ҚЫСҚА ЫРАЙКЕШЛИК ЕТКЕН БӘҲӘРИМ
# челленж темаға
Ўақтында жаўдырмай қарларын қастан,
Жайып атырса да, саған қәҳәрин,
Күлимсиреп ғана баўырына басқан,
Қысқа ырайкешлик еткен бәҳәрим.
Босатқысы келмей турғанын жолды,
Билсең де, көксиңе қойып сен қолды,
Сыйлағаның қартты орынлы болды,
Қысқа мийзамкешлик еткен бәҳәрим.
Ақ көрпе жамылып бүгин далалар,
Көрип қуўанғанын ойнап балалар,
«Ақыл жастан шығар» деген даналар,
Қысқа қәлбикеңлик еткен бәҳәрим.
Елиме бир келип қосалақ* байрам,
Ҳәмме болып атырғанда мәз- майрам,
Ақ сақаллы қысты қалдырып ҳайран,
Қысқа кеңпейиллик еткен бәҳәрим.
Мейли, қарлар жердиң берсин нәҳәрин,
Әйне, қут дарытып, келген мәҳәлим,
«Таласпасам талайыма болар» деп,
Қысқа кеўилшеклик еткен бәҳәрим.
*- Рамазан айының ҳәм бәҳәр паслының 1- күни.
Ақшолпан Аманияз 01.03.2025 жыл
# челленж темаға
Ўақтында жаўдырмай қарларын қастан,
Жайып атырса да, саған қәҳәрин,
Күлимсиреп ғана баўырына басқан,
Қысқа ырайкешлик еткен бәҳәрим.
Босатқысы келмей турғанын жолды,
Билсең де, көксиңе қойып сен қолды,
Сыйлағаның қартты орынлы болды,
Қысқа мийзамкешлик еткен бәҳәрим.
Ақ көрпе жамылып бүгин далалар,
Көрип қуўанғанын ойнап балалар,
«Ақыл жастан шығар» деген даналар,
Қысқа қәлбикеңлик еткен бәҳәрим.
Елиме бир келип қосалақ* байрам,
Ҳәмме болып атырғанда мәз- майрам,
Ақ сақаллы қысты қалдырып ҳайран,
Қысқа кеңпейиллик еткен бәҳәрим.
Мейли, қарлар жердиң берсин нәҳәрин,
Әйне, қут дарытып, келген мәҳәлим,
«Таласпасам талайыма болар» деп,
Қысқа кеўилшеклик еткен бәҳәрим.
*- Рамазан айының ҳәм бәҳәр паслының 1- күни.
Ақшолпан Аманияз 01.03.2025 жыл