Өмир сабақлары.☘


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Жеке канал
Посттағы пикирлер ҳеш кимге қарата айтылмаған.
Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий
🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Кеўилдиң әҳмийети ҳәм оны табыўдың қыйынлығы.. Кеўилсизликлер адамларды қырғын қылып жиберетуғын қураллардан да күшли ҳәм қорқынышлы....


@omir_sabaqlari


@omir_sabaqlari

АДАМЛАРҒА ИСЕНЕСИЗ БЕ?

Сәўбетлеске болған исенимсизлик адамның сөзлеринен, көз қарасларынан сезилип турады. Буны сезген сәўбетлесиңиз де тезлик пенен мәмилени өзгертиўи мүмкин.
Ал, нәтийже-ше? Ақыбетте ортадағы мунасәбетлерге зыян жетеди.
Келиң, сизде бул тест жәрдеминде басқаларға салыстырғанда исенимиңиз қайсы дәрежеде екенин тексерип көриң.

1. Адамлар көбинесе басқа нәрсени сөйлейди, әмелде басқаша жумыс жүргизеди.
Сол распа?


А) Аўа, бул әжайып! (2 балл)
Б) Болып турады (1 балл)
в) Болыўы мүмкин емес (0 балл)

2. Күнлердиң биринде жақын достыңыз сизди алдап атырғанын сезсеңиз:

А) Билмесликке аламан (0 балл)
Б) Алдап жүргенин әшкара етемен
(1 балл)
в) Маған бул жумысы унамаса-да, артық алдамаўын өтиниш етип отырмайман (2 балл)

3. Көпшилик қандай қыйын болса -да, тек ҳақыйқатты сөйлеўди мақул көреме?

А) Өтирик гәптен не пайда (0 балл)
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Ҳақыйқат бәрибир өмирде кемирек болса керек (2 балл)

4. Ҳәр қандай тараўда шерикликке таярсыз ба?

А) Аўа, маған бул нәрсе йош береди
(0 балл)
Б) Мудамы емес (1 балл)
в) Жоқ, маған ҳеш ким кесент бермесе деймен (2 балл)

5. Сиз басқалардың аўырын жеңиллестириўден өзиңизди тыя аласызба?

А) Буны тек өзим билемен (2 балл)
Б) Гейде болып турады (1 балл)
в) Ҳәр кимниң турмысқа өз қараслары бар (0 балл)

6. Өкинишлиси, тез-тез сондай ўақыялар болып турады, жақын досларыңыз сыртыңыздан турып сизди ғыйбат етеди.

А) Буны көп ўақыттан берли сеземен (2 балл)
Б) Болыўы мүмкин (1 балл)
в) Жоқ, мен досларыма исенемен
(0 балл)

7. Қашандур жақын достыңыз сизге буйрық бере басласа, қандай жол тутасыз?

А) Биле-тура керисин ислеймен
(2 балл)
Б) Ҳәртүрли жол тутаман (1 балл )
в) Айтысып отырмайман (0 балл )

8. Егер кимгедур сын пикир айтсаңыз, ол сол себепли туўры жолға түсип алса ҳәм сизиң сын пикириңиз жуўапсыз қалып кетсе:

А) Еслетип отырмайман (0 балл )
Б) Бир нәрсе дей алмайман (1 балл)
в) Тағы қайтадан еслетип көремен
(2 балл)

9. Адамлар гейде өзлерин жүдә биртүрли әжептәўир тутады ҳәм ақыбетте қәтелерге жол қояды.
Сондай болған ўақытта сиз қандай жол тутасыз?


А) Биреўлердиң қәтелеринен жуўмақ шығараман (0 балл)
Б) Түрлише жолларды излеймен
(1 балл)
в) Олардың жумысларына араласпайман (2 балл)

10. Кеўилсиз жағдай жүзеге келген ўақытта, кимдур сизиң ашыўыңызға тийсе :

А) Оны тынышландырыўға урынаман (0 балл)
Б) Не ислеўди билмес едим
(1 балл)
в) Бул мениң де ашыўымды келтиреди (2 балл)

Топлаған балыңызды жазың

2.6k 0 14 10 28



ОЗИНИЗДИ ТИНТИП, ТЕКСЕРИП КОРГЕНСИЗБЕ.....???

Тийкарында сиз озиңиз кимсиз