Президент қарары менен Қарақалпақстан Республикасына 293,7 млрд.сум ажыратылды
Аймақларды абаданластырыў, аўыл ҳәм мәҳәллелерде инфраструктура менен байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы сапластырыў, атап айтқанда ишки жоллар, ишимлик суўы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў мәденият, спорт ҳәм басқада инфраструктура объектлерин жақсылаў, усы тийкарда пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрь сəнесиндеги ПҚ-408-санлы “2022–2023-жылларда мəҳəллелер инфраструктурасын еледе жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққындағы”ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ушын 293,7 млрд.сум ажыратылды.
Ажыратылған қаржы тийкарында әмелге асырылатуғын 259 жойбардың мәнзилли дизимлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде додаланып, тастыйықланды. Сондай-ақ, әмелге асырылатуғын 259 жойбар ҳаққындағы мағлыўмат мәҳәллелердиң кириў орынларына жайластырылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
👉 Ең соңғы жаңалықлар