан жуўырып еки қолымды жайып сәлемлескенмен. Оларда мениң басымнан сыйпалап , күле шырай менен атаң үйдеме, деп сорайтуғын еди. Латип жездемниң үйи бизиң үйге жақын болғанлығы ушын үйинен шықпай, көшесиндеги баллар менен досласып, қараңғы түнге шекем ойнай беретуғын едим.
Мүбәрек күнлерде, Ҳайыт, Ораза күнлерде Латип жездемниң үйинде қандайда бир жыйынлар болса үйдиң ең уллы мәртебели, сыйлы мийманлары усы сүўреттеги аталар болатуғын еди. Басқа ўақытларыда тез тез көрисип туратуғын еди, ортадағы үлкен залында қуръан китапларын оқып отырған ўақытлары ол залдың есигин ашыўға рухсат етилмес еди.
Сүўретте не ушын 5 талаба түскен, Қарақалпақстаннан төртеўи кеткенғой деген сораў мени қатты қызықтырды. Бул сораўымды Латип жездемниң ортаншы ҳәм киши уллары Абдиразақ әжағам менен Ҳажымухаммед әжағамнан сорап жуўабын анықластырдым. Ортадағы талаба сол жақта Мир Араб медресесинде бирге оқып, саўат ашқан Бухаралық жигит екен

Кейинги сүўреттеги Латийф Бегдулла улының портретин Игор Савицкий өз қоллары менен сызған. Жездем бул атақлы инсан менен музейде бирге ислеген, фонд басқарыўшысы лаўазымында. Үстиндеги пальто жағасын ҳәм қозы жүнинен, терисинен жасалған бас кийимин жездем өз қоллары менен тиккен. Буннан басқа мәҳси, аяқ кийимлерин, ҳәр түрли саз әсбапларында суп сулыў етип қолдан жасайтуғын еди.
Латип жездем арқалы усындай уламалы, атақлы инсанлар менен сәлемлесип, жүзбе жүз дусласып, көрискенимнен жүдә бахытлыман. Буларда Аллаҳтааланың маған берген бахты, инәмы деп мақтанаман

УЛБОСЫН АТАЖАНОВА
Facebook группамыз модераторы.

t.me/kketnografiya


[У.Атажанова]

t.me/kketnografiya


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Qaraqalpaqstan MTRK, Miyras көрсетиўи
1.
2. Ақымбет бақсы ҳаққында
3. "Кели ҳәм келсап" ҳаққында

Көрсетиўди таярлаған: журналист Шәригүл Аметова

t.me/shahzoda_allamuratova


#Уллы_тулғалар

Кегейли районында байланыс тараўының жолға қойылыў тарийхы ҳәм байланыс тараўының пидәйы хызметкери болған Мийнет қаҳарманы Жақсымурат Айданиязов (1922-1999 жж.) ҳаққында.

Әййемги дәўирлерден баслап мәмлекетлер, қалалар менен байланысларды жолға қойыў, хабар ҳәм мәлимлеме алмасыў, оларды тарқатыў жумысларын әмелге асырыў мәселелери айрықша әҳмийетке ийе болып келген.
Телефония - байланыс, коммуникацияның ҳәм информацияларды жеткизиўдиң ең жақсы қуралы болып табылады.
ХХ әсирден баслап телефония жәмийет турмысына кирип келди ҳәм телефон сәўбети заманагөй инсанның күнделикли жумысы ҳәм күнделикли ҳәдийселеринен бирине айланды.
Қарақалпақстан халықларының турмысында усы тарийхый дәўир өзиниң раўажланыў басқышларына ийе.

Кегейли районы 1928-жылы район болып дүзилген болса, районда ең биринши байланыс тараўы он жылдан соң, 1938-жылы иске түсирилген ҳәм ең биринши байланыс линиялары Нөкис қаласы менен жолға қойылған.
1940-1941-жыллары район аймағында жергиликли батареялы телефон байланысы иске түсирилген. Ал 1959-жылы ЦБ-120 телефон коммутаторы пайдаланыўға тапсырылған. 1970-1971-жыллары автомат телефон станциясы (АТС) иске түсирилип, Халқабад қаласынан 200, район орайынан 500 абонентке хызмет көрсеткен. 1976-жылы район орайынан 1500 абонентке, ал 1977-жылы Халқабад қаласынан 500 абонентке мөлшерленген кординантлы АТС иске қосылған. 1999-жылы болса шийше талшықлы кабель тартылып, район орайынан 3000, Халқабадтан 1500 абонентке цифрлы электрон АТС хызмет көрсетип баслаған.
Әпиўайы жергиликли батарея менен ислейтуғын телефон байланысынан цифрлы электрон байланысына шекемги дәўирде усы тараўдың хызметкерлериниң пидайы мийнети, раўажланыўға деген умтылыўшылығы жатқаны сөзсиз. Усы дәўир аралығында район байланыс тараўына басшылық еткен инсанлар – И.Колосов, И.Комбулин, Ү.Әлжанов, И.Жумабеков, М.Жакенов, А.Қурбановлар, тараў хызметкерлери – И.Маликов, У.Хожалапесов, Е.Айтымбетовалар, телефонисткалардан М.Отарбаева, У.Камаловалар қыйын шараятларда мийнет етип, пидайылық көрсеткен.
Бул тараў хызметкерлери арасында әсиресе, Кегейли, Бозатаў районларында хызмети белгили болған Жақсымурат Айданиязов өз искерлиги дәўиринде белгили байланысшы хызметкер, Мийнет қаҳарманы дәрежесине жетискен инсанлардың бири.
Жақсымурат Айданиязов 1922-жылы Кегейли районы аймағында туўылған. 1942-жылы өзи қатарлы жигитлер менен Урыс фронтына атланған ҳәм урыстың соңына шекем ол әскерий байланыс тараўында хызмет еткен. Урыс дәўириндеги айрықша хызмети ушын ол орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған.
Жақсымурат Айданиязов Екинши жер жүзилик урыстан соңғы жылларда өз аўылына келип, байланыс тараўында өзиниң искерлигин баслайды. Әскерий хызметте топлаған тәжирийбеси арқалы бул тараўда жоқары табысларға ериседи (ол тек баслаўыш класс саўаты болыўына қарамастан әдеўир жетискенликлерге ерискен).
Ол усы тараўда ремонт бригадасын басқарып, өз жумысына берилген, ақ көкирек, өз нәсиятларын ҳеш кимнен аямайтуғын, адамгершилиги жоқары инсан сыпатында елге танылды.
1971-жылы Жақсымурат Айданиязовқа ең жоқары сыйлық “Мийнет қаҳарманы” атағы берилген. Ол ҳүрметли дем алысқа шыққаннан соңғы 5 жыл даўамында да байланыс тараўында мийнет еткен.
Жақсымурат Айданиязов 1999-жылы дүньядан өткен. Оның жарқын естелигин ҳүрметлеп, район орайынан бир көшеге аты қойылған.

Мағлыўмат алынған дерек RRAO_KRB

Таярлаған: администратор Марина Абдуллаева

t.me/kketnografiya




Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish


#Тарийх_бетлеринен
#Репрессия_қурбанлары

Қарақалпақ қызынан биринши «Болыс» лақабын алған Дәмештиң шығысы қандай?

Кегейли аймағында Сапармурат бай болыс отыз жыл , соң Әбдимурат бай Серекеев “болыс” лаўазымында, соң Дәмеш « болыс» Досымбет бийдиң келини “Ақманғыт” аўылда, ел-журтында мәртебели болған еди.
«Фирдавс-ил-иқбол» атлы тарийхый мийрас дөреткен Хийўалы тарийхшылар «Өмир-кенегес»- Аманқул бий, оның әўлады-Шоңқара бий-оның әўлады Абыл бий, оның әўлады Ерназар бий ҳаққында, Ал, Мухаммад Юсуф Баяний «Шажарайи -Хорезмшахи» мийрас-дәстанда ҳәм Хийуа ханы архивинде Кенегес Ерназар бий, Оренбургқа елши болып барғаны ҳаққында жазылған. Ол үлкен тулға-Ерназар бий- аталықтың ақлық қызларының бири- Дәмегул перий- сулыў, пүткил қарақалпақлардың уллы бийи- Маман бий әўладына, шаўлық келин болып түскен. Ол «Еркин» арна бойынан күн батыстан –күн шығысқа қарай, «Ақмаңғыт» аўылына келин болып келген.

Дәмеш сулыўдың көп жыллар өтпей, күйеўи қайтыс болады, Ол мәкән-қәўиминде, «Болыслық» хызметти алып барған.
Әттең , урыслар ақыбетинде ел-журт бүлгиншиликке ушырайды. Арқада- Дәўқара да , «Әннет»көлде «қупыя» мәжилистен басланған «Совет ҳәм большевиклерге» қарсы қураллы қозғалаң, «Тахта-Көпир базар» ишинде болып, ақыбети, инсанлар өмиринде үлкен қуўдалаўлар, трагедияларға дуўшар етти. Сол жылы, «баспашы,халық душпаны» деп айыпланып, бир неше жүзлеген зиялылар ҳәм ислам руўҳанийлери қатты жәбир көрди.
Кегейли, Жаңа базар. Шымбай аймағындағы ат минген, қамшы услаған, «Ерназар бий» әўладлары-туқымлары қуўдаланды, репрессия болды.
Солар катарында Дәмеш болыс шаңарағыда қуўдалаўға ушырап, мал-мүлки ҳәм палыз еккен атызлары тартып алынды. Акыбетте ѳзге журтларға кѳшиўге мәжбүр болды.

Дерек: Тарийхшы О.Юсуповтың илимий мақаласынан

Таярлаған: Марина Абдуллаева

t.me/kketnografiya




ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
үй-руўзыгершилик буйымларын шебер ислеген>> [Facebook группамыздан алынды].  --деп атап өткен.

       Ағаш усталары кели--келсап соғыўда ағашты уңғып оятуғын УҢҒЫ,  БУРАЎ, жонып тегислейтуғын  ЖОНҒЫ, ҚАШАЎ,  ИЙМЕК ҚАШАЎ,  ишин ысқылап тегислейтуғын ТАС, ЕГЕЎ,  ағашты қыздырып қарыйтуғын  ТЕМИР, КӨМИР сыяқлы затлардан ҳәм қураллардан пайдаланады.

         АҒАШ ТАҢЛАЎ~Таңлап алынған ағашты қайта ислеп, өңлеў, дәнди түйип унтақлайтуғын қурал ислейтуғын ағаш усталарын бурынлары деп атаған.   Усталар шыдамлы, сапалы, беккем  кели-келсап ислеў ушын жумысты  дәслеп ағаш таңлаўдан баслайды.  Өйткени, сазлы, сор ямаса суўлы, ызғар жерде өскен ағашлар кели ислеўге жарамсыз болады. Себеби, бундай ағашларды кептириў қыйын, кепкен менен де ол жарылып кетеди. Сор жерде өсен ағаштың болмысы тығыз болғаны менен, ол да кепкеннен соң қақ айырылып, жарылып кетеди. Кели соғыўшы жаз бенен гүзде, ҳаўа райы жаўынсыз, қурғақшылық ўақытта кели ислейтуғын ағаштың доғалақларын мол етип кесип жыйнайды. Бундай ағашлардың шөлли, суўсыз жерлерде өскенин таңлап кеседи. Ағашларды түбинен кесип, ямаса түбири менен қазып, қопарып алады. Оны келиниң өлшемине  ылайықлап доғалақ етип кесип, қапталларын жонып, болашақ келиниң нобайын таярлайды, кептириўге кириседи. Бундай доғалақларды кептириўдиң түрли усыллары болған. Усталар  уңғы, бураў,  қашаўлар менен кели исленетуғын доғалақтың ишин ойып алып таслайды.
        Келини ойыўда ҳәр уста ҳәр түрли усылларды қолланады. Мәселен, бири доғалақтың ортасын бурғы менен бурғылап, бурғыланған жердиң дөгерегин қыздырылған  үшкир  темир менен қарыйды. Қыздырылған темир менен қайта-қайта қарый отырып, кели ойығының нобайын шығарып алғаннан соң, иймек бас қашаў менен түўел жонып, ойып шығады.
        Келини ойыўдың екинши бир усылы---доғалақтың ортасын азлап ойып алып, сол жерге көмир шоғын салып, сол шоқ пенен қарып ояды. Гейде доғалақтың ишин қурал менен үңгип, ойып, қайнап турған қазанға ыссы пуўға тутып,  қақпақ сыяқлы төңкерип қояды. Солайынша ағашты жибитип болып та ояды.

         Бурынлары келини еки түрли усылда ойған---шуңғыл ҳәм тегис. Тары ақлайтуғын келини шуңғыл етип ойса, ал, бийдай, жүўери, арпа, гүнжи сыяқлы дәнли дақылларды түйиўге, және жарыўға пайдаланатуғын келилердиң түбин тегис етип ойған.

        Келиниң ишин ойыў жумыслары тамамланғаннан соң усталар келиниң ишин қурғақ топыраққа толтырып, сыртын да қурғақ топырақ пенен көмеди. Бундай етип ислеўиниң мәниси: келиниң ишиндеги ҳәм сыртындағы топырақ ағаштағы ығаллықты ҳәм дузды сорып алады. Топырақтан шығарып алғаннан соң, жақсылап кептириледи.

ҚУРАМА КЕЛИ~ағаш аз өсетуғын жерлерде келини бөлекленген кеспелтеклерден қурастырып соққан. Бундай келилердиң сыртын темир менен қурсаўлап, ямаса түйе, қой сыяқлы малдың ийленбеген териси менен қаплап қоятуғын болған.  Келиниң сыртқы ағашы қақсып жарылып кетпеўи ушын қойдың қуйрық майы менен де майлайтуғын болған.

КЕЛСАП~келиниң ишиндеги дәнли дақылды түйиўге, унтаўға, геўзеўге пайдаланатуғын түйетуғын ағашы. КЕЛСАП сөзи --"келиниң сабы" деген сөзлердиң бирикпесинен келип шыққан. Келсап салмақлы болыўы ушын жийде, қараман сыяқлы аўыр ағаштан ислейди. Оның еки басы да дәнди түйиўге қолайластырылып, жумыр етип исленеди. Келсаптың узынлығы--жоқарыда көрсетип өткенимиздей 1,40--1,60 см узынлықта болады, ҳәм еки тәрепи  тегисленип жонылады, қол мен услайтуғын орта тусынан тесип, жонып, ысқылап, қолайлы тутқа исленеди.

Кели менен келсап әййемги ўақытлардан бери дийханшылық пенен шуғылланатуғын қарақалпақ елиниң ең қәдирли, ата-бабалардан қалған мийрас мүлки болып есапланып, ҳәзирги күнлеримизде де күнделикли турмысымызда кең түрде пайдаланылып киятыр.

Shahzoda Allamuratova.

t.me/shahzoda_allamuratova


ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
КЕЛИ ҲӘМ КЕЛСАП

Әййемги дәўирлерден бери халқымыз турмысында өнерментшилик өз қунлылығын жойытпаған. Соның ишинде ағаш усташылығы кәсиби де Орта Азия, Европада жасап келген дүнья халықлары мәдениятына өзиниң белгили үлесин қосып, өзиниң этникалық ҳәм мәдений мийрасларының қурамын жаңалап раўажландырып отырған. Ерте дәўирлерден баслап-ақ, усталар өз жеримизде өсетуғын ақ тал, қара тал, емен, қараман, тут, жийде ҳәм ақ терек ағашларынан пайдаланып халқымыз турмысындп кең түрде қолланылып келген, ҳәзирги күнде де турмыслық буйым сыпатында пайдаланып жүрген: ағаш табақ, ағаш қасық, ожаў, гүби, пискек, атлаў, астақта, оқлаў, кели-келсап, ер-турман ҳәм тағы басқа буйымларды ислеп келген. Атлары аталған турмыслық буйымлар ҳәзирги күнлеримизде де өзиниң әҳмийетин жойытпай киятыр.

КЕЛИ ~дәнли дақылларды түйип  майдалайтуғын, унтақлайтуғын, геўзейтуғын қатты ағаштан, тас, темир сыяқлы материаллардан исленген иши қуўыс тутыныў әсбабы, турмыслық буйым.
КЕЛИ~қарақалпақ дәстүрханының көркин келтирип, шырайын шығаратуғын, тарыны түйип, ақлап сөк, жүўерини түйип, геўзеп қабығынан айырып, жарма, жүўери палаў, жүўери гөже, гүнжини унтақлап ийжан, жийдени нан менен араластырып түйип жийде тақан, салыны түйип, ақлап гүриш таярлаўда  пайдаланатуғын, ҳәзирги күнлерде де турмысымызда кеңнен  қолланылып киятырған қурал, турмыслық буйым.
        КЕЛИ~ турмыста қолланыў ретине қарай: ағаш кели, тас кели, темир кели, кишкене кели,--деп  бирнеше түрге бөлинеди.  Бийдай, жүўери, тары, арпа, салы, гүнжи сыяқлы дақылларды түйиўге  ағаш кели қолланылса, тас келилерди көбинесе саўдагерлер пайдаланып, оны үлкен етип жерди ойып, тастан ислеген. Бундай тас келилер--жер кели, үлкенлигине қарай нар кели деп те аталған.  Тас келилердиң үйде пайдаланатуғын кишкене түрин республикамызда  кореец миллетиндеги халықлар қолланады.  Емлик шөплерди езип, унтап дәри таярлаўда емшилер темир келилерди пайдаланған. Қолланылыў орнына қарай темир келилер үлкен ҳәм кишкене болып екиге бөлинеди. Кишкене темир келилер емлик шөплерден басқа темеки жапырағын унтаў ушын да қолланылады.

        Қарақалпақ халқының күнделикли турмысында АҒАШ КЕЛИ әййемнен бери пайдаланып киятырған ҳәм ҳәзирги күнде де өзиниң әҳмийетин жойытпаған турмыслық буйымлардың бири. Ағаш келиниң сыртқы көриниси цилиндр түринде болып,  бойы 70-80 сантиметрге шамалас болып келеди, диаметри 30-35 см дөгерегинде болады. Ағаш келиге дәнди салып түйетуғын қуралы--КЕЛСАП деп аталып, узынлығы 1,40-1,60 сантимер болады, келсаптың орта тусында еки қол менен услаўға қолайластырып, тесип исленген тутқасы болады. КЕЛИ менен КЕЛСАП~екеўи еки буйым болсада,  дегендей бир--биринен ажыралмас қураллар.

КЕЛИ~КЕЛСАП түрлерине қарай ислениў технологиясы да ҳәр түрли болып келеди.
       ТАС КЕЛИ~жерди ойып, тастан өрилип, иши жонылып тегисленеди. Соңғы ўақытларда цементтен қуйып бетонланып исленетуғын болған. Жерди ойып исленгенликтен буны ЖЕР КЕЛИ деп те атайды. --тас келиниң бир шетине бойы 1 метр шамасындағы еки бақан көмилип, дәл ортасына рычаглы түрде, көтерилип басылып туратуғын узынлаў ағаш бекитилип, ағаштың келиге түсер бағдарына келсап орнатылады. Ағаштың екинши ушы төменге орнатылған тахтайға бекитилип, келини түйгенде тахтайды аяқ пенен басып турады.
ТЕМИР КЕЛИ~темир, шойын сыяқлы материаллардан еритилип қуйма түринде үлкен ҳәм кишкене етип исленип, келсабы да сол материаллардан қуйылады.

        Халқымыздың күнделикли турмысында көп қолланылатуғын АҒАШ КЕЛИ~ қатты ағаш түрлери ақ сөкит, емен, қайың, қараман жийделерден исленеди. Ағаш келини ағаш усталарынан қасықшылар, арбашылар, үйшилер, саз әсбапларын соғыўшы усталар да ислей береди. Мәселен, профессор ҚАЛЛЫ АЙЫМБЕТОВ: ["Халық даналығы", Нөкис, Қарақалпақстан, 1988]---деп көрсетсе, журналистлер Б.Сапаров, К.Сейдановлар атақлы дуўтар соғыўшы уста Сейтнияз Жәримбет улы ҳаққында былай деп жазады:--




Ярым түнде Бахтыярдың иниси такси шақырып мийманларды мингизип жиберди.
       Жийемурат досты Мәмбетти аман-есен үйине қуўыстырды да машинаға қайта отырды. Ол да келе таслады. Сол жатыстан түс аўа оянды. Басына ун тыққандай мең-зең. Бүгин верстканың бар екенлиги есине түсип секирип турды. Бет-қолын муздай суўға жуўып, ашшы көк чай ишти. Ҳеш нәрсеге иштейи жоқ. Бул мәселеде көбирек тәжирийбеге ийе болған "устаз"ларының "пахмель" ---бас жазыўдың мың да бир даўасы" деген мәсләҳәтлери есине түсип, музлатқыштағы көптен бери ишилмеген жартылықтан бир кесе қуйды. Ол усы күнге шекем буған әдетленбеген еди. Тәўекел тартып жиберди де жөнелисли автобусқа отырды. Асқазанында әлле бир нәрсе қайнаўытлап алқымына қарай жылысып киятырған сыяқлы еди. Бирден жутқыншағына келип урылып, толқындай кейнине қайтып кетти. Ол автобустан зорға түсип үлгерди. Масқарашылығын айтсеш?!

Ол жумысына жаяўлап жетип барғанда газетаның дәслепки полосалары столында тур еди. Тағы да бет-қолын жуўып, муздай суў ишип алды да өзиниң ўазыйпалы жумысына киристи. Газетаның ең ақырғы рекламалар,  дағазалар полосасына келгенде күн батыўға шамаласқан еди.
      Ең соңғы кеўил айтыўлар  колонкасын оқый баслады.


Көбейсин ЕРНАЗАРОВ:

(Юмор-сатиралық гүрриң)

