IYMAN.UZ | Рәсмий канал


Kanal geosi va tili: O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa: Din


Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Kanal geosi va tili
O‘zbekiston, O‘zbekcha
Toifa
Din
Statistika
Postlar filtri


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен 22- февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Рамазан_сораў_жуўап

   ОРАЗАНЫ НЕЛЕР БУЗАДЫ?

   СОРАЎ: Қандай нәрселер оразаны бузады? Сол ҳаққында толық мағлыўмат берсеңиз.

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.

🔹- Ораза тутқан адам билип турып аўқат жесе, суў ишсе, дәри ишсе ямаса (өмирлик жолдасы менен) жынысый қатнаста болса ораза бузылады. Бундай жағдайларда қаза да, кәффарат та ўәжиб болады.
  
🔹- Рамазан оразасынан басқа оразаларда кәффарат жоқ.

🔹- Төмендеги жағдайларда ораза тутқан адамның оразасы бузылады ҳәм қазасын тутып бериўи ўәжиб болады, бирақ кәффараты ўәжиб болмайды;

   - Таң атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты, деп ойлап аўызын ашып жиберсе, соң таң атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе;
   - Ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса;
   - Клизма қылса;
   - Мурнына дәри тамызса;

   - Ықтыярсыз түрде қусса, ораза бузылмайды. Бирақ, билип турып, зорлап, аўызы толып қусса, оразасы бузылады, кейин қазасын тутыў ўәжиб болады.

🔹- Төмендеги жағдайларда ораза бузылмайды:
   - Ораза тутқан адам есинде жоқ ҳалатта аўқат жесе, ишсе, жынысый қатнас қылса;
   - Уйқылап атырғанда ямаса ҳаялына қарап жунуб болып қалса;
   - Қан алдырса;
   - Сүрме қойса;
   - Ҳаялын сүйсе, бирақ жунуб болмаса.

   Бирақ, ораза тутқан адам илажы барынша өзин бундай ҳалатлардан узақ услаўы керек.

🔹 Ораза тутқан адам ушын төмендеги ислер мәкруҳ:
   - Өзине исенбеген адамның өз ҳаялын сүйиўи. Егер өзин жылаўлай алса зыяны жоқ.
   - Бир нәрсениң дәмин татып көриў ҳәм мисўактан басқа нәрсе менен тисти тазалаў.
   - Емизиўли ҳалында ораза тутқан ҳаял өз баласына баласы аш болмай турған гезинде тағам шайнап бериўи. Бунда егер шайнамаўдың илажы болса, шайнамаған мақул. Бирақ, илажы болмаса шайнап бериўдиң зыяны жоқ. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы.


Telegram | Instagram | Youtube | Faceboo


AHLI SUNNA | Расмий канал dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Видео

Мазҳабсизлик - ўта хатарли йўлдир!

Ғуломиддин домла Холбоев

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Фатво маркази директор ўринбосари
Тошкент ислом институти ўқитувчиси

🔗 Улашинг: @AhliSunnaValJamoaUz


#жума_күни_сүннетлери

      Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
#жума_күни_сүннетлери

      Жума күниниң сүннетлерине әмел етейик! Ҳәр бир сүннет әмел ушын көплеген саўапларға ийе боламыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇


Telegram | Instagram | Youtube | Faceboo


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Таңғы тилек


Ассаламу алайкум!

🌺🤲 Баслап атырған жаңа күниңиз мүбәрек болсын!
🌸🤲 Ҳәр бир ийгиликли ислериңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Қәлбиңиз ийманға,
Үйиңиз қуўанышқа,
Жүзиңиз нурларға,

🌸 Күниңиз қайырлы, жақсы әмеллерге толы болсын!🤲

🍃 Үйиңизди берекет тәрк етпесин!🤲

🌙 ЖУМА КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!

             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡
          🌸 Қайырлы күн әзизлер! 🌸
             ≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡≡


                ....🍃🌿🌸🌺🌸🌿🍃.....

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен 21- февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#сораў_жуўап #дуўа

ТҮСКИНЛИКТЕН ҚУТЫЛЫЎ

913-Сораў: Түскинликтен қандай қутылыў мүмкин?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Түскинликтен қутылыў басына келген мүсийбетти қандай күтип алыўға байланыслы. Егер адам өзине жеткен мүсийбет ҳәм сол сыяқлы кеўилсизликлерге бул да Аллаҳтың тәғдири, маған жиберген бир имтиханы, деп қараса, мүсийбетлерди жеңиў ҳәм түскинликлерден шығып кетиўи аңсат болады.

Аллаҳтың тәғдирине көнип, қәлеўине тәслим болғанлардың ҳәмме иси жақсы болады. Олар өзлерине денсаўлық ҳәм қәтержамлық сыяқлы шырайлы нәрселер келгенде, бул неъматларды Аллаҳтан билип шүкир етеди. Басларына наўқаслық ҳәм апат сыяқлы нәпсиге жақпайтуғын жаманлықлар келгенде, оларды Аллаҳтан сынаў ретинде қабыл етеди ҳәм сабыр қылады. Ақыбетте екеўи де олар ушын жақсы болады. Себеби, шүкир еткени ушын шүкир саўабы, сабыр қылғаны ушын сабыр саўабын алады ҳәм ҳәр еки жағдайда да пайда көреди.

Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди: "Мөминниң ҳәр қандай жағдайы жақсы. Оның ҳәр қандай жағдайы (саламат яки наўқас болсын) өзи ушын қайырлы (жақсы). Бул тек мөминлерге ғана тән. Оған жақсылық келсе, шүкир етеди; Бул оның ушын жақсы болады. Егер жаманлық (кеселлик, мүсийбет) келсе, сабыр қылады; Бул да оның ушын жақсы болады" (Имам Муслим рәўияты).

Уламаларымыз өмирде қандай да бир машқала яки тосықларға дус келип қалған инсанларға ҳәдислерде келген: "Йәә Ҳалийму йәә Алийм, йәә Алиййу йәә Азийм", дуўасын оқып кейин Аллаҳтан шын кеўилден ҳәм шын ықлас пенен қәжетин сораса, иншааллаҳ, Аллаҳтың жәрдеми менен машқалалардан қутылады, деген. Ўаллоҳу аълам.

 Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#зикир   
  
ТАҢҒЫ ЗИКИР

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

     «Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қиямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди.

     Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳәмд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсаглардан пәклеп яд етемен.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Таңғы_сәлемнама

🌼 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌼

   Атқан таң берекетли болсын!

🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿

  🌺 Аллаҳ таала ерте турған ҳәм әҳли шаңарағын да ерте турғызған адамнан разы болсын! 🌺

  🌸 Әмеллерин ийги нийетлер менен қылып ибадат дәрежесине көтерген адамды Аллаҳ таала Өзиниң раҳметине бөлесин! 🌸

🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿
🌺🌿🌺🌿

  🌷 Дуўаларында бирадарларын еслейтуғын мөминниң дуўасы қандай жақсы!

☘ Аллаҳым, ең жақын бирадарымнан Өзиң разы бол!

🍀 Оның еки дүньясын абат қыл!

🌼 Дүньяда қылған ибадатларының саўабын ақыретте көбейтип берегөр!

      Әәмин !!!

✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨

      Күниңиз сәтли өтсин!

☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен 20- февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


AHLI SUNNA | Расмий канал dan repost
Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#видеолавҳа

Фатвога журъатлироғингиз дўзоҳга журъатлироғингиздир

🎤 Устоз Салоҳиддин домла

🔗 Улашинг: @AhliSunnaValJamoaUz


#сораў_жуўап

ТИК ТУРЫП ТАҒАМ ЖЕЎ

857-Сораў: Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан тик турған ҳалда аўқат жеў ҳаққында ҳәдислер келген бе?
Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәриятымызға көре тик турып яки жолда жүрип аўқатланыў макруҳ әмел саналады. Бундай аўқатланыў әдеп-икрамлық қағыйдаларына қайшы келеди. Анас ибн Мәлик ҳәм де Әбиў Саъийд Худрий разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынған ҳәдисте былай делинеди:

"Әлбетте, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тик турып суў ишиўди қадаған етти (басқа рәўиятта "қайтарды" делинген)", деди. Сонда, Қатода разыяллаҳу анҳу Анас разыяллаҳу анҳуға "Тик турып жеў не?", деп сорады. Анас разыяллаҳу анҳу "Тик турып жеў — тик турып суў ишкеннен де жаманырақ", деп жуўап берди" (Имам Муслим рәўияты).

