Joqarǵi keńes.uz


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha


Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes
© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Statistika
Postlar filtri


Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў мәселелери додаланды

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен шөлкемлестирилген Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў бөлими тәрепинен орынларда грантларды тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша семинарлар шөлкемлестирилмекте.

Толық оқыў

Ташқи беғараз кўмак маблағларини жалб этиш масалалари муҳокама қилинди

Ҳурматли Президентимиз топшириғи билан ташкил этилган Ташқи беғараз ёрдам маблағларини (грантларни) жалб этиш ва донорлар билан ишлаш бўлими томонидан жойларда грантларни жалб этиш ва улардан самарали фойдаланиш масалалари бўйича семинарлар ташкил этилмоқда.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Обьектлер дизими.docx
48.5Kb
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрман менен:
Коммерциялық банклердиң балансындағы мүлк объектлерин базар баҳасында қайта баҳалап, 10 жыл даўамында бөлип-бөлип төлеў шәрти менен электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылыўына рухсат етилди.

✅ Атап айтқанда:
▪️Халқ банк 49 дана,
▪️Бизнести раўажландырыў банк 28 дана,
▪️Микрокредитбанк 7 дана,
▪️Миллий банк 5 дана,
▪️Санаатқурылысбанк 4 дана,
▪️Асака банк 2 дана,
▪️Алоқа банк 1 дана
▪️Туран банк 1 дана;

🔹Нөкис қаласы 28 дана,
🔹Қоңырат районы 9 дана,
🔹Тақыятас 9 дана,
🔹Хожели 9 дана,
🔹Елликқала 8 дана,
🔹Қанлыкөл 5 дана,
🔹Нөкис район 5 дана,
🔹Шымбай 5 дана,
🔹Беруний 3 дана,
🔹Бозатаў 3 дана,
🔹Мойнақ 3 дана,
🔹Əмиўдəрья 2 дана,
🔹Кегейли 2 дана,
🔹Қараөзек 2 дана,
🔹Төрткүл 2 дана,
🔹Шоманай 2 дана объектлер электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарылып сатылмақта.

☎️ Мағлыўмат ушын тел:
Халқ банк (97) 650-55-00;
Бизнести раўажландырыў банк (97) 788-68-86;
Микрокредитбанк (91) 270-89-89;
Миллий банк (97) 789-05-50;
Санаатқурылысбанк (91) 266-96-69;
Асака банк (97) 059-11-31;
Алоқа банк (97) 220-12-10;
Туран банк (90) 701-87-87.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Бугун Президент Шавкат Мирзиёев мудофаа саноати мажмуасида амалга оширилаётган ишлар билан танишади ҳамда мамлакатимиз ҳарбий хавфсизлиги ва мудофаасини мустаҳкамлаш масалалари бўйича йиғилиш ўтказади.

Бүгин Президент Шавкат Мирзиёев қорғаныў санааты комплексинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысады ҳәм мәмлекетимиздиң әскерий қәўипсизлиги ҳәм қорғаныўын беккемлеў мәселелери бойынша мәжилис өткереди.

Facebook|Instagram|X


📊 Қарақалпақстанда жоқары кѳрсеткишке ийе исбилерменлердиӊ саны артып атыр

Ҳүрметли Президентимиздиң 39-санлы (23.01.2024-ж.) қарары менен 2024-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» енгизилген болып, онда өткен жылдың апрель айында Қарақалпақстан бойынша «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми исбилерменлердиң саны 10 ға да жетпейтуғын еди.

Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм республикамызда исбилерменликти раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар бүгинги күнге келип өз нәтийжесин берип атыр ҳәм исбилерменлердиң саны артыўына тийкар болып хызмет етпекте.

❗️Бүгинги күнге келип, бир жылға шамалас ўақыт ишинде жоқары категорияға (ААА) ийе исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти. Қарақалпақстанға өз-алдына берилген жеңилликлер тийкарында жоқары көрсеткишлердеги исбилерменлер саны еле де көбейеди.

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

• «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
• «АА» категориясына ийе жәми 244;
• «А» катергориясына ийе жәми 279;
• «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
• «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
• «В» катергориясына ийе жәми 2534;
• «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
• «СС» категорияға ийе жәми 6072;
• «С» категорияға ийе жәми 4291;
• «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

❗️Ҳүрметли исбилерменлер!

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

🌐 Веб-сайт силтемеси: https://chamber.uz/contractor-rating


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Спорт тараўын еле де раўажландырыў бойынша тараў ўәкиллери менен пикирлесилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев спорт тараўы ўәкиллери, жуўапкерлер, федерация басшылары менен ушырасты.

Онда Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Ушырасыўда 2024-жылы спорт мектеплеринде спортшы-жасларды таярлаўда әмелге асырылған илажлар ҳәм алдағы ўазыйпалар сондай-ақ, спорт федерацияларыныӊ жумыслары ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.

Толық оқыў

Спорт соҳасини янада ривожлантириш бўйича соҳа вакиллари билан мулоқот ўтказилди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев спорт соҳаси вакиллари, масъуллар, федерация раҳбарлари билан учрашди.

Унда Вазирлар Кенгашининг Раиси Ф.Эрманов иштирок этди.

Учрашувда 2024 йилда спорт мактабларида спортчи-ёшларни тайёрлашда амалга оширилган чора-тадбирлар ва олдиндаги вазифалар ҳамда спорт федерацияларининг ишлари ҳақидаги масалалар кўриб чиқилди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Жоқарғы Кеңес Баслығы шарўашылық фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тараўын еле де раўажландырыў, тараўда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикир ҳәм усынысларды тыңлаў мақсетинде фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты.

Толық оқыў

Жўқорғи Кенгес Раиси чорвачилик фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди

Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев чорвачилик соҳасини янада ривожлантириш, соҳада ўз ечимини кутаётган масалалар бўйича фикр ва таклифларни эшитиш мақсадида фермер хўжаликлари раҳбарлари билан учрашди.

Тўлиқ ўқиш


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон урушида қозонилган ғалабанинг 80 йиллиги ҳамда Хотира ва қадрлаш кунига тайёргарлик кўриш ва муносиб нишонлаш тўғрисида"ги қарори

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм мүнәсип белгилеў ҳаққында»ғы қарары

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Иккинчи жаҳон уруши қатнашчиларини рағбатлантириш тўғрисида"ги Фармони

Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында"ғы Пәрманы

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


❗️Енди, Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған шаңарақ ийелери үш есе жоқары салық төлейди

Пуқаралардың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.

Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады.

🔹Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.

🔹Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.

🔹Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.

❗️Энди, Томорқасини қаровсиз қолдирган хонадон эгалари уч карра юқори солиқ тўлайди

Аҳоли томорқаси ва ижарага берилган ер майдонларидан самарали фойдаланиш бўйича ҳоким ёрдамчиси томонидан ҳар чоракда ўрганиш олиб борилади.

Ўрганиш давомида хонадондаги томорқа ва ижара ерларида экин экилмаган ва қаровсиз қолдирилган бўлса қуйидаги чоралар қўлланилади.

🔹Имтиёзли кредитлар ажратилмайди.

🔹Ижтимоий ҳимоя ягона реестрига киритилган фуқаролар учун ёрдамлар (моддий ёрдам ёки бола пули каби) тўхтатилади.

🔹Ер солиғи уч карра юқори миқдорда ҳисобланади.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Кегейли районында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары менен 2024-жылға мөлшерленген "Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў" бағдарламасына тийкар республикамызда кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Бағдарламаға муўапық, Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2,5 млрд. сум қаржы тийкарында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Кегейли туманида аҳолини тоза ичимлик суви билан таъминловчи янги бино фойдаланишга топширилди

Ҳурматли Президентимизнинг 404-сон қарори билан 2024 йилга мўлжалланган "Ижтимоий ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш" дастурига асосан республикамизда кенг кўламли қурилиш-таъмирлаш ишлари олиб борилди.

Дастурга мувофиқ, Кегейли тумани «Қумшунгул» ОФЙ ҳудудида 2,5 млрд. сўм маблағ асосида аҳолини тоза ичимлик суви билан таъминловчи янги бино қуриб битказилиб, фойдаланишга топширилди.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Дыққат хабарландырыў!

2025-жыл 21-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы судларының басшылары тәрепинен Қоңырат, Мойнақ, Шоманай ҳәм Қанлыкөл районлары пуқаралары ушын онлайн тәризде қабыллаў өткериледи.

Қабыллаўда пуқаралардың суд-ҳуқық мәселелерине байланыслы мүрәжатлары тыңланады.

Қабыллаўға келген пуқаралар жынаят ислери бойынша Қоңырат районы суды имаратынан қатнасады.

Қабыллаў ўақты: 21-февраль, саат 10:00 ден басланады.

Диққат эълон!

2025 йил 21 февраль куни Қорақалпоғистон Республикаси судларининг раҳбарлари томонидан Қўнғирот, Мўйноқ, Шуманай ва Қонликўл туманлари фуқаролари учун онлайн тарзда қабул ўтказилади.

Қабулда фуқароларнинг суд-ҳуқуқ масалаларига оид мурожаатлари тингланади.

Қабулга келган фуқаролар жиноят ишлари бўйича Қўнғирот тумани суди биносидан иштирок этади.

Қабул вақти: 21 февраль, соат 10:00 дан бошланади.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Тайынлаў

Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары-аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Т.Султанов тайынлаўға шекем Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Тайинлов

Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қўнғирот тумани ҳокимининг қишлоқ ва сув хўжалиги масалалари бўйича ўринбосари - қишлоқ хўжалиги бўлими бошлиғи лавозимига тайинланди.

Т.Султанов тайинловга қадар Қўнғирот тумани Қишлоқ хўжалиги бўлими бошлиғи лавозимида фаолият юритган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


“Айдынлар” фильми “Ең жақсы фильм” номинациясына мүнәсип деп табылды

2025-жылдың 12-15-февраль күнлери Ватикан мәмлекетиниң бирден-бир кинофестивалы болған, Рим Папасы Франциск тәрепинен жақсылық ҳәм дослық ураны тийкарында шөлкемлестирилген, “Католик Оскари”, “ XVI- MIRABILE DICTU” кинофестивалы болып өтти.

Жәҳән кинодөретиўшилери тәрепинен кинофестивалға инам етилген 2000 нан аслам фильмлер ишинде “Өзбектелефильм” мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен сүўретке алынған “АЙДЫНЛАР”  (режиссёрлар Музаффархон Еркинов ҳәм Музаффар Қорабоев) көркем фильми “ЕҢ ЖАҚСЫ ФИЛЬМ” номинациясы жеңимпазы болды.

Фильм Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында сүўретке алынған болып, онда бир қатар Қарақалпақстанлы актёр ҳәм актрисалары табыслы роль атқарған.

«Айдинлар» филми «Энг яхши фильм» номинациясига муносиб деб топилди

2025 йилнинг 12-15 февраль кунлари Ватикан давлатининг ягона кинофестивали бўлган, Рим Папаси Франциск томонидан яхшилик ва дўстлик шиори асосида ташкил этилган, «Католик Оскари» «XVI- MIRABILE DICTU» кинофестивали бўлиб ўтди.

Жаҳон киноижодкорлари томонидан кинофестивалга тақдим этилган 2000 дан ортиқ фильмлар ичида «Ўзбектелефилм» давлат ташкилоти томонидан суратга олинган «АЙДЫНЛАР» (режиссёрлар Музаффархон Эркинов ва Музаффар Қорабоев) бадиий филми "ЭНГ ЯХШИ ФИЛЬМ" номинацияси ғолиби бўлди.

Фильм Қорақалпоғистон Республикаси Мўйноқ туманида суратга олинган бўлиб, унда бир қатор Қорақалпоғистонлик актёр ва актрисалар муваффақиятли роль ижро этган.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
Давлатимиз раҳбари Ал-Кувайт шаҳридаги "Ас-Салом" сарой-музейида бўлди

Мәмлекетимиз басшысы Ал-Кувейт қаласындағы "Ас-Салам" сарай-музейинде болды.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X



15 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.