Фильтр публикаций


#рамазан_2025 #аўыз_ашыў_дуўасы
#Нөкис_ўақты_менен

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

     Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

    👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz




#рамазан_2025 #Сораў_жуўап

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025  

🤲 Рамазан – дуўалар қабыл болатуғын ай!

     Рамазан айы улыўмалық сыпатлары менен дуўа қабыл болатуғын ўақытлардан бири. Бул айда Қәдир түни болып, ол мың айдан жақсы. Оны Рамазанның ақырғы он күнлигиндеги тақ түнлерден излеймиз.
Мөмин бенде бул түнде дуўа қылса, сорағанынан да жақсырағына ериседи. Рамазан айының ҳәр бир күнинде де дуўа қабыл болатуғын саат бар болып, ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқанындай, ифтар ўақты: «Оразадардың ифтар ўақтында қайтарылмайтуғын дуўасы бар».
     Дүнья ҳәм ақырет жақсылықларын сорап, өзимиз, жақынларымыз ҳәм барлық мусылманлар ҳаққына дуўа етип, әлбетте әмелге асатуғын пурсатты қолдан жибермеўге тырысамыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


   #рамазан_2025

 
😎 Жәбрайыл алайҳиссалам Қуранды алып түскени ушын периштелер ишинде ең абзалы болды.
– Қуран Муҳаммад алайҳиссаламға нәзил болғаны ушын, ол адамлардың ең абзалы болды.
– Қуран Муҳаммад үмметине түскени ушын Муҳаммад үммети ең жақсы  үмметке айланды.
– Қуран Рамазан айында түскени ушын Рамазан айы ең жақсы айға айланды.
– Қуран қәдир түнинде нәзил болғаны ушын Қәдир түни ең жақсы түнге айланды.
Енди сен, егер усы Қуран қәлбиңе кирсе не болыўын бир ойлап көр?

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#рамазан_2025

Оразам қабыл болсын, десеңиз киши гүналардан да сақланың!

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025 #Сораў_жуўап

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Ҳаялымның алтын тағыншақлары зәкат нисабына жеткен. Бирақ, қолында пулы жоқ. Ол зәкатты қалай береди?

💭 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм.
Мүлик кимдики болса, зәкат төлеў де оның мойнына болады. Ҳаял адам тағыншақларынан зәкат муғдарыншасын сатып, зәкат төлейди. Егер, ҳаял адам күйеўинен мениң зәкатымды төлеп бериң деп илтимас қылса ҳәм күйеўи оның атынан төлесе, ҳаялының мойнынан зәкат ада болған болады. Егер буның имканы болмаса, қарыз алып болса да, зәкатты төлеўи лазым болады.
Ўаллоҳу аълам.


Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


   #рамазан_2025

  ​
🖖Рамазан – дуўалар қабыл болатуғын ай!

     Рамазан айы улыўмалық сыпатлары менен дуўа қабыл болатуғын ўақытлардан бири. Бул айда Қәдир түни болып, ол мың айдан жақсы. Оны Рамазанның ақырғы он күнлигиндеги тақ түнлерден излеймиз.
Мөмин бенде бул түнде дуўа қылса, сорағанынан да жақсырағына ериседи. Рамазан айының ҳәр бир күнинде де дуўа қабыл болатуғын саат бар болып, ол Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтқанындай, ифтар ўақты: «Оразадардың ифтар ўақтында қайтарылмайтуғын дуўасы бар».
     Дүнья ҳәм ақырет жақсылықларын сорап, өзимиз, жақынларымыз ҳәм барлық мусылманлар ҳаққына дуўа етип, әлбетте әмелге асатуғын пурсатты қолдан жибермеўге тырысамыз.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#зәкат

     БАЙЛЫҚҚА БЕРЕКЕТ БЕРЕТУҒЫН ИБАДАТТЫ БИЛИП АЛЫҢ!

     “Зәкат” сөзликте «арттырыў, пәклеў, берекет» мәнилерин аңлатады. Ҳақыйқаттанда, зәкаты берилген мал-мүлк пәкленип, оған берекет киреди.  
     Шәрият термининде болса, мал-дүньясы нысабқа жеткен адамның ҳәр қамарий жылда бир мәрте малының қырқтан бир бөлегин Аллаҳ таала парыз қылған ҳақ ийелерине бериўи «зәкат» делинеди.
     Зәкат динимиздиң бес тийкарғы үстининен бири болған матеряллық ибадат саналады. Қуран ҳәм сүннет пенен беккем тастыйқланған болып, ким оны жалған десе диннен шығады, ал исенип орынламаған адам үлкен гүна қылған болады. 
     Зәкат ҳижраттың екинши жылы парыз қылынған. Ол балағатқа жеткен, ес-ақылы пүтин, мүтәжлигинен ҳәм қарызларынан тысқары жыл толған, нысаб муғдарындағы көбейетуғын мал-мүлки бар мусулманға парыз болады.
     Зәкат берип атырғанда, яки мүлкинен ажырап атырғанда оның зәкат екенин нийет қылыў лазым.
     Зәкатты алып атырған мүтәж адам оның зәкат екенлигин билиўи шәрт емес.
     Бирақ, зәкат бериўши оны нийет қылып бир жарлы яки жетимниң қарнын тойдырса, ол зәкат орнына өтпейди.
     Зәкат Қуран ҳәм сүннетте «садақа» деп те аталған. Салық төлеў зәкат орнына өтпейди, себеби зәкат мүтәж болғанларға, оның мүлки қылып берилиўи шәрт.

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025 #Сораў_жуўап

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025
#рамазанның_пазыйлети #зәкат
#сораў_жуўап

Сораў: Зәкаттың  мәнис-мазмуны не?

💬 Жуўап: Бисмилләҳир Роҳманир Роҳийм. Зәкат бул – Ислам дининиң бес парызынан бири болған зәкат қаржылай ибадат есапланады. Оның “өсиў” “пәклеў” деген мәнилери бар. Шәриятымызда бай деп есапланған адам белгили бир мал-мүлкинен өзине ўәжиб болған муғдарды кәмбағалға мүлик қылып бериўи зәкат деп айтылады. Зәкат бериўде нысаб ҳәм жыл толыўы әҳмийетли.

     Зәкат бериўдиң парыз екенлиги аяты кәриймалар ҳәм ҳәдислерде келтирилген. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

     “Намаз оқың ҳәм зәкат бериң...” деген. (Бақара сүреси, 43-аят). Усы буйрық Аллаҳ тааланың кәламында сегиз мәрте тәкирарланған.

     Пайғамбарымыз алайҳиссалам Ислам дини бес сүтнниң үстине қурылғанын айтып, соның ишинде зәкатты да айтты.

      Пайғамбарымыз алайҳиссалам әтираптағылардан зәкат алыў ушын адамларды жиберетуғын еди. Буған мысал ретинде Муаз ибн Жабал разыяллаҳу анҳуды Яманға жиберип:

     “Оларға Аллаҳ таала мал-мүлкинен белгили бир бөлегин алып, кәмбағалларға берилетуғын бир садақа бар екенлигиниң хабарын бериң” деген (Имам Бухарий рәўияты).

      Аллаҳ таала зәкат бермейтуғынларға қатты азап бар екенин ескертип:


      “... алтын ҳәм гүмислерди жасырын ғәзийне қылып, оларды Аллаҳтың жолында сарпламайтуғынларға қатты азап бар екениниң хош хабарын бериң” (Тәўбә сүреси, 34-аят)

Ўаллаҳу аълам

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа орайы


     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#рамазан_2025

Ысырапгершилик берекетти кетиреди

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025 #тилек

🎊🌹 РАМАЗАННЫҢ 6-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!!!🎊🌹

🌺 Баслап алған рамазанның 6-күни мүбәрек болсын! Ҳәр бир қайырлы исиңизде Аллаҳ Яр ҳәм Жәрдемшиңиз болсын!

•🌹 Саўаплы әмеллер қылыў ушын имкан берип, РАМАЗАНға жеткизген Аллаҳ таалағаа шексиз шүкирлер болсын!

•🌹 РАМАЗАН күнинде Аллаҳтан АТА-АНАҢЫЗ, Өзиңиз ҳәм бәрше жақынларыңызды мағфират қылыўын сорайман!

•🌹 РАМАЗАН күнинде Аллаҳ дуўаларымыз ижәбат болыўын, перзентлеримиз солиҳ солиҳа болыўын, ибадатларымыз ықласлы, ырысқымыз берекетли болыўын несип етсин!

🌹🎊 РАМАЗАННЫҢ 6-КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!🎊🌹

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025 #аўыз_жабыў_дуўасы #Нөкис_ўақты_менен

      АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

      Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

      Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


😌 НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН!

🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#ҳәдис

Сәҳәрликте қурма жең.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «ҚУРМА МӨМИН УШЫН ҚАНДАЙ ЖАҚСЫ СӘҲӘРЛИК», деген.

(Имам Әбиў Даўыт рәўияты)

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

👉Telegram| Instagram| Facebook| YouTube


#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 6-март күнги намаз ўақытлары

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Хожели районындағы «Пирим ийшан» мешитинде тараўиҳ намазында болды

Рамазан айы елимизде оғада үлкен итибар ҳәм таярлық пенен күтип алынбақта. Себеби, ҳәр жылы Рамазан айы жақынласыўы менен ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың «Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў» ҳаққындағы қарары қабыл етилип, мешитлерде емин-еркин ибадат етиўине ҳүкимет көлеминде итибар қаратылмақта. Солай екен, биз мөмин-мусылманлар бул шараятларды қәдирлеп, бул мүбәрек айды шүкиршилик кейпиятында өткериўимиз лазым.
Мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде тараўиҳ намазлары оқылмақта. Бәрше қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.
Тараўиҳ намазларында имам-хатиблеримиз тǝрепинен диний-мǝрипий мазмунда сǝўбетлесиўлер ѳткерилмекте.
Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Хожели районындағы «Пирим ийшан» мешитинде болып, «Ислам дининде басқа дин ўәкиллерине ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик. Перзент тәрбиясы. Илим алыў пазийлети» темаларында баянат жасады. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
… Жәмәәт пенен тараўиҳ намазын оқыды. Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_2025 #аўыз_жабыў_дуўасы #Нөкис_ўақты_менен

      АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ

      Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.

      Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы.


😌 НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН!

🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz



Показано 20 последних публикаций.