HIKMET_UZ || Рәсмий канал


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Религия


Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Қоңырат районы "Ҳәким Сулаймон" жаме мешитиниң рәсмий Telegram каналы!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Религия
Статистика
Фильтр публикаций


⏰ Қоңырат ўақты менен 02-март күнги намаз ўақытлары

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Telegram👉👉https://t.me/Hikmet_uz


⏰ Қоңырат ўақты менен 02-март күнги ауыз ашар хам жабыу ўақытлары

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.
      АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

      Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

      Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Telegram👉👉https://t.me/Hikmet_uz


Репост из: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Ramazon
#muftiy_minbari

🌙 РАМАЗОН НАФРАТ ЭМАС, РАҲМАТ ОЙИДИР!
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025 #ораза #рәўият

🙄ИФТАРЛЫҚТЫҢ ПАЗЫЙЛЕТИ

     Ифтарлық бир қарағанда кешки тағамланыў. Бирақ усы әйтеўир тағамланыў ораза тутыўшы адам ушын уллы пайзыйлет саналады, қуўаныш ҳәм қайыр-берекет себепшисине айландырылған. Ҳәттеки барлық пайғамбарлар ифтарлық қылыўға буйырылған.
     Имам Табараний Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Биз – пайғамбарлар жәмәәти ифтарды ерте қылыўға ҳәм сәҳәрликти кешлетиўге буйырылғанбыз», деген.

      Имам Бухарий Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте былай делинеди: «Ораза тутыўшыға еки қуўаныш бар. Олар: Ифтар қылғанда сүйсинеди ҳәм қашан Рәббисине жолыққанда, оразасы менен сүйсинеди», деген.

     Имам Бухарий Саҳл ибн Саъд разыяллаҳу анҳудан рәўият қылады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Адамлар ифтарға асығады екен, жақсылықта болып барабереди», деген».

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


🕌 Районымыз мешитлеринде тараўиҳ намазлары басланды

🤲Усы жылғы мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған. Тараўиҳ намазлары оқыла баслады, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.

Тараўиҳ намазынан алдын имам-хатиблеримиз тǝрепинен «Рамазан меҳир-мириўбет ҳәм берекет айы» атамасында баянат етилди.

Бүгин райинымиыз бас имамы Р.Умаров "Ҳәким Сулаймон" жоме мешитинде, «Рамазан меҳир-мириўбет ҳәм берекет айы. Оразаныӊ пазийлети. Перзент тәрбиясы» темасында баянат жасады. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.

✳️Ҳақыйқаттан да мешиттиң абат болыўы менен журтымыз абат болады. Мешитке ибадат ушын келген ҳәр бир мѳмин Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылады. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәрәўан, несийбелеримизди зыяда етип береди иншааллаҳ!
Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

 🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/Hikmet_uz


👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇


Репост из: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Ramazon
#muftiy_minbari

🌙 РАМАЗОН НАФРАТ ЭМАС, РАҲМАТ ОЙИДИР!
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


Репост из: HIKMET_UZ || Рәсмий канал
#рамазан_2025 #Рамазан_календары

Қоңырат районы ушын Рамазан календары



    🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/Hikmet_uz


Репост из: Muslim.uz
#хушхабар #Рамазон_2025
📞 КОЛЛ-МАРКАЗ РАМАЗОНДА 12 СОАТЛИК ИШ ТАРТИБИГА ЎТДИ

Рамазон ойи муносабати билан Фатво марказининг Колл-маркази иш тартибига ўзгартириш киритилди.

📢 Эндиликда Рамазон ойи давомида саволларингизга Фатво марказининг малакали мутахассислари ҳар куни (шанба, якшанба ва байрам кунлари ҳам) эрталаб соат 06:00 дан 18:00 га қадар жавоб берадилар.
📞Фатво марказининг Колл-марказ
телефон рақами: 781503344.

