Қарақалпақ Әдебияты


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Книги


Сиз күткен канал ✅
Ҳеш қандай артықша өсек яки постларсыз.
Канал иске түсиў ўақты: 2019-жылы 18-декабрь.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Книги
Статистика
Фильтр публикаций


Жедди айының жигирма төртинши сәнеси Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни қабыл етипген күн

Мүмкиншилиги болса бақшадағы балаларыңызға Мәмлекетлик гимнимизди ядлатың. Ал, шәртли түрде мектепте оқыйтуғын перзентлериңизден бир аўыз сорап көриң, Мәмлекетлик гимнимизди яддан толық биле ме?  Егер, аўа болса айттырып көриң, онда жүдә жақсы. Егер шала билетуғын болып шықса тап усы күнлери ядлаўға да, үйретип отырыўға да ўақыт бар, имканиятымыз да бар. Оларға гимнди үйретиң. Гимнди қәтесиз, дурыс, яддан билиў ўазыйпамыз.
Сиз өзиңиз толық билесиз бе?

БАЙРАМ МҮБӘРЕК!

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ МӘМЛЕКЕТЛИК ГИМНИ
«Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 24-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХIV сессиясында қабыл етилди.

И. Юсупов сөзи
Н. Мухаммеддинов намасы

Жәйҳун жағасында өскен байтерек,
Түби бир, шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик мийнет, билим жеткизер оған,
Халқың бар азамат, дос ҳәм мийрибан,
Еркин жайнап-жаснап, мәңги бол аман.

Нақыраты:
Дийқан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ассалаўма Әлейкум Қәдирдан Қарақалпақ халқы.

Бүгин Жедди айының 24-сәнеси Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни қабыл етилген күн.

Сөзи: И. Юсупов
Намасы: Н.Мухамметдинов

1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди.

Бул байрам менен пүткил Қарақалпақстанның гүллән халқын шын жүректен қутлықлайман. Гимнимиз дүнья ареналарында жаңлап турғай. Ҳүрмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы басқарыўшысы.


❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


💙💙💙💙💙
🧡🧡🧡🧡🧡
💚💚💚💚💚

Ассалаўма Әлейкум Қәдирдан Қарақалпақ халқы!

Бүгин Жедди айының 14-сәнеси Қарақалпақстан Республикасындағылар ушын қосалақ байрам.

1. 1990-жыл 14-жеддиде Қарақалпақстан Жоқарғы Советиниң төртинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик суверенитети ҳаққында Декларация» қабыл етилди.

2. 1992-жылы 14-жедди күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң XI-сессиясында "Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы хаққында"ғы Нызам қабыл етилди.
❤️

Усы байрам менен пүткил Қарақалпақстанның гүллән халқын шын жүректен қутлықлап қаламан. Елим-журтым деп жасайтуғын патриот ул-қызлар көбейе берсин. Ғәресизлигимиз мәңги турған. Байрағымыз ҳәр дайым бийиклерден көрине бериўин тилеп қаламан. Дүньядағы ең жақсы тилеклерим Қарақалпақ халқына!

Ҳүрмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы басқарыўшысы

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Ҳ. Дәўлетназаров

@ADEBIYAT_QR


Ассалаўма әлейкум әзийзлер!!!

8-декабрь Қарақалпақ халқының даңқлы ҳәм қаҳарман перзенти Аллаяр Досназаров Қораз улының көз жумған күни...

Бирақ Қарақалпақлардың жүрек төринде мәңги жасайды! Мәңги жасайды!

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Сырласымсаң ана тилим

Меҳрине бөленип ата-анамның
Туўылған уямда таныдым сени.
Төрине жайғасып кеўилханамның,
Жақын сырласыма айландың мениң.

Еситкен сөзлерим сиңип қулаққа,
Басладым сөйлеўди ана тилимде.
Үлкен бахыт ата-ананы қуўантқан,
Алақанда аймалады күлимлеп.

Ана мектеп бизге ашқанда қушақ,
"Әлипбе"ден ашып басладық саўат.
Билим суўсынына қандырып булақ,
Бойда қәлиплести ақыл-парасат.

Жақсы көрип ана тили сабағын,
Билдик сөз мәнисин, сөзлик қурамды.
Мениң жан сарайым, өмир соқпағым,
Билимниң шуғласы менен нурланды.

Әдиўли устазым бергенде сабақ,
Тилдиң хызметинен шебер қолланды.
Мәртлиги сүйсинтип түргенбиз қулақ,
Айтып берсе "Алпамыс"ты, "Қоблан"ды.

Меңгериўим ушын пәнлерди басқа,
Әзиз ана тилим үлкен жол ашты.
Билгеним ойылып жазылды тасқа,
Билимниң өзеги жақын жолдасым.

Пикирлесип ана тилим арқалы,
Баўыр басып дослар арттырдым садық.
Кеўлимдегин айтып шерим тарқады,
Ойыңды жеткериў бағышлар шадлық.

© Автор Бахытлы Сарыбаев 1-декабрь, 2024

Дерек: @BaxitliSaribaev

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Ана тилим --дана тилим

Орыс тили десе талып қаламыз,
Инглис тилинде ақыл санамыз,
Сондай ҳасыл дана тилди умытып,
Халқым аў ,ойланың қайда барамыз?!

Өзге тилди үйренбеңлер демеймен,
Неге ана тилге ықлас кемейген?!!!,
Ана тилин билмегенди  көргенде,
Нан түўели суў өтпейди көмейден.

Алтынға қаплайын ана тилимди,
Нақыл, мақал толы дара тилимди,
Нанның қыйқымындай қадир тутаман,
Сол адам аталық дана тилимди.

Көп тиллер ишинде тилим шырайлы,
Ҳақ кеўил халықпыз  жүдә ырайлы,
Өзлериңше байытамыз тилди деп,
Шар тәрептен әкеп қоспаң ""ылайды"",

Тилимиз бай ушырма сөз, нақылға,
Көп нәсият берген нәкас, бақылға,
Дәстанларын оқып ҳайран қаласаң,
Мақаллары ақыл қосар ақылға.

Усы тилде даўды шешкен даналар,
Бесик шайқап ҳәййиў айтқан аналар,
Жалғыз  улын ат сүйретип келгенде,
Усы тилде жоқлаў айтқан мамалар

Балаң бастан сиңирмесе тилиңди,
Терең меңгермейди ертең илимди,
Пәнди текте ана тилде үйретиң!!!,
Сонда жақсы ийелейди билимди.

Түсинбесе Ибрайымның қосығын,
Мақтаныш па, жүрегимди осыдың,
Тил билмесе түсине ме дилиңди?!,
Турыпты алдыңда улк.е.е.н тосығың.

Мампыс болар басы топқа кирмеген,
Маңқурт болар сөз мәнисин илмеген,
Өзге тилде шүлдирлесе қуўанба,
Ким болады Ана тилин билмеген?!

Сен болмасаң қызыл тилим сайрамас,
Кеўил аспанымда жулдыз жайнамас,
Айтар сөзим жебирине жетпесе,
Кеўилим абыржып, шерим тарқамас.

Неге керек бул дүньяға келгеним?!,
Өз ана тилимсиз өмир сүргеним,!!!
Егер тилим кетер болса жоғалып,
Онда мениң тирилей ақ  өлгеним.

Ермен дейип елдиң ғамын жесеңиз,
Шайпалмасын ығбал,ырыс кесеңиз,
Тилди сақлаң!! Руўхы шырлап бабамлар,
Қәбиринде тик турмасын десеңиз.!

Сен арқалы  сөздиң палын татайын,
Ел көксине қуяш болып батайын,
Қарақалпақ  тилим мәңгиге жаса,
Сен турғанда ушардан сөз атайын.

Көз жазып қалмайық ана тилимнен,
Нақыл, мақал толы дана тилимнен,
Ҳәр сөзи қамырдан қыл суўырғандай,
Түркий тил ишинде дара тилимнен.!

