ТЕБЕРИК ҚОЛЖАЗБАЛАР Асан Бегимов қарақалпақ әдебиятында роман жанрының биринши баслаўшысы болып табылады. Оқыўшы гезлеримизде оның "Балықшының қызы" романын дәслеп сабақлықларда, соң китап ҳалында сүйип оқығанбыз. Ол соның менен бирге қарақалпақ жазба әдебиятының қәлиплесиўинде ҳәм раўажланыўында белсене ат салысқан азамат еди. Асан Бегимов Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы болып ислеген, сол гездеги пүткил аўқамлық жазыўшылардың биринши съездине делегат болып қатнасқан.
Жазыўшының баласы Полат Бегимов Нөкис телеорайында операторлардың басшысы болып ислейтуғын еди. 1984-жылы ол әкеси ҳаққында бир гәп қозғалғанда "үйде мениң әкемниң он алты томлық қолжазба ҳәм ҳүжжетлер папкасы бар, лекин ағам оны "ҳеш кимге берме ҳәм көрсетпе" деп ўәсият етип кетти" деген еди. Асан аға Сталинлик дәўирдиң қысымынан қорқып, балаларыма зыяны тийип жүреме, деген ой менен солай ўәсият еткен шығар-аў, деп ойлайман өзимше. Бүгин сол қолжазбаларды яки ҳүжжетлерди жүзеге шығарғанда, бир әжайып болар еди.
Жолмурза Аймурзаев китап оқыўшылар менен ушырасыўға барғанда ҳәрдайым:
— Үйде мениң 25 томлық қолжазбаларым турыпты. Олардың ишинде жарияланғанлары да, жәрияланбағанлары да бар, — деген гәпти көп айтатуғын еди.
Тоқсаныншы жыллары Аббаз Дабыловтың үй музейин шөлкемлестириў мәселеси сөз болғанда мен ол ақсақалдың үйине бир-еки мәртебе барғанман. Сонда оның үй архивинде өзи жазған арабша қолжазбалар, ҳүкимет тәрепинен берилген ҳәр қыйлы сыйлықлардың ҳүжжетлерин көрдим. Ўақыттың өтиўи менен бул ҳүжжетлерден нусқа да табылмай қалыўы мүмкин. Соның ушын Асан Бегимовтың, Жолмурза Аймурзаевтың, Аббаз Дабыловтың қолжазбаларын үлке таныў музейине қойғанда көп адамлар танысып, кеўли толған болар еди.
Төлепберген аға Қайыпбергенов өмириниң ақырына дейин ҳәр күни күнделик жазыў менен шуғылланды. Оның өзи бир неше мәрте телевизордан шығып сөйлегенде:
— Мениң бул күнделиклерим өзим өлгеннен кейин жигирма бес жылдан соң жәрияланыўы керек, — деп айтар еди.
Өмириниң ақырғы күнлеринде "күнделигим 28 том болды" дегенин анық еслеймен.
Не ушын оны жигирма бес жылдан кейин жәриялаў керек деди екен, онысын билмеймен. Бирақ, бир нәрсе мени ойлантырады: — жигирма бес жылдан кейин ол қолжазбаларды ҳеш ким сорамай қалса, яки ҳеш кимге қызығы болмай қалса не болады?
© Муратбай Нызанов
Көширген: Баҳадыр Байназаров
Муратбай Нызановтың "Қойын дәптерге қайым гәплер" китабынан.
@baxadir_baynazarov💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал