❓
Қыс мәўсиминде қандай аўқатланыўымыз керек?☑️ Қыста мәўсимлик өнимлерди қабыллаған пайдалы. Себеби олардың көбисинде C витамини (иммунитетти асырыўда жәрдем береди) ҳәм фолий кислотасы (жүрек қан-тамыр, нерв ҳәм репродуктив системалардың жумысына пайдалы тәсир көрсетеди) бар. Усы өнимлерди ҳәр күнлик аўқатланыўыңызға қосып қойған мақул:
🔹
Қурма суўықта айнымайтуғын бирден бир мийўе. Тәбиғий антиоксидант болған бета-каротин усы мийўеге «қуяш» реңин береди. Буннан тысқары, қурма А, Б ҳәм C витаминлерине бай.
🔹
Дузланған капуста өзинде барлық өнимлерден көбирек C витаминин сақлайды. Буннан басқа, оның қурамында жүрек урыўын ҳәм қан басымын нормалластыратуғын калий бар.
🔹
Лимонлы шай тийкарынан С витаминине бай болып, грипп ҳәм ӨРВИ кеселликлеринде жүдә пайдалы есапланады.
🚀Каналға ағза болың
➡️
https://t.me/+oAvm34g_FQ4wZWEy