       Газеталардың биринде корректор болып ислеп атырған Жийемураттың дыққатын алдындағы телефон қоңыраўы бөлип жиберди. Трубканы көтерди.
~"Алло, аўа мен! Қалайсаң достым, Мәмбет,  үй-ишлериң аман ба? Не дейсең? Түк хабарым жоқ. Бахтыяр Кореядан келипти?! Барып шығайық дейсең бе? Әлбетте! Қурдасқа көз айдын айтайық. Мақул. Саат 6 да туннельде ушырасқайлы, келистик!".
     Бул үш үлпет бир қалада жасап, бир мектепте оқыған болса да, кәсиплери ҳәр қыйлы еди. Арадан бираз жыллар өтсе де қарым-қатнасы баяғыдай. Арақ қой арақ, бир-бириниң ысытқан суўынан қуры қалмайды. Олардың ҳәр бириниң үйлениў тарийхы бир дәстан. Ҳәзирше ол жағын қозғамай-ақ турайық....
       Солай етип, Жийемурат ўәдели ўақытта келисилген жерге жетип барды. Оны дағы досты Мәмбет Сайыпов әлле қашан күтип турған екен. Сол жерден жөнелисли таксиге отырып мәнзилге тартты.
       Олар май өнимлерин ислеп шығаратуғын қоспа кәрханада технолог болып ислеп, Кореяда алты айлық стажировкада маманлығын жетилистирип қайтқан Бахтыяр "жуўазшы"ның үйине кирип барғанда: қызарып-бөртип әдеўир жерге барып қалған досты деген қосықты айтып қушағын жая умтылды.
~Аман-есен келдиң бе, жора?
~Сизлерди де көрер күнлер бар екен-аў, досларым!
     Сол аралықта қурдасыга да көзайдын айтып үлгерди. Үш үлпет тиртеклесип мийманханаға  өтти. Отырар-отырмастан-ақ Бахтыяр еки шийше менен бир шийше алып келди.
~Ҳәзир ғана қоңсыларды шығарып салдым,---деп қуйыстырыўдың әнжамына  киристи.
~Ҳаў, достым! Бизлер бөридей ашпыз. Саған усап аўқатқа тойып, кекирип отырғанымыз жоқ,--деди Жийемурат.
~Ҳәзир бәри де "чоң су" болады,--деди Бахтыяр.---Алды менен Кореядан келтирилген теберик ден бир-бирден жиберейик, иштейиңди зор ашып қояды.
~Саў-саламат көргенимиз ушын!---деди Жийемурат.
~ден аямай қуйып бергениңиз ушын?!--деди Мәмбет
~Шайыр болып кетиңлер-а!--деди Бахтыяр.
~Ақыры, деген емес пе? Бизге де Жийемурат корректордан шырпы шөбиниң басындай болса да жуққан ғой, достым,--деп ҳәзилге айландырды Мәмбет.

        басланды. Бахтыяр қәдимги кореец сериалларындағыдай бирден өңешине қуйып жиберди. Ал, еки досты қайнаған сүт ишкен сыяқлы бөлип-бөлип адақлады.
~Дәҳми қарекеңниң "боза"сына усайды екен,--деди Жийемурат.
~Анаў бир жыллары бизиң кемпир апамыз бийдайдан боза таярлап иштиргени ядымда. Қырық градусқа шекем қуўатлылыққа ийе десип жүрди билгишбайлар.
       Тағы да қуйылды. Сол аралықта столдың үсти иштейди қытықлайтуғын бираз нәрселер менен толды. Демде чай менен қоса қуўырдақ та келтирилди. Жийемурат пенен Мәмбет аш бөридей тийисти.
~Дүньяның қайсы мүйешине барсаң да бизиң ға жетпейди,--деди Бахтыяр шийшени ашып атырып.
~Корректорлық хызметтиң жуўапкерли екенлигин билесең ғой,--деди Жийемурат.---"Урҳа--ур" менен басымыз айланып "жыйын-терим басланды" деген уранымыз "қыйын терим басланды" болып урылып кетпейик. Солай екен, маған емес, ға көбирек қуя бер. Ол тоңыртқадай тарта береди,--деди ойынлы-шынлы.
~Қойсаң-ә, сол паң-паңға толған мақалаларыңды. Қәтелессең келеси номерде дүзетиў берип қутыла қоясаң. Ал, биз мәс болып алжассақ пүткил елат суўсыз қалыўы тақыйық. Әне, жумыс деп соны айт, досларым,--деди Мәмбет.
~Гәп тамам, ўәссалам!--деп сөзди кести Бахтыяр.---Бизиң үйде бүгинше жумысты додалаў болмайды, тек те ишиледи. Алты айда бир рет ушырасып атырмыз. Көрген-билгенлеримди соң айтып беремен. Ҳәзирше барлық ықлас шарапқа қаратылсын! Қәне тарттық!
       Жийемурат бәрибир сақланыңқырап ишти....

      Үшинши шийшени таўысқанда Мәмбет қулады. Арман-берман шайқап көрип еди, болмады. Көп өтпей көпшикте жамбаслап жатырған Бахтыяр да "қор-қорға" кетти. Шамасы, менен тил табысқан болса керек, болмаса адамға екеўден ишкенде де беглигин бузбай жүрген жигитлерден еди ғой!


К.Ерназаров. (Юмор-сатиралық гүрриң)

t.me/kketnografiya

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.