YouTube | Instagram | Facebook |Ummalife

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#call_markaz #fatvo #savol_javoblar #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
#рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Ораза тутыўшының тис пастасынан пайдаланыўы
#Ораза

СОРАЎ:
Ораза адам тисин тис пастасы менен жуўса бола ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм.
Ораза тутқан адам тислерин тазалаўда тис пасталарынан пайдаланыўы мүмкин. Әлбетте, бунда тис пастасы араласқан силекейди жутып жибериўден сақланыў керек болады. Болмаса ораза ашылып кетиўи мүмкин.

Айырым заманымыз уламалары ораза ўақтында тис пастасынан пайдаланбаўды, керисинше оны сәҳәрликтен алдын ямаса аўыз ашқаннан кейинге қалдырыўды усыныс етеди. Себеби, ибадат мәселесинде сақ болыў жақсырақ саналады. Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа орайы

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
💡 Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
«Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Ким жалған сөйлеўди ҳәм оған әмел қылыўды қоймаса, оның тағамын ҳәм ишимлигин тәрк етиўине Аллаҳтың итияжы жоқ»
, – деди».
Бесеўинен тек Муслим рәўият қылмаған.
Шолыў: Ислам дини ҳәм тәлиматы бойынша мусылман адам бәрқулла тилин жаман сөзлерден, пайдасыз гәплерден тыйыўы лазым. Ал, ораза тутыўшыға бул ескертиў және де күшли болады. Уламаларымыз «Бул ҳәдистеги «жалған сөйлеў»ге ғыйбат, гәп тасыў, гиж-гижлеў ҳәм жала да киреди», дейди. Сондай-ақ, «Оған әмел қылыў дегенде Аллаҳ тааланың ҳәм Оның Расулының наразылығына себеп болатуғын ҳәр бир исти қылыў түсиниледи», дейди.
Демек, ораза тутқан адам өзин тек тағам ҳәм ишимликтен емес, ал мақул болмаған гәп-сөз ҳәм ислерден де тыйыўы лазым. Өзин тағам ҳәм ишимликтен тыйып турып, жалған, гиж-гижлеў, гәп тасыў, ғыйбат, жала сөзлерди айтыўдан, шәрий болмаған ислерди қыла бериўден не пайда бар? Яки оның аш қалып, шөллегенине Аллаҳтың итияжы бар ма?
Тилекке қарсы, турмыста бул ҳақыйқатты умытып қоямыз. Ишимизде оразаны тутып алып, күн бойы пайдасыз гәп-сөзлер, ислер менен бәнт болатуғынлар жүдә көп. Ҳәттеки, арамызда мусылманлардың үстинен ғыйбат, жала қылатуғынлар да жоқ емес. Сол себепли ҳәммемиз жалған сөз ҳәм оған әмел қылыў оразаның саўабын пүткиллей кетириўин ҳеш қашан умытпаўымыз лазым.

Ҳәдис ҳәм Турмыс китабынан

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🕌 РАМАЗАНДЫ ҚАЛАЙ ӨТКЕРЕМИЗ?

🧎‍♂️ Сәҳәрлик жеўден алдын таҳажжуд намазын оқып алың.

🟢Түрли шалғытыўшы нәрселер: телефондағы бийкаршы ойынлар, телевизордағы керексиз сериаллардан аўлақ болың.

📱 Интернетте пайдасыз отырыўдан тыйылың.

🕌Нәпил ибадатларды көбейтиң.

☪️ Ҳәр күни имканиятыңыз барынша садақа бериўге ҳәм қайыр-сақаўат қылыўға әдетлениң.

☪️ Қураннан күнделикли ўазыйпаларыңызды көбейтип барың.

☝️ Аллаҳтың зикири менен көбирек бәнт болың.

🤲 Көбирек дуўа қылың.

☪️ Имканиятыңыз болғанынша мүтәжлерге жәрдем қолын созың.

🤝 Ағайин-туўғанларға силаи-раҳим қылың.

😄 Ата-анаңызға жақсылық қылың.

🧎‍♂️Қаза намазларыңызды оқың.

#рамазан

🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ijtimoiy

📹 ТИЛ ОЗОРИ - ДИЛ ОЗОРИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
🌙Ҳәр бир ораза тутыўшы бул есиктен киреди

☝️ Аллаҳ таалаға шексиз шүкирлер болсын Өзи бизди мүбәрек Рамазан айына жеткерип, бул айдың ибадатларын орынлаўды несип еттирмекте. Аллаҳтың өз ибадатына ылайық көриўи биз ушын шексиз неъмат. Себеби, ибадат – бендениң бул дүньядағы ең тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларынан бири. Инсан жаратылыўынан гөзленген бас мақсет те усыннан ибарат. Бул ҳаққында Қураны кәриймде Аллаҳ таала былай дейди: «Мен жинлер ҳәм инсанларды тек Өзиме ибадат қылыўы ушын ғана жараттым» (Зәрият сүреси, 56-аят).
Рамазан айы биз ушын Аллаҳға жақын болыў, минез-қулқымызды жетилистириў, саўаплы әмеллерди көбирек ислеў, ийманымызды беккемлеў сыяқлы ибадатлар ушын қолайлы бир пурсат болып есапланады.
Қураны кәриймде ораза ибадаты Адам алайҳиссаламнан баслап Муҳаммад алайҳиссалам дәўирине шекем өткен барлық пайғамбарлар ҳәм үмметлерге парыз қылынғаны атап өтиледи. Аллаҳ таала айтады: "Ҳәй ийман келтиргенлер! Сизлерден алдынғыларға парыз қылынғанындай сизлерге де ораза парыз қылынды. Қәнекей, тақўалы болсаңыз" (Бақара сүреси, 183-аят).
Демек, ораза бенде ушын соншелли әҳмийетли ибадат, Аллаҳ оны тутыўды барлық үмметке парыз қылған. Бәлким, оразаның пазыйлетлери буншелли көп болмағанда барлық үммет ушын бирдей парыз болмаған болар еди.
Сондай-ақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдиси қудсийде былай дейди: «Аллаҳ таала Адам баласының барлық әмели өзи ушын, тек ораза Мен ушын ҳәм оның сыйлығын Мен – Өзим беремен, деди» (Имам Бухарий, имам Муслим, имам Насаий ҳәм имам Аҳмад рәўият қылған). Аллаҳ таала барлық саўаплы әмеллер ишинен тек ғана оразаны өзи ушын таңлағаны бул ибадаттың қаншелли уллы екенлигине дәлил болады.
Ораза ибадаты бенде ҳәм Рәбби арасындағы ең жасырын ибадатлардан бири есапланады. Ораза тутыўшы күн даўамында бир неше мәрте өзи жалғыз қалғанда жеў ямаса ишиўге имканияты болса да Аллаҳтың бақлап турғанын сезип, жеў-ишиўден нәпсин тыйып, сабыр етеди. Сонда оразаның тийкарғы ҳақыйқаты жүзеге шығып, бенде Аллаҳға барған сайын жақынласып барады.
Ҳақыйқатында да, ораза айының пазыйлетлери шексиз, оны санап санағына жетип болмайды. Ҳәр бир инсан өзиниң ҳәрекети ҳәм нийетине қарай бул айдың саўабынан түрлише пайдаланады. Бирақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның төмендеги ҳәдисине муўапық ҳәр бир ораза тутыўшының жәннетке "Райян" деп аталған есиктен кириўи ҳақ. Саҳл разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Жәннетте бир есик бар. Ол "Райян" деп аталады. Қыямет күни оннан ораза тутқанлар киреди, олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Ораза тутыўшылар қайда? делинеди. Сонда олар турады. Олардан басқа ҳеш ким оннан кирмейди. Олар киргеннен кейин, ол бекитиледи. Кейин оннан ҳеш ким кирмейди", деди (Имам Бухарий рәўияты).
Аллаҳ таала гүналарымызды кеширип, жәннетке "Райян" дәрўазасы арқалы кириўимизди несип етсин.
(muslim.uz)

🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz



Показано 15 последних публикаций.