ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ dan repost
КӨРИМЛИК СОРАЎ
КӨРИМЛИК~ [салт], атлық.
КӨРИМЛИК~халқымыздың салт дәстүрлериниң бири болып, әййемнен ҳәм ҳәзирги күнделикли турмысымызда белсенди қолланылып киятырған, ылайықлы орны бар дәстүрлеримиздиң бири.
КӨРИМЛИК~"көриў", "қараў" деген сөзлерден келип шығып, жаңа туўылған нәрестени, елге жаңадан түскен келинди, жаңа туўылған жас төлди биринши рет көргенде жақын-жуўық туўысқанлардың, қоңсы-қоба ҳәм жанашыр дослардың ҳақ кеўилин, адамгершилигин, ҳақ нийети менен ықласын, аашық қоллы сақыйлығын билдириў мақсетинде берилетуғын сыйлықтың түри.
Көримлик те пайғазы сыяқлы адам өмириндеги қуўанышлы жаңалық ушын берилетуғын сыйлық болғаны менен пайғазыдан мәниси, мазмуны бойынша өзгешеликке ийе болып, ажыралып турады. Пайғазы~жаңа кийим кийгенде, бир буйымды жаңадан алғанда, таза көлик мингенде қуўанышын бөлисиў ушын берилетуғын сыйлық болса, көримлик~ жаңа туўылған нәрестени, жаңа түскен келинди, жаңа туўылған жас төлди көргенде қуўанышын бөлисиў ушын бериледи.
Мине, усындай өзгешеликлерине қарап, пайғазы жансыз затлар ушын берилетуғын сыйлық болса, көримлик~жанлы, адамды, жас төлди биринши рет көргенде жақын-жуўық ағайинлердиң, дослардың беретуғын сыйлығы.
Көримлик ерте дәўирлерден бери халықтың мәдений турмысында бар дәстүр. Мәселен:
Көримлик берип киргизди,
Шадлы дәўран сүргизди,
Есик ашып қатынлар,
Ақ отаўға киргизди.....
[ дәстанынан]
Көримлик тилеп алғанда,
Билмедиң бе кетерин?
Кер бийедей бийеден,
Торыша қулын туўғанда,
Билмедиң бе кетерин?
[ дәстанынан].
Бул келтирилген мысалларда келин келгенде көримлик алыў ҳәм Кербийедей тулпардан Торыша деген қулын туўылғанда көримлик дәстүриниң қолланылғанын көриўге болады.
~ көримлик сораўшылардың жақынларына еркелигин, еркинлигин билдириўши, ағайин-туўысқаншылық, дослық мүнәсибетлерин билдиреди.
Көримлик сораўдың мәниси: алып-бериўде емес, жақын адамлардың жақсы нийетин, ашық кеўилин, сақыйлығын танытыўдың белгиси ретинде қаралады.
Көримлик сораўшыға берилетуғын сыйлықлардың түрлерине ақша, затлай буйымлар ҳәм т.б. баҳалы буйымлар киреди, көримлик бериўши өзиниң мүмкинлигине қарап, қәлеген сыйлық түрин бериўине болады.
Тойларда беташар айтыўды бурынлары деп те атаған, себеби, беташарлар: --- деп басланады.
Мәселен:
[К.Мәмбетов, романынан]
Нәресте жаңа туўылғанда, анасын жас босандырған ҳаяллар сол үйдиң басқа адамларынан көримлик сораўға ҳақылы.
Көримлик сораў жас нәрестени бесикке салар ўақыттағы да қуда тәрептен келген қудағайлардан ҳәм жақынларынан соралады.
Дәстүр мәдениятлылық белгиси ҳәм байлығы, ол халықтың турмысы менен қосылып қайнаған ажыралмас бөлеги. Тойлардағы қуўанышқа толы жақсы күнлеримиздеги қәде бериў, көримлик сораў ҳәм тағы басқалар халқымыздың әжайып дәстүрлери болып, өзиниң өмиршеңлиги менен мәдений турмысымызда әҳмийетли.
Shahzoda Allamuratova
t.me/shahzoda_allamuratova