Ярым түнде Бахтыярдың иниси такси шақырып мийманларды мингизип жиберди.
Жийемурат досты Мәмбетти аман-есен үйине қуўыстырды да машинаға қайта отырды. Ол да келе таслады. Сол жатыстан түс аўа оянды. Басына ун тыққандай мең-зең. Бүгин верстканың бар екенлиги есине түсип секирип турды. Бет-қолын муздай суўға жуўып, ашшы көк чай ишти. Ҳеш нәрсеге иштейи жоқ. Бул мәселеде көбирек тәжирийбеге ийе болған "устаз"ларының "пахмель" ---бас жазыўдың мың да бир даўасы" деген мәсләҳәтлери есине түсип, музлатқыштағы көптен бери ишилмеген жартылықтан бир кесе қуйды. Ол усы күнге шекем буған әдетленбеген еди. Тәўекел тартып жиберди де жөнелисли автобусқа отырды. Асқазанында әлле бир нәрсе қайнаўытлап алқымына қарай жылысып киятырған сыяқлы еди. Бирден жутқыншағына келип урылып, толқындай кейнине қайтып кетти. Ол автобустан зорға түсип үлгерди. Масқарашылығын айтсеш?!
Ол жумысына жаяўлап жетип барғанда газетаның дәслепки полосалары столында тур еди. Тағы да бет-қолын жуўып, муздай суў ишип алды да өзиниң ўазыйпалы жумысына киристи. Газетаның ең ақырғы рекламалар, дағазалар полосасына келгенде күн батыўға шамаласқан еди.
Ең соңғы кеўил айтыўлар колонкасын оқый баслады.