#Рамазан_сораў_жуўап
ОРАЗАНЫ НЕЛЕР БУЗАДЫ?
СОРАЎ: Қандай нәрселер оразаны бузады? Сол ҳаққында толық мағлыўмат берсеңиз.
ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
🔹- Ораза тутқан адам билип турып аўқат жесе, суў ишсе, дәри ишсе ямаса (өмирлик жолдасы менен) жынысый қатнаста болса ораза бузылады. Бундай жағдайларда қаза да, кәффарат та ўәжиб болады.
🔹- Рамазан оразасынан басқа оразаларда кәффарат жоқ.
🔹- Төмендеги жағдайларда ораза тутқан адамның оразасы бузылады ҳәм қазасын тутып бериўи ўәжиб болады, бирақ кәффараты ўәжиб болмайды;
- Таң атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты, деп ойлап аўызын ашып жиберсе, соң таң атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе;
- Ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса;
- Клизма қылса;
- Мурнына дәри тамызса;
- Ықтыярсыз түрде қусса, ораза бузылмайды. Бирақ, билип турып, зорлап, аўызы толып қусса, оразасы бузылады, кейин қазасын тутыў ўәжиб болады.
🔹- Төмендеги жағдайларда ораза бузылмайды:
- Ораза тутқан адам есинде жоқ ҳалатта аўқат жесе, ишсе, жынысый қатнас қылса;
- Уйқылап атырғанда ямаса ҳаялына қарап жунуб болып қалса;
- Қан алдырса;
- Сүрме қойса;
- Ҳаялын сүйсе, бирақ жунуб болмаса.
Бирақ, ораза тутқан адам илажы барынша өзин бундай ҳалатлардан узақ услаўы керек.
🔹 Ораза тутқан адам ушын төмендеги ислер мәкруҳ:
- Өзине исенбеген адамның өз ҳаялын сүйиўи. Егер өзин жылаўлай алса зыяны жоқ.
- Бир нәрсениң дәмин татып көриў ҳәм мисўактан басқа нәрсе менен тисти тазалаў.
- Емизиўли ҳалында ораза тутқан ҳаял өз баласына баласы аш болмай турған гезинде тағам шайнап бериўи. Бунда егер шайнамаўдың илажы болса, шайнамаған мақул. Бирақ, илажы болмаса шайнап бериўдиң зыяны жоқ. Ўаллаҳу әъләм.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы.
Telegram | Instagram | Youtube | Faceboo