Орайлық "Туран" стадионына заманагөй VAR технологиясы орнатылдыОрайлық "Туран" стадионында футбол ойынларын заманагөй талаплар тийкарында өткериў мақсетинде VAR - төрешилер қарарларын видеожазыў арқалы қайта көрип шығыў системасы орнатылды.
Бул технология тартыслы жағдайларды анықлаў, төрешилер қарарларының анықлығы ҳәм әдиллигин тәмийинлеўге хызмет етеди. VAR системасының иске түсирилиўи стадион инфраструктурасын заманагөй стандартлар тийкарында раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады.
Енди Орайлық "Туран" стадионында өткерилетуғын футбол ойынларында заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланыў имканияты және де кеңейеди.
— Марказий "Турон" стадионига замонавий VAR технологияси ўрнатилди.Марказий "Турон" стадионида футбол ўйинларини замонавий талаблар асосида ўтказиш мақсадида VAR - ҳакамлар қарорларини видеоёзув орқали қайта кўриб чиқиш тизими ўрнатилди.
Ушбу технология низоли ҳолатларни аниқлаш, ҳакамлар қарорларининг аниқлиги ва адолатлилигини таъминлашга хизмат қилади. VAR тизимининг ишга туширилиши стадион инфратузилмасини замонавий стандартлар асосида ривожлантириш йўлидаги муҳим қадамлардан биридир.
Энди Марказий "Турон" стадионида ўтказиладиган футбол ўйинларида замонавий технологиялардан самарали фойдаланиш имконияти янада кенгаяди.
Каналға ағза болыў: @joqargikenesWebsite|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube