Көнши МПЖ жаслары


Channel's geo and language: Uzbekistan, Russian


Shimbay rayoni 11-sanlı Kónshi mákan puqaralar jiyinınıń telegramdaģı rasmiy kanalı.
@shimbaykonshi11MPJ

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Russian
Statistics
Posts filter


1


Ózińizdegi qaharmandı tabıń!

“Men donorman” qan tapsırıw
qayırqomlıq akciyasında qatnasıw arqalı kóplep insanlar ómirin saqlap qalıw imkaniyatına iyesiz!

📆 Qan tapsırıw akciyası usı jıldıń 5-10-dekabr kúnleri Respublikamızdıń barlıq aymaqlarında ótkeriledi.

Tolıq...

Biziń rayonımızda 10-dekabr kúni Shımbay medicina birlespesinde ótkeriledi.

⭕️ Qayırqomlıq qan tapsırıw akciyasında ıqtıyarıy 18 jastan
60 jasqa shekemgi bolǵan puqaralar
(jaslar, áskeriy xızmetkerler, studentler, mámleket xızmetkerleri, kewilliler hám keń jámiyetshilik wákilleri) donor sıpatında qatnasıwları múmkin.

#jaslaragentligi #mendonorman #bizbirsaptamız #jaqsılıqálbetteqaytadı


Табысқа ерискен инсанлардың өзине тән 20 қәсийети:

1. Басқалар ислей алмаған жумыстың олар жолын излейди, қол силтеп кетпейди;

2. Басқалар әўметсизлик деп билген нәрселерди, олар өмир сабақлары деп есаплайды;

3. Олар анық ойланған режелерди қабыл етеди;

4. Басқалар әўметти күтип отырса, олар әўметти өзлери излейди;

5. Басқалар сыяқлы оларда да қорқыў бар. Бирақ қорқыў оларды басқарыўға жол қоймайды. Олар қорқыўды әпиўайы бир қәўетерлениў деп есаплайды;

6. Олар сондай сораўларды береди, жуўабы инсанды терең ойлаўға мәжбүр етеди;

7. Олар шағым етпейди – шағым етиў артықша күш жумсаў деп есаплайды;

8. Олар басқаларға айыпты аўдармайды. Керисинше бәрше қылған ҳәрекетлери ҳәм олардың нәтийжелери ушын толық жуўапкершиликти өз мойнына алады;

9. Оларда өзгеше бир талант болмаўы мүмкин, бирақ олар ҳәр дайым машқаланы шешиў ушын максимал шешим таба алады. Олар өзлеринен көбирек нәрсени талап етеди;

10. Олар жүдә бәнт, нәтийжели ҳәм пунктуал инсанлар. Қайжерде болмасын олар әтираптағылардың өзлерин тап ислеп атырғандай тутып ўақыт өткерип атырғанлығын додаламастан, шын кеўилден берилип ислейди;

11. Олар өз мақсетлерине жетисиўде әтирапына ең нәтийжели тәсир көрсететуғын бир пикирли инсанларды жыйнайды;

12. Олар өзлерине "неге енди мен емес" деген сораўды береди. Бул болса ағым бойынша жүзбеўге жәрдем береди;

13. Басқалар өз өмирин шеттен бақлап атырған бир ўақытта, олар өмириниң қандай болыўын анық көз алдына келтире алады ҳәм сондай болыўға ҳәрекет етеди;

14. Олар еликлемейди, ал өз жолларын жаратады;

15. Олар өз жумысларын артқа сүрмейди, яғный, олар өмирде қандайда бир нәрсени күтип жасамайды;

16. Олар өмир бойы үйрениўде шаршамайды. Ҳәр қандай турмыслық тәжирийбе олар ушын сабақ;

17. Олар оптимист адамлар, сол себепли ҳәр нәрсениң пайдалы тәрепин көре алады;

18. Олар өзлерин қалай сезиўине қарамастан, ислеўи керек болған жумысты орынлайды;

19. Олар финанслық, сезимлик, кәсиплик ҳәм руўхый тәреплерден тәўекел етиўден қорықпайды;

20. Олар машқалалардан қашпайды, керисинше оларға тик қарайды.

Каналға жалғаныў 👇👇👇
@ARGOS_QR


Forward from: Unknown
Бүгин 28- ноябрь " Халық аралық Меҳир - мириўбет күни "

Усы мүнәсибет пенен бүгин ата- анамызға , шаңарақ ағзаларымызға , перзентлеримизге Мийримли , итибарлы болайық.Бир биримизди жақсы сөзлер менен кеўиллерин алыўға ҳәрекет етейик, Қәдирданларым 🤗

☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘


💥 Бүгин 24-ноябрь Дослар күни.

— Бүгин дүняның көплеген мәмлекетлеринде - Дослар күни байрамланады. Ҳәр жылы 24-ноябрь куни бул байрам турмыс шәраятлары ҳәм ҳәр қыйлы кеўилсиз ўақыяларға қарамастан, биз досларымызға олардың биз ушын қаншелли дәрежеде зәрүрлигин ескертиўимиз ушын исленген.

— Дос-жақсы күниңизде де, жаман күниңизде сиз бенен желкеслес туратуғин инсан . Сондай инсаныңыз бар болса әлбетте оның қәдирине жетиң ! Бундай инсанлар сизге өмирде шенде-шен бериледи

— Бул постты сол досларыңыз бенен бөлисиң 😇 !

https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


Ассалаума алейкум хурметли жаслар
IT (компьютер), Каракалпак тили хам шет тилинен окып таярланаман деген жаслар болса маган хабарлассын . Ислам +998995016775


КМУ Шымбай факультети имаратында Каракалпак тили хам шет тилинен таярлык курсы бар БИЙПУЛ. Таярланатугын жаслар болса 99-501-67-75 номерине хабарласын.


Үш нәрседен қорқаман:

1⃣ Баласына ҳәййиў айтпаған анадан.
2⃣ Ақлығына ертек айтпаған әжеден
3⃣ Өз елинде жүрип ана тилинде емес өзге тилде сөйлескен еки адамнан қорқаман.

✍ Б. Момыш.
https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


ЗАМАНЫМЫЗ ИЛЛЕТЛЕРИ.

Талампайға түскен бийшара бюджет.

Халық билимлендириуинде 47 млрд сом,

●Ден саулықты сақлауда 30 млрд сом,

●Мектепке шекемги билимлендириуде 7 млрд сом,

●Мәденият министрлигинде 5, 5 млрд сом


Нызамсыз сарпланғанлығы анықланды.

https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


1-dekabr Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgen kún.

https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


14-dekabr Qaraqalpaqstan Respublikasi mámleketlik bayraģi qabil etilgen kún

https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


#ғәзийне
📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары

Атызлы жерде ат өлмейди,
Үйирли жерде ер өлмейди.

Бармақлар басқа болса да, билек бир,
Ара алыс болса да, тилек бир.

Аўыз биришилик байлықтың нышаны .


Өзим билемен деген басқа ойран салар.
Көп биледи деген баққа қорған салар.

Қалың журтты жаманлама,
Халық табады миниңди.
Еки ушлы сөз айтсаң,
Қызартады жүзиңди.

Көптей тентек болсаң да,
Көпке тентек болма.

Шәрияттың шарымы көп.
Бирлик етсең барымы көп.

Паданың аўзы бир болса,
Бөриге алдырмас.

Бармағың бирикпесе,
Ийнеде илинбейди.

Биреў болса ес,
Екеў болса жолдас.

Бирдиң кесапаты мыңға тийеди.

Бир қумалақ бир қарын майды ширитеди.

Бир ели аўызға еки ели қақпақ керек.

Байлық – байлық емес,
Бирлик байлық.
📖

https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


☀️ Өзбекстанда ҳаўа райы +23 дәрежеге шекем көтериледи

Өзгидромет мағлыўматына бола, Иран аймақларынан Өзбекстанға қурғақ ҳәм жүдә жыллы ҳаўа кирип келип атырғанлығын мәлим қылды.

👉 @Karakalpak24


30 жастан кейин қандай азық-аўқатлардан ўаз кешкен мақул.

📌 Қумшекер. Ҳәдден тыс қумшекер инсулин төменлеўине алып келиўи мүмкин. Буннан тысқары, бул жыйрықлар пайда болыўын тезлестиреди.

📌 Дуз. Дуз қан басымын асырыўы ҳәм инсулт қәўипин асырады.

📌Спиртли ишимликлер. Бириншиден, ол жүдә жоқары калория есапланады. Соның менен бирге, инсулин дәрежесин асырады.

📌Кофеин нерв системасына унамсыз тәсир етеди, уйқыны бузады. Уйқысызлық болса қартайыўды тезлестиреди.

📌Сарымай. Оның қурамындағы транс майлары жүрек ҳәм буўынларға кери тәсир етеди ҳәм кеселликлерди келтирип шығарады.

📌 Колбаса. Қурамындағ нитратлар ракқа алып келиўи мүмкин, натрий организмның суўсызланыўына алып келеди ҳәм тойынған майлар жүрек кеселликлери қәўипин асырады.

📌 Фаст-фоод. Оларда көплеген қумшекер, дуз ҳәм химиялық қосымшалар бар.

📌Майлы соуслар. Майонез, кетчуп ҳәм басқа соған уқсас соуслар жүдә зыянлы елементларды өз ишине алады.

Derek : @ne_ushin


https://t.me/shimbaykonshi11MPJ


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🌳Shımbayda “Jaslar baǵı” shólkemlestirildi

☘️Shımbay rayonında Jaslar baǵın shólkemlestiriw ushın arnalǵan 4 gektar maydanǵa jaslarımız tárepinen 600 den aslam miywe hám sayalı terek nálleri egildi.

📹Tolıq videoda...

📲@jaslar_isleri_agentligi


Video is unavailable for watching
Show in Telegram


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#Онлайн

#Жасыл макан акциясы шеңберинде

#Мақсет бағ жаратыў

Шымбай районында Жаслар бағында ҳәзир 600 түп мийўели нәллер жаслар тәрепинен егилмекте.

Шымбай районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети

https://t.me/shimbayrk


#Nızamshılıqtaǵı_jańalıqlar

Kibersport boyınsha bakalavriat bilimlendiriw baǵdarı ashıladı

“Kibersport túrlerin jánede rawajlandırıw hám keń ǵalabalastırıwǵa baylanıslı qosımsha is-ilajlar haqqında”ǵı Prezident qararı (PQ–423-san, 16.11.2022-j.) qabıl etildi

✅ Qararǵa kóre, kibersport túrleri boyınsha respublika hám xalıqara chempionatlar hám turnirler shólkemlestiriw, sonday-aq, abıraylı xalıqaralıq hám territoriyalıq jarıslarda múnásib qatnasıw kibersport túrlerin rawajlandırıwdıń tiykarǵı baǵdarlarınan biri etip belgilendi.

🗓 2023-jıldan dástúriy tárizde kibersport túrleri boyınsha:

▫️hár jılı aprel ayında “Uzbekistan Esports Championship” respublika chempionatı;
▫️hár jılı dekabr ayında “Ózbekstan Respublikası Ministrler Kabineti kubogı” turniri;
▫️hár jılı iyun ayında “Jaslar kubogı” turniri ótkeriledi.

🏢 Qarar menen Kibersport turların jánede rawajlandırıw hám keń ǵalabalastırıw boyınsha keńseleraralıq keńes shólkemlestiriledi.

📁 Sonday-aq, kibersportda “ping” mashqalasın basqıshpa-basqısh saplastırıwdı názerde tutıwshı Kibersport túrlerin jánede rawajlandırıw hám keń ǵalabalastırıw is-ilajlar dástúri tastıyıqlandı.

❗️Ózbekstan mámleketlik dene tárbiya hám sport universitetinde 2023/2024-oqıw jılınan “Sport iskerligi: kibersport” bakalavriat bilimlendiriw baǵdarı ashıladı hámde usı baǵdar boyınsh oqıw múddeti 3-jıl etip belgilenedi.

☑️ “Uzbekistan Esports Championship” respublika chempionatında keyingi bir jılda jeńimpaz (1-orın) bolǵan kibersportshılar 2023/2024-oqıw jılınan usı bakalavriat bilimlendiriw baǵdarına kásiplik (dóretiwshilik) imtixanların tapsırıwdan azat etilip, olarǵa maksimal ball beriledi.

Kanalǵa jalǵanıw 👉 https://t.me/maman_advokat


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
«Арал» командасы Про-лигаға шықты

Бүгин болып өткен ушырасыўда Қарақалпақстанның «Арал» командасы Ташкенттиң «Локомотив-БФК» командасын 4-1 есабында жеңип Про-лигаға жоллама алды.

Бул жеңис пенен «Арал» командасын ҳәм ықласбентлерин қутлықлаймыз! Кейинги жылы Про-лигада да биринши орынды алып Суперлигаға шығыўына тилеклеспиз!

👉 Ең соңғы жаңалықлар


Президент қарары менен Қарақалпақстан Республикасына 293,7 млрд.сум ажыратылды

Аймақларды абаданластырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы сапластырыў, атап айтқанда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәденият, спорт ҳәм басқада инфраструктура объектлерин жақсылаў, усы тийкарда пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын 293,7 млрд.сум ажыратылды.

Ажыратылған қаржы тийкарында әмелге асырылатуғын 259 жойбардың мәнзилли дизимлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде додаланып, тастыйықланды. Сондай-ақ, әмелге асырылатуғын 259 жойбар ҳаққындағы мағлыўмат мәҳәллелердиң кириў орынларына жайластырылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

👉 Ең соңғы жаңалықлар

20 last posts shown.

35

subscribers
Channel statistics