РАМАЗАНҒА ТАЯРСЫЗ БА: ҚӘЛБИҢИЗДИ ТАЗАЛАП АЛЫҢ!Кеўиллеримизди қуўанышқа толтыратуғын Рамазан айына да санаўлы күнлер қалды. Ал, биз өзимизди дүзетип, таярлық көриўди даўам еттиремиз!
Динимизде қәлб адамгершиликтиң тийкары ҳәм ийманның мәканы есапланады. Бенде нийети ҳәм ислеп атырған әмеллери арқалы қәлбине нур кириўи ямаса қараңғылыққа батыўына себеп болады.
Уламалардың айтыўынша, гүнаны көбейтип, гүнада турақлы болыў, парыз әмеллерди Аллаҳ айтқанындай орынламаў, ҳарам әмеллерди қәтержам орынлаў арқалы жүрек қараўытады ҳәм қатып баслайды.
"Егер мөминниң қәлби таза ҳәм пәк болмаса, оның қылған ибадат ҳәм әмеллеринен дүнья ҳәм ақырети ушын пайда жоқ" деген уламалар.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам қәлбтиң қараўытыў себеплерин тилге алып, төмендеги ҳәдисин айтқан:
"Егер мөмин адам бир гүна ислесе, оның қәлбинде бир қара дақ пайда болады. Егер ол тәўбе қылып, гүнадан қайтып, истиғфар айтса, ол жоғалады. Бирақ, гүнаны арттырса, ол қара дақ та көбейеди ҳәм нәтийжеде пүткил қәлбин қаплап алады" (Имам Термизий рәўияты).
Усы ҳәдиси шәрийфтен мәлим болғанындай, мусылман адам гүна ислеўи менен қәлбтиң қараўытыўын ҳәм оның кеселлигин арттырады. Қәлбтиң кеселлениўи бул – бир бендениң Аллаҳ таалаға болған бойсыныўындағы ҳәлсизлик ҳәм бендеден талап етилетуғын ийгиликли әмеллерге болған итибарсызлықты келтирип шығарыўы болады. Себеби, бенделердиң әмеллериниң жақсы ямаса жаман болыўы оның қәлбиндеги тынышлық, қанаат, сабыр ҳәм намысына қарап белгиленеди. Бирақ, жаман әмеллер ислеўинде оның сабырсызлығы, гүналарға жеңил қараўы, дүньяға ҳәдден тыс муҳаббат қойыўы, арзыў-ҳәўеслериниң көплигинен келип шығып баҳаланады. Соның ушын да, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам пүткил денеге өз тәсирин өткериўши қәлбке итибар қаратқан.
"Билип қойың, денеде бир бөлек гөш бар. Егер ол дүзелсе, пүткил дене дүзеледи. Егер ол бузылса, пүткил дене бузылады. Билип қойың, ол – қәлб" дегенин еситкенмен" (Имам Бухарий рәўияты).
Усы жерде бүгин кеўиллеримизди өртеп, тынышлығымыздың жоғалыўына себеп болып атырған және бир себеп бар, бул – мусылманның мусылманға қарсы кеўлинде ғәзеп, көре алмаўшылық, өшпенлилик, қәҳәр ҳәм зулымлық нийетинде жүриўи. Мине, усы жаман сезимлер бендени Аллаҳтың нуры ҳәм разылығынан айырады.
Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай дейди:
"Әлбетте, мөминлер ағайин есапланады, солай екен, сизлер еки ағайиниңиздиң арасын жарастырың, Аллаҳтан қорқың, қәнекей, рейим қылынсаңыз" (Ҳужурот сүреси, 10-аят).
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Telegram |
Instagram |
Youtube |
Facebook