Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
💡 Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким жалған сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды қоймаса, оның тағамын ҳәм ишимлигин тәрк етиўине Аллаҳтың итияжы жоқ», – деди».
Бесеўинен тек Муслим рәўият қылмаған.
Шолыў: Ислам дини ҳәм тәлиматы бойынша мусылман адам бәрқулла тилин жаман сөзлерден, пайдасыз гәплерден тыйыўы лазым. Ал, ораза тутыўшыға бул ескертиў және де күшли болады. Уламаларымыз «Бул ҳәдистеги «жалған сөйлеў»ге ғыйбат, гәп тасыў, гиж-гижлеў ҳәм жала да киреди», дейди. Сондай-ақ, «Оған әмел қылыў дегенде Аллаҳ тааланың ҳәм Оның Расулының наразылығына себеп болатуғын ҳәр бир исти қылыў түсиниледи», дейди.
Демек, ораза тутқан адам өзин тек тағам ҳәм ишимликтен емес, ал мақул болмаған гәп-сөз ҳәм ислерден де тыйыўы лазым. Өзин тағам ҳәм ишимликтен тыйып турып, жалған, гиж-гижлеў, гәп тасыў, ғыйбат, жала сөзлерди айтыўдан, шәрий болмаған ислерди қыла бериўден не пайда бар? Яки оның аш қалып, шөллегенине Аллаҳтың итияжы бар ма?
Тилекке қарсы, турмыста бул ҳақыйқатты умытып қоямыз. Ишимизде оразаны тутып алып, күн бойы пайдасыз гәп-сөзлер, ислер менен бәнт болатуғынлар жүдә көп. Ҳәттеки, арамызда мусылманлардың үстинен ғыйбат, жала қылатуғынлар да жоқ емес. Сол себепли ҳәммемиз жалған сөз ҳәм оған әмел қылыў оразаның саўабын пүткиллей кетириўин ҳеш қашан умытпаўымыз лазым.
Ҳәдис ҳәм Турмыс китабынан
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz