ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
КЕЛИ ҲӘМ КЕЛСАП
Әййемги дәўирлерден бери халқымыз турмысында өнерментшилик өз қунлылығын жойытпаған. Соның ишинде ағаш усташылығы кәсиби де Орта Азия, Европада жасап келген дүнья халықлары мәдениятына өзиниң белгили үлесин қосып, өзиниң этникалық ҳәм мәдений мийрасларының қурамын жаңалап раўажландырып отырған. Ерте дәўирлерден баслап-ақ, усталар өз жеримизде өсетуғын ақ тал, қара тал, емен, қараман, тут, жийде ҳәм ақ терек ағашларынан пайдаланып халқымыз турмысындп кең түрде қолланылып келген, ҳәзирги күнде де турмыслық буйым сыпатында пайдаланып жүрген: ағаш табақ, ағаш қасық, ожаў, гүби, пискек, атлаў, астақта, оқлаў, кели-келсап, ер-турман ҳәм тағы басқа буйымларды ислеп келген. Атлары аталған турмыслық буйымлар ҳәзирги күнлеримизде де өзиниң әҳмийетин жойытпай киятыр.
КЕЛИ ~дәнли дақылларды түйип майдалайтуғын, унтақлайтуғын, геўзейтуғын қатты ағаштан, тас, темир сыяқлы материаллардан исленген иши қуўыс тутыныў әсбабы, турмыслық буйым.
КЕЛИ~қарақалпақ дәстүрханының көркин келтирип, шырайын шығаратуғын, тарыны түйип, ақлап сөк, жүўерини түйип, геўзеп қабығынан айырып, жарма, жүўери палаў, жүўери гөже, гүнжини унтақлап ийжан, жийдени нан менен араластырып түйип жийде тақан, салыны түйип, ақлап гүриш таярлаўда пайдаланатуғын, ҳәзирги күнлерде де турмысымызда кеңнен қолланылып киятырған қурал, турмыслық буйым.
КЕЛИ~ турмыста қолланыў ретине қарай: ағаш кели, тас кели, темир кели, кишкене кели,--деп бирнеше түрге бөлинеди. Бийдай, жүўери, тары, арпа, салы, гүнжи сыяқлы дақылларды түйиўге ағаш кели қолланылса, тас келилерди көбинесе саўдагерлер пайдаланып, оны үлкен етип жерди ойып, тастан ислеген. Бундай тас келилер--жер кели, үлкенлигине қарай нар кели деп те аталған. Тас келилердиң үйде пайдаланатуғын кишкене түрин республикамызда кореец миллетиндеги халықлар қолланады. Емлик шөплерди езип, унтап дәри таярлаўда емшилер темир келилерди пайдаланған. Қолланылыў орнына қарай темир келилер үлкен ҳәм кишкене болып екиге бөлинеди. Кишкене темир келилер емлик шөплерден басқа темеки жапырағын унтаў ушын да қолланылады.
Қарақалпақ халқының күнделикли турмысында АҒАШ КЕЛИ әййемнен бери пайдаланып киятырған ҳәм ҳәзирги күнде де өзиниң әҳмийетин жойытпаған турмыслық буйымлардың бири. Ағаш келиниң сыртқы көриниси цилиндр түринде болып, бойы 70-80 сантиметрге шамалас болып келеди, диаметри 30-35 см дөгерегинде болады. Ағаш келиге дәнди салып түйетуғын қуралы--КЕЛСАП деп аталып, узынлығы 1,40-1,60 сантимер болады, келсаптың орта тусында еки қол менен услаўға қолайластырып, тесип исленген тутқасы болады. КЕЛИ менен КЕЛСАП~екеўи еки буйым болсада, дегендей бир--биринен ажыралмас қураллар.
КЕЛИ~КЕЛСАП түрлерине қарай ислениў технологиясы да ҳәр түрли болып келеди.
ТАС КЕЛИ~жерди ойып, тастан өрилип, иши жонылып тегисленеди. Соңғы ўақытларда цементтен қуйып бетонланып исленетуғын болған. Жерди ойып исленгенликтен буны ЖЕР КЕЛИ деп те атайды. --тас келиниң бир шетине бойы 1 метр шамасындағы еки бақан көмилип, дәл ортасына рычаглы түрде, көтерилип басылып туратуғын узынлаў ағаш бекитилип, ағаштың келиге түсер бағдарына келсап орнатылады. Ағаштың екинши ушы төменге орнатылған тахтайға бекитилип, келини түйгенде тахтайды аяқ пенен басып турады.
ТЕМИР КЕЛИ~темир, шойын сыяқлы материаллардан еритилип қуйма түринде үлкен ҳәм кишкене етип исленип, келсабы да сол материаллардан қуйылады.
Халқымыздың күнделикли турмысында көп қолланылатуғын АҒАШ КЕЛИ~ қатты ағаш түрлери ақ сөкит, емен, қайың, қараман жийделерден исленеди. Ағаш келини ағаш усталарынан қасықшылар, арбашылар, үйшилер, саз әсбапларын соғыўшы усталар да ислей береди. Мәселен, профессор ҚАЛЛЫ АЙЫМБЕТОВ: ["Халық даналығы", Нөкис, Қарақалпақстан, 1988]---деп көрсетсе, журналистлер Б.Сапаров, К.Сейдановлар атақлы дуўтар соғыўшы уста Сейтнияз Жәримбет улы ҳаққында былай деп жазады:--