Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
АППАҚ ҚАР ЖАЎА БЕР
Пәрўазын аңсаған илҳамым қусы,
Турмай туғырында ушаман дейди,
Ақ көрпесин жамылдырған зәминге,
Барып аппақ қарды қушаман дейди.
Тамашалап бираз оңлы- солымды,
Аппақ қардан артып соқпақ жолымды,
Тынбай жаўып турған қарға сүйсинип,
Аштым алақаным созып қолымды.
Ақ улпалар келип изли - изинен,
Қонақлар... аядай алақаныма,
Шадлықтың ушқыны атып көзимнен.
Мың шүкирлер айттым жаратқаныма.
Аппақ қар жаўа бер, тынбай жаўа бер,
Шөлиркеген Ана жерге даўа бер,
Халқыма шаң жутып, дузға дымыққан,
Әбизәмзәмдай сап, таза ҳаўа бер.
Ақшолпан Аманияз
Пәрўазын аңсаған илҳамым қусы,
Турмай туғырында ушаман дейди,
Ақ көрпесин жамылдырған зәминге,
Барып аппақ қарды қушаман дейди.
Тамашалап бираз оңлы- солымды,
Аппақ қардан артып соқпақ жолымды,
Тынбай жаўып турған қарға сүйсинип,
Аштым алақаным созып қолымды.
Ақ улпалар келип изли - изинен,
Қонақлар... аядай алақаныма,
Шадлықтың ушқыны атып көзимнен.
Мың шүкирлер айттым жаратқаныма.
Аппақ қар жаўа бер, тынбай жаўа бер,
Шөлиркеген Ана жерге даўа бер,
Халқыма шаң жутып, дузға дымыққан,
Әбизәмзәмдай сап, таза ҳаўа бер.
Ақшолпан Аманияз