"Кеўилим кеширмелери"


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: ko‘rsatilmagan


Хүрметли қатнасыўшылар!
***
Каналдағы қосықларға пикир, тилек, өтиниш хәм усынысларыңызды мына силтемедеги группа арқалы билдириўиңизге болады. https://t.me/Kewilim_keshirmelerleri
Акшолпан Аманияз

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
ko‘rsatilmagan
Statistika
Postlar filtri




Dilya dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Хош келдиң бәхәрим ана журтыма🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸

📝. Ақшолпан Аманияз
🎤. Дилбар Абдреймова


ҚЫСҚА ЫРАЙКЕШЛИК ЕТКЕН БӘҲӘРИМ

# челленж темаға

Ўақтында жаўдырмай қарларын қастан,
Жайып атырса да, саған қәҳәрин,
Күлимсиреп ғана баўырына басқан,
Қысқа ырайкешлик еткен бәҳәрим.

Босатқысы келмей турғанын жолды,
Билсең де, көксиңе қойып сен қолды,
Сыйлағаның қартты орынлы болды,
Қысқа мийзамкешлик еткен бәҳәрим.

Ақ көрпе жамылып бүгин далалар,
Көрип қуўанғанын ойнап балалар,
«Ақыл жастан шығар» деген даналар,
Қысқа қәлбикеңлик еткен бәҳәрим.

Елиме бир келип қосалақ* байрам,
Ҳәмме болып атырғанда мәз- майрам,
Ақ сақаллы қысты қалдырып ҳайран,
Қысқа кеңпейиллик еткен бәҳәрим.

Мейли, қарлар жердиң берсин нәҳәрин,
Әйне, қут дарытып, келген мәҳәлим,
«Таласпасам талайыма болар» деп,
Қысқа кеўилшеклик еткен бәҳәрим.

*- Рамазан айының ҳәм бәҳәр паслының 1- күни.

Ақшолпан Аманияз 01.03.2025 жыл
























Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы Г.Сейтназароваңың қатнасыўында, Тахтакөпир районы «Мәлимлеме китапхана орайы»нда (28.01.2025 жыл) болып өткен «Китапқумар Аналар менен сәўбетлесиў» кешесинен көринислер.


Ramuza . dan repost
Март айында туўылғанларға жиберемиз))

@omir_sabaqlari


✍️Гулистан Даўлетова
🎤Ақшолпан Аманияз https://t.me/Kewilim_keshirmeleri


Айт, саған қызықпа Нәубәхәр менсиз...?

✍Ақшолпан Аманияз
🎤Зияда Ерниязова


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
ХОШ КЕЛДИҢ БӘҲӘРИМ АНА ЖУРТЫМА

Тәбияттың нызамына бағынып,
Рәңбәрең гүллерден моншақ тағынып,
Асық, турмыз күтип сени сағынып,
Хош келдиң бәҳәрим ана журтыма.

Бастан - аяқ жасыл липас оранып,
Жаңа түскен келиншектей доланып,
Қәдемиңди маң- маң басып назланып,
Хош келдиң нәўбәҳәр ана журтыма.

Дарақлар ниш урып атқанда бөртип,
Қыслаўдағы қуслар кәрўанын ертип,
Машақатлы жолдан, келдиң бе... жетип?
Хош келдиң бәҳәр-ай ана журтыма.

Қыр әтирап гүлзар қылып жайнатып,
Бүлбиллерди тынбай бағда сайратып,
Шайыр илҳамына қанат байлатып,
Хош келдиң көклемим ана журтыма.

Әйўан да қарлығашқа уя қурғызып,
Уйқыдағы жанзатларды турғызып
Мийнет майданына жәўлан урғызып,
Хош келдиң гүлбәҳәр ана журтыма.

Ақшолпан Аманияз


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.