ТЫҢЛАҒАН ҲӘЙЙИЎИМ – ҚАРАҚАЛПАҚША
Бийғубар балалық, нәресте ўақыт,
Не деген патшалық, не деген бахыт,
Тербетилген аппақ бесикте жатып,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Бүлк-бүлк етип тамырдағы қанымда,
Бесик жырын анам айтқан ўағында,
"Ана-тил"ди уғып... нәўше аңымда,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Ержеткен де ели- журтын сүйсин деп,
Халық мәпи ушын жанып күйсин деп,
Тобықтай сөзденде түйин түйсин деп,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Сиңдирип бойыма саздың сыйқырын,
Термелетип, ушығаның қыйқымын,
Қушағына елтип, шийрин уйқының,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Маман бийдей сыйлы бол деп халқыңа,
Садық қал!... деп ата-бабаң салтына,
Бармасам да сонда сөздиң парқына,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Ерназар бабаңдай жаўдан қайтпа деп,
Душпаныңа хасла сырың айтпа деп,
Дәўлет келсе, ес-ақылың жойтпа деп,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Аллаярдай халқың ғамын ойла деп,
Ақыл, зейин суўларына бойла деп,
Жақсы күнди елиң менен тойла деп,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Халық дәртин жырла бабаң Жийендей,
Елден ерек болма хәтте сүйемдей,
Тур аяққа! деп: ҳеш кимге сүйенбей,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Тек жақсылық көрсин балам көзиң деп,
Болсын дузлы хәр бир айтқан сөзиң деп,
Зинҳәр! тилди, шубарлама... өзиң деп,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Туяқ серппей уйқлап таңлар атқанша,
Қуяш күлип тас-төбеге шыққанша,
Тай-тай басып, буўынларым қатқанша,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Уллы шайыр: сөз зергери Ибрайым,
Ашты: Ана-тилимиздиң, шырайын,
"Бай терек"тиң бир шақасы болайын,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Байытқайсаң сөз байлығын тилимниң,
Шәшмесинен қанып: илим-билимниң,
Бол! балам деп: жан күйери елимниң,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Жас үлкенлер кирилл, жаслар латында,
Қос алфавит, теңдей, дәўран атында,
Зәрүр! қайсы бири- ҳақыйқатында?,
Тыңлаған ҳәййиўим - қарақалпақша.
Ақшолпан Аманияз