ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
Ана сүтиниң қурамында да дуз болатуғынлығы дәлилленген.
Халықтың ески емшилик тараўында да көз тийип аўырған адамды отқа дуз таслаў, дузлы суў бүркип ушықлаў әмеллери исленеди. Түркий тиллес халықлар дәстүринде жаңа үйленип атырған жасларды дуз бенен аласлаў дәстүри де елеге шекем сақланып киятыр.
Сондай-ақ, , ,---деген сөзлер де дуздың кийесин, адамға пайдасының көп екенлигин билдиреди.
Дуз қәдирли ас. Халқымызда: , , , ~деген фразалар да дуздың адам өмириндеги әҳмийетин, қәдир-қымбатын көрсетеди.
Елге қәдирли қонақлар келсе, рәсмий сапар менен келген шет еллик мийманлар келсе, алдынан нан--дуз алып шығыў дәстүри де, дузды нан менен тең қойып қәдирлеўди көрсетеди.
Елимиздеги Үстирт жазықлығындағы Қараўымбет дуз кәни-елимиздиң мақтанышы, тийкарғы байлықларының бири. Халқымыздың жаңа туўылған нәрестени: --~дегенинде де үлкен мәни бар. Елдиң дузына шомылдырылған балада елге деген сүйиўшиликтиң қәлиплесиўине де усы себепши болса керек. ~деп кишкене баланың кийимине дуз тағыў, есиктиң маңлайшасына дуз қыстырыў ырымлары да, халқымыздың дузға деген ҳүрметин билдиреди. Сол ушында, дуз төгилсе:~ ~деген ата-ана тәрбиясы жаслайынан ҳәр бир баланың санасына сиңдирилип отырылады. Дуз қәдирли ас!
Shahzoda Allamuratova
t.me/shahzoda_allamuratova