Ибн Ҳажар Асқаланий өзиниң "Фатҳул Барий" китабында усы ҳәдиске шолыў жасап былай дейди:

"Тик турып тағам жеўди тик турып суў ишиўден жаманырақ екенине себеп — тағам жеўге суў ишиўден көре көбирек ўақыт сарпланады" (10-том, 82-бет).

Демек, зәрүрликсиз тик турған яки жүрген ҳалда тағам жеў, суў ишиўден сақланыў Ислам әдеплерине муўапық есапланады. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#зикир   
  
ТАҢҒЫ ЗИКИР

     Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:

     «Ким таң атқанда ҳәм кеш киргенде "Субҳаанәллооҳи ўә биҳамдиҳи" деп 100 мәрте айтса, Қиямет күни оннан ҳеш бир адам абзал бола алмайды. Тек ғана оған уқсап (100 мәрте) айтса яки оннан көп айтса абзал болады», деди.

     Зикирдиң мәниси: Аллаҳға ҳәмд айтыў менен Оны айып ҳәм нуқсаглардан пәклеп яд етемен.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Video oldindan ko‘rish uchun mavjud emas
Telegram'da ko‘rish
#Таңғы_сәлемнама

🌼 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌼

   Атқан таң берекетли болсын!

🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿

  🌺 Аллаҳ таала ерте турған ҳәм әҳли шаңарағын да ерте турғызған адамнан разы болсын! 🌺

  🌸 Әмеллерин ийги нийетлер менен қылып ибадат дәрежесине көтерген адамды Аллаҳ таала Өзиниң раҳметине бөлесин! 🌸

🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿
🌺🌿🌺🌿

  🌷 Дуўаларында бирадарларын еслейтуғын мөминниң дуўасы қандай жақсы!

☘ Аллаҳым, ең жақын бирадарымнан Өзиң разы бол!

🍀 Оның еки дүньясын абат қыл!

🌼 Дүньяда қылған ибадатларының саўабын ақыретте көбейтип берегөр!

      Әәмин !!!

✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨

      Күниңиз сәтли өтсин!

☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


УЙҚЫЛАЎДАН АЛДЫН ОҚЫЛАТУҒЫН 4 СҮРЕ

1. Аятү
л -курсий

Әлий разыяллаҳу анҳу айтады: "Уйқылаўдан алдын Аятүл-күрсий аятын оқымағанларға таң қаламан. Егер усы аят қәншелли уллы екенин билгенинде, оны оқыўды ҳасла итибарсыз қалдырмайтуғын еди. Бул аят Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға Арш ғәзийнесинен берилген. Аятүл-күрсий Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан алдынғы пайғамбарлардың ҳеш бирине берилмеген. Аятүл-күрсийди жатардан алдын үш рет оқымай бир түнди де өткермегенмен".

2.Ихлас суреси

3. Фалақ суреси

4. Нас суреси

Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам түнде жатарда, еки қолын бирлестирип, оларға дем салып - "Иқлас", "Фалақ", "Нас" сүрелерин қирәәт қылатуғын еди. Кейин еки алақанын денесиниң қолы жететуғын жерине шекем сыйпайтуғын еди. Басынан баслап, бети ҳәм избе-из басқа ағзаларына бул исти үш рет қылатуғын еди" (Имам Бухарий рәўияты).

ДЕРЕК: MUSLIM.UZ

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен 19- февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


РАМАЗАНҒА ТАЯРСЫЗ БА: ҚӘЛБИҢИЗДИ ТАЗАЛАП АЛЫҢ!

Кеўиллеримизди қуўанышқа толтыратуғын Рамазан айына да санаўлы күнлер қалды. Ал, биз өзимизди дүзетип, таярлық көриўди даўам еттиремиз!

Динимизде қәлб адамгершиликтиң тийкары ҳәм ийманның мәканы есапланады. Бенде нийети ҳәм ислеп атырған әмеллери арқалы қәлбине нур кириўи ямаса қараңғылыққа батыўына себеп болады.

Уламалардың айтыўынша, гүнаны көбейтип, гүнада турақлы болыў, парыз әмеллерди Аллаҳ айтқанындай орынламаў, ҳарам әмеллерди қәтержам орынлаў арқалы жүрек қараўытады ҳәм қатып баслайды.

"Егер мөминниң қәлби таза ҳәм пәк болмаса, оның қылған ибадат ҳәм әмеллеринен дүнья ҳәм ақырети ушын пайда жоқ" деген уламалар.

Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәлбтиң қараўытыў себеплерин тилге алып, төмендеги ҳәдисин айтқан:

"Егер мөмин адам бир гүна ислесе, оның қәлбинде бир қара дақ пайда болады. Егер ол тәўбе қылып, гүнадан қайтып, истиғфар айтса, ол жоғалады. Бирақ, гүнаны арттырса, ол қара дақ та көбейеди ҳәм нәтийжеде пүткил қәлбин қаплап алады" (Имам Термизий рәўияты).

Усы ҳәдиси шәрийфтен мәлим болғанындай, мусылман адам гүна ислеўи менен қәлбтиң қараўытыўын ҳәм оның кеселлигин арттырады. Қәлбтиң кеселлениўи бул – бир бендениң Аллаҳ таалаға болған бойсыныўындағы ҳәлсизлик ҳәм бендеден талап етилетуғын ийгиликли әмеллерге болған итибарсызлықты келтирип шығарыўы болады. Себеби, бенделердиң әмеллериниң жақсы ямаса жаман болыўы оның қәлбиндеги тынышлық, қанаат, сабыр ҳәм намысына қарап белгиленеди. Бирақ, жаман әмеллер ислеўинде оның сабырсызлығы, гүналарға жеңил қараўы, дүньяға ҳәдден тыс муҳаббат қойыўы, арзыў-ҳәўеслериниң көплигинен келип шығып баҳаланады. Соның ушын да, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пүткил денеге өз тәсирин өткериўши қәлбке итибар қаратқан.

"Билип қойың, денеде бир бөлек гөш бар. Егер ол дүзелсе, пүткил дене дүзеледи. Егер ол бузылса, пүткил дене бузылады. Билип қойың, ол – қәлб" дегенин еситкенмен" (Имам Бухарий рәўияты).

Усы жерде бүгин кеўиллеримизди өртеп, тынышлығымыздың жоғалыўына себеп болып атырған және бир себеп бар, бул – мусылманның мусылманға қарсы кеўлинде ғәзеп, көре алмаўшылық, өшпенлилик, қәҳәр ҳәм зулымлық нийетинде жүриўи. Мине, усы жаман сезимлер бендени Аллаҳтың нуры ҳәм разылығынан айырады.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди:

"Әлбетте, мөминлер ағайин есапланады, солай екен, сизлер еки ағайиниңиздиң арасын жарастырың, Аллаҳтан қорқың, қәнекей, рейим қылынсаңыз" (Ҳужурот сүреси, 10-аят).

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Paziyletuz | Рәсмий канал dan repost
Еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны болғанларға материаллық жәрдемлер берилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-декабрьдеги “Нәгиранлығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-иләжлары ҳаққында” ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсаны бар нәгиранларға ислам дининиң мазмун-мәниси ҳаққында диний-мәрипий илажлар өткерилмекте.
Усы илажды даўам етиў мақсетинде бүгин 26 еситиў ҳәм сөйлеў қәбилетинде нуқсанлары болған нәгиранларға ислам дини ҳаққында ҳәдис ҳәм аятлардан мысаллар келтирип, түсиниклер берилди.
Нәгиранлығы болған пуқараларға Нөкис қаласындағы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешитинде қәўендерлер кѳмеги менен азық-аўқатлық ѳнимлери берилди.


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

20 ta oxirgi post ko‘rsatilgan.