@ Автор Гулистан  Даўлетова 21 октябрь 2022 жыл.

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Жүдә зор видеоролик. Ҳәр бириңиз көриўиңизди ҳәм әмел етиўиңизди сорап қалар едим. Ҳәр бир пухара бийпарўа болмастан тил тазалығы ушын өз үлесин қосыўы керек. Авторларға рахмет.

ДЕРЕК

❤️ @ADEBIYAT_QR ❤️


Ассалаўма Әлейкум Заманласлар. Путкил Қарақалпақ халқын миллийлигимиз белгилериниң бири болған Қарақалпак тили байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине быйыл 35 жыл толды. Усы жылы байрам жүдә көтериңки руўхта белгиленбекте. Ендиги жағында буннан да зор болып өтебергей. Өйткени тил - миллет айнасы. Сол ушын өз ана тилимиздиң жоғалыўының алдын алыў ушын Қарақалпақ тилинде қолдан келгенше таза сөйлеў талап етиледи. Мен ойлайман бул оншелли қыйын емес.
Байрам қутлықлаўын гимн болып кеткен төрт қатар менен жуўмақлайман:

Ана тилим, Сен — басқадан айырмам,
Сен турғанда мен де әдеўир шайырман.
Сонша қатал сүргинлерде жоғалмай,
Бул күнлерге жеткениңе қайылман...

Және бир мәрте байрам қутлы болсын Заманласлар. Хурмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы Администрациясы

Фото авторы:
@Madiyarovdsg

@ADEBIYAT_QR ❤️


ҚОСЫҚТАН ҚУРАЛҒАН МЫНА ЖЕР ШАРЫ

Қосық – сөздиң патшасы,
сөз сарасы.
Абай

Желдей уйытқыр поэзия тулпары,
Мен бараман жалын қармап жармасып.
Қосықтан қуралған мына Жер шары,
Ол силкинсе қалар мени жыр басып.

Жыр – океан, жығып кетти ырашын,
Сезим суўсынына қанар жүрегим.
Жағыс узақ, қайтыў жоқ, жоқ илажым.
Ақыр көптен сезимсиреп жүдедим.

Сөздиң бағын аралайман бағмандай,
Сайлап үзсем ең мазалы жемисти.
Бүгин сөз қәдирсизленип қалғандай,
Сөзистан болып кеткендей жер үсти.

Ҳасыл сөзге бар дүньямды бартерлеп,
Ҳасыл адамларға үлеским келер.
Базда бул сөз дегенди де номерлеп,
Қатар тәртип пенен сөйлеским келер.

Сөзмоншақ алып турса көздиң жаўын,
Тек ҳасыл сөз сүйсиндиргей халықты.
Ҳәзир шоу ҳәм подкастта сөздиң жаўы,
Ҳәр билгиш былғап жүр бир быламығын.

Азайды ма ҳасыл сөздиң жериги,
Ўарсақылық орнар жүрек төриңе.
Егер көмилгенде сөздиң өлиги,
Жерде орын жетпес сениң гөриңе.

Ҳасыл сөз, ҳадал адам – ол туўғаным,
Жасы үлкеннен сөзи үлкенди сыйлайман.
Сөз қуны да доллардай бир, әрманым,
Тез-тезден көтерилип турғай да.

Сөз ҳасылын тапсаң баладай жайнап,
Тыңлар қулақ таппай шығар ар-сарың.
Тек шайырлар ғана қайғырар ойлап,
Қосықтан қуралған мына Жер шарын…

© Автор Аллаяр Дарменов,
08.07.2024.

