АТА БАБАЛАРЫМЫЗ
Т А Р И Й Х Ы Н А Н
Мен фейсбуктағы каналында жәрияланған САЛМЕН АТА мақаласын оқып отырып Бухара медресесине оқыў ушын жөнетилген жас талабалар ҳаққындағы жазылған мағлыўматқа көзим түсти. Буннан 2 жыл алдын бул уламалы мақсым аталар ҳаққында мақала жазып , сүўрети менен қосып өз каналыма таслаған едим
50 жылларда мәмлекетимиз тәрепинен Бухарадағы "Мир Араб" медресесине оқыў ушын жиберилген 4 талабан Раҳматуллаҳ Идрис улы, Кеўлимжай Жамаладдин улы, Ўайис Алауддин улы, Латийф Бегдулла улы.
Негизинде мениң анамның әжапасы Оразгүл Қәлли қызының өмирлик жолдасының туўылған ўақтындағы аты Абдулатиб Бегдулла улы болған. Паспортында Абду сөзин алып таслап Латийф деп жазылған. Перзентлери дүньяға келгенинде олардың ҳүжжетлерине Латипов деп жазылған. Бизлерде барлық туўысқан жақынлар Латип жезде, ата деп айтқанбыз.
Бухараға оқыўға жөнетилген ўақытта Латийф Бекполат улы деп алжасып жазылған. Жездемниң үлкен улы Абдикарим әжағам менен ортаншы улы Абдиразақ әжағам паспорты бойынша Бегдуллаев болғанлығы ушын архивке фамилиясына өзгерис киргизиўди усыныс етип барған, өзгерис киритилген, бирақ негедур түп нусқасында солайынша Бекполат улы деп қәте жазылып қала берген. Латип жездемниң ҳәм әкеси Бегдулла атаныңда қәбирлери Кегейлиниң 6-аўылы, Қарасыйрақ аўылы қойымшылығына жайласқан
Мен балалығымнан бул уламалы мақсым аталарды жақсы танығанман, узақтан жуўырып еки қолымды жайып сәлемлескенмен. Оларда мениң басымнан сыйпалап , күле шырай менен атаң үйдеме, деп сорайтуғын еди. Латип жездемниң үйи бизиң үйге жақын болғанлығы ушын үйинен шықпай, көшесиндеги баллар менен досласып, қараңғы түнге шекем ойнай беретуғын едим.
Мүбәрек күнлерде, Ҳайыт, Ораза күнлерде Латип жездемниң үйинде қандайда бир жыйынлар болса үйдиң ең уллы мәртебели, сыйлы мийманлары усы сүўреттеги аталар болатуғын еди. Басқа ўақытларыда тез тез көрисип туратуғын еди, ортадағы үлкен залында қуръан китапларын оқып отырған ўақытлары ол залдың есигин ашыўға рухсат етилмес еди.
Сүўретте не ушын 5 талаба түскен, Қарақалпақстаннан төртеўи кеткенғой деген сораў мени қатты қызықтырды. Бул сораўымды Латип жездемниң ортаншы ҳәм киши уллары Абдиразақ әжағам менен Ҳажымухаммед әжағамнан сорап жуўабын анықластырдым. Ортадағы талаба сол жақта Мир Араб медресесинде бирге оқып, саўат ашқан Бухаралық жигит екен
Кейинги сүўреттеги Латийф Бегдулла улының портретин Игор Савицкий өз қоллары менен сызған. Жездем бул атақлы инсан менен музейде бирге ислеген, фонд басқарыўшысы лаўазымында. Үстиндеги пальто жағасын ҳәм қозы жүнинен, терисинен жасалған бас кийимин жездем өз қоллары менен тиккен. Буннан басқа мәҳси, аяқ кийимлерин, ҳәр түрли саз әсбапларында суп сулыў етип қолдан жасайтуғын еди.
Латип жездем арқалы усындай уламалы, атақлы инсанлар менен сәлемлесип, жүзбе жүз дусласып, көрискенимнен жүдә бахытлыман. Буларда Аллаҳтааланың маған берген бахты, инәмы деп мақтанаман
УЛБОСЫН АТАЖАНОВА
Facebook группамыз модераторы.
t.me/kketnografiya