Дерек: @Allayar_Darmenov

@ADEBIYAT_QR ❤️


Ассалаўма Әлейкум гүллән Қарақалпақстанлы заманласларым. Әўеле Алла таалаға шексиз шүкир, бәриңизге қурбан хайты қутлы болсын. Байрам мүбәрек. Нийетлериңиз жолдасыңыз болып, Алла сизлерди хәм бәрше жақынларыңызды көзге көринер хәм көринбес жаманлықлардан бәрқулла өзи сақласын. Бул күнлерден кейин қәлбиңиз ийманға, үйиңиз нурға, дәстүрханыңыз берекетке, бойыңыз бахытқа толы болсын. Кеселлерге шыпа берсин, қайтқанларды рахметине алған болсын. Жоғалтқанларыңыз есесин фазлы кәрамы менен толтырсын, қайыр берекети менен толтырсын, шығарғанның есесин, киргенниң берекетин берсин. Аман болың, сау болың. Хүрмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы басқарыўшысы. 📿🧿

@ADEBIYAT_QR


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Нөкис жуўынып атыр

Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
мрамор саўытлы имәратларды,
төрт қатар гәп яңлы панел жайларды,
аеропортты -
реактив темир қанатларды,
муңлы Талларды...

Руўхым аспаны алағада булт:
наўрыз шақмағында гүңиренеди ол:
демиккен кеңликти азада қылып
муқаддес от пенен тебиренеди ол.

Жуўындырып атыр бәҳәр жаңбыры
КамАз, автобуслар...
қайқы ВАЗларды да.
Ҳәм дәртли, ҳәм шадлы сигналлары жаңғырып
қәлбимди мәнзиллерге сазлайды ма?! -
Поездлар шыңғырар.

Руўхымды шомылдырып атыр бул Бәҳәр -
руўҳым қайтадан туўылып атыр:
нурлы селде жаўрап қайта оянған
Нөкис жуўынып атыр...

© Автор Бахтияр Генжемуратов

Дерек: @Ssirgabaeva

@ADEBIYAT_QR


Жаўын
Жаў, жаўа бер қатты

© Автор Аитжанов Мухамметдин Қара Сөз П/Р

@ADEBIYAT_QR


ҚАРЫЗЫМ КӨП

Устаз Ибрайым Юсупов Жерге берилген күни  жазылған қосық ямаса достым Қуўанышбай Оразымбетов пенен сырласыў


Бир Алладан бийжуўап жақсы қосық жазылмайды.
Деми таўсылмағанша бендеге Жай қазылмайды.
Жүректен жақсы қосық жан менен бирге шығады.
Ол – тәнге жанды жетелеген Тәңримниң сазындайды…

Бахтыярда қосық жоқ. Қарақалпақтан жыр кетти…
"Тирилер"ден түңилип, бул дүньядан Тири кетти.
Енди ғана ер жеткен Поэзия жетим қалды.
Шайырларды жылатып Уллы Ибрайым пийрим кетти…

Ўаҳ!.. Жоражан, қәйтейин жүрегим музлап атыр.
Әлле нәрсе сызлатып ҳәм тилкимлеп дузлап атыр…
Өзим ғана аңлайтуғын, өзим ғана түсинген,
Асқар таўын жоғалтқан бир әлем бозлап атыр…

Сум әжел, бул қара жер жақсыларға тоймады бир.
Адамлар Сорша көксин ойғанын ҳеш қоймады бир.
Жүреклердиң төрлеринен орын алған Ағамлар,
Ўаҳ!.. Жоражан! Кең дүньяға неге,неге сыймады бир?!.

Мен бүгин бул Соршада бир кәрамат – Сезим көрдим.
Ағамның Жер Жайында Ҳақыйқаттың Көзин көрдим.
Аршы Әлем Ағласына Периштелер алып ушты,
Пийримди қушағына қолым менен өзим бердим…

Бул дүньяға, жоражан, айтатуғын арызым көп.
Өзим билген ҳәм билмеген өтеўим шәрт парызым көп.
Пүткил өмирим даўамы желкемде Қылыш турар:
Уллы Ибрайым шайырға жақсы қосық қарызым көп…

© Автор Бахтыяр Генжемуратов

Нөкис. Сорша. 2008-жыл, 27-июль

@b_genjemuratov
@Merwert_uz

@ADEBIYAT_QR


Ашық Аяз - Ибрайым туўылған жерде.
(Ибрайымның жолына)

Шүкиранаға толы кеўил ханамыз,
Созсақ қолды космосқа ҳәм барамыз,
Гүўлеген жабайы самаллар еспес,
Кирге қарсы Тумариса анамыз,
Белин батырларша буўынған жерде.

Сезип жүрмен бул жердиң бар кийеси,
Саҳрайы ҳақ кеўил халық ийеси,
Умыт болды тар жол тайғақ кешиўлер,
Сулайман атамыздың минген түйеси...
Шөгип мен жеттим деп бақырған жерде.

"Қой үстинен бүгин торғай жумалар",
Шағала шарқылдап, шөлди суў алар,
Бердақ руўхлары Жайхундай тасып,
Әпши қуўырылған халқым қуўанар,
Шайыр жалаң аяқ жуўырған жерде.

Шығып қарар болсаң Үстирт үстинен,
Жулдыз жымыңлайды бәлент көшкиден,
Бағынан зағ ушып, бүлбил сайрайды,
Ишлери кир душпанлардың дәстинен,
Әжинияз наҳақтан қуўылған жерде.

Зиялы болған соң сырттан сатылып,
Қасым, Избасарлар иске шатылып,
Кеткен менен олар умыт болмайды,
Келгиндилер тәрепинен атылып,
Қанлары жамғырға жуўылған жерде.

Ҳақкеўил халықпыз еңсемиз бийик,
Түркий халықларға беремиз кейип,
Шегарам бар, ана тилим сөйлеп тур,
Аллаярым: "Хош қал Бозатаў" дейип,
Шыбын жаны наҳақ қыйылған жерде,

Булақты бағдарлап жолға салады,
Билим дәрьясынан шөлиң қанады,
Елде уллы алым Әл Берунийдиң,
Даңқлы жулдызлары парлап жанады,
Илим көкирегине қуйылған жерде.

Бәс байлассаң шақыраўық ғазым бар,
Қус салмаға келсең алғыр базым бар,
Жыраўларым дәстан дизип айтқанда,
Бабалардан мийрас қобыз сазым бар,
Қорқыт бабасына сыйынған жерде.

Билимсиздиң сөзи қырға қайырлар,
Ябыға жол бермес қарабайырлар,
Ушығаның қыйқымындай қәстерли,
Сөз патшасы Ибрайымдай шайырлар,
Киндик қаны тамып туўылған жерде.

Ийнимизге қумай қусы қонып тур,
Бахыт шарабына кесең толып тур,
Туристке қонақ жай қара үйлериң,
Аспан астындағы музей болып тур,
Дузлы шаңғытларды суўырған жерде.

Мың шүкир ел болдық жәннет дегендей,
Елге бир, жерге бир нәўбет дегендей,
Нәжиматдин, Абадан сазгерлерим бар,
Халқыма таланттан әўмет келгендей,
Дузлы суўдан аўзы уўылған жерде.

"Қара жорға" аттың шабысларындай,
Зада қыздың уғрын бағысларындай,
Халқымның көксинде мухаббат болып,
Әмиўдиң талўаслы ағысларындай,
Ибрайым мәңги жасар туўылған жерде.

© Автор Гүлистан Дәўлетова
30.04.2018

@ADEBIYAT_QR


БИР ӘЛЕМСИЗ..

Поэзияны мен теңизге теңесем,
Мендей бунда мың сан қайық көресиз.
Сол теңизде мен жүзиўди қәлесем,
Сиз бундағы жол баслаўшы кемесиз.

Поэзияны мен теңесем аспанға,
Бир шетинде қалқып жүрген қустаймыз,
Жетпесекте изиңнен жол басқанда,
Сиз көрсеткен жолдан ғана ушқаймыз.

Поэзияны мегзетсем мен шөллерге,
Бизлер кәрўан, ал сиз баслап барғансыз.
Шөлистанды бағ жаратып гүллерге,
Безетип бир өрнек болған бағмансыз.

Бул поэзия болса мысал ормандай,
Нарттан шыққан мисли шыбық талдаймыз,
Сиз Байтерек бунда биз нәр алғандай,
Жолыңызды даўамлаймыз, жалғаймыз.

Поэзияны жайнатқан бир шәменсиз,
Ойып ойып жазған алтын қәлемсиз,
Шайыр халқы болса бунда бир әлем,
Ал сиз басқа.. Сиз басқа бир әлемсиз.

© Автор каналымыз ағзасы
Жанго Алланиязович
5-май. 2020жыл.

@ADEBIYAT_QR


Ассалаўма Әлейкум каналымыз ағзалары. Бугин Өзбекстан Кахарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық Шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған куни. Шайыр Ағамыз өзиниң қосықлары менен хәр бир Қарақалпақ перзентиниң журегинен орын алып улгерген. Сиз ҳеш қашан сөнбейсиз 《Поэзия жулдызы》. Ҳәмийше қәлбимиздесиз. Пурсаттан пайдаланып Шайыр Ағамыздың шаңарақ ағзаларын каналымыз ағзалары хәм администрациясы тәрепинен қутлықлап қаламыз. Ҳештен көре кеш дегенимиздей кеш болсада қутлықлап атырман. Әлбетте бул ушын өзимнен және сиз әзийзлерден кеширим сорайман.
Хурмет пенен Қарақалпақ Әдебияты каналы басқарыўшысы

@ADEBIYAT_QR


Тең келмейди аўылымның шаңына


Сулыў-сулыў қалалардың нешеси,
Мәйли болсын тас қаланған көшеси,
Алыс кетсем тартып турған нәшеси,
Тең келмейди аўылымның шаңына.

Интизарман хәр күн атқан таңына,
Мийўаға малынған бақша-бағына,
Байласаңда турғым келмес қалаңда,
Тең келмейди аўылымның шаңына.

Халқымның байлығы пахта, салы бар,
Өрисинде пада-пада малы бар,
Мейли болсын ең атақлы қалалар,
Тең келмейди аўылымның шаңына.

Көзге ысық жакын тартқан жаныма,
Топырағы қарысқан хәм қаныма,
Мениң ушын өзге журттың барлығы,
Тең келмейди аўылымның шаңына.

Магар келер болсам гәптиң хағына,
Такрар-такрар айтар едим тағыда,
“Алтын уям“- туўған жерден басқасы,
Тең келмейди аўылымның шаңына.

© Автор Акшолпан Аманияз 14.08.2019 жыл

@ADEBIYAT_QR


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Халал той

Арақ қойыý керекпе той бергенде,
Пикир талас усы жерге келгенде,
Жақсы нәрсе болса егер, не ушын
Жаназаға қоймас адам өлгенде.

Хадал мийнет ислеп жүрип неге биз,
Тойымызды харам ас пен беремиз,
Мың жағынан дyрыс емес десе де,
Әззимизғой, нәпсимизге еремиз.

Дастурханға қойған пулды бөлип тең,
Яшик-яшик арақ түсер көликтен,
Ел халықтан уят болар деймиз дә,
Ал Қудайдан уялмаймыз неликтен.

Ишпегенди сынағынан өткермей,
Ишинде бир жүйрек жүрер гәп бермей,
Жаслар ушын ишиң дейди, тап Алла,
Арақ ушын бахыт ýәде еткендей.

Бахты болып ашылған соң маңлайы,
Перзент ушын той бергенде арнайы,
Балам буннан аулақ жүр деп айтыуға,
Әкелердиң жетпей жүрме жағдайы,

Керисинше ишилмесе болмас деп,
Қонақлардың кеули буннан толмас деп,
Қартайған соң отырады хор болып,
Неге балам ишимликке жолдас деп.

Арасында ишемиз деп өзлерин,
Ақлап шығар айтып түрли сөзлерин,
Ийне кирди, қазық кирди парқы не,
Қайткенде де ағып түсер көзлериң.

Той дегениң қуýаныштың белгиси,
Ал ишимлик мүсийбеттиң егизи,
Соның ушын таслайық бул иллетти,
Ақылыңыз жетип турғо негизи.

© Автор Бабаниязов Қыдырнияз
30.03.2022

@ADEBIYAT_QR

Показано 20 последних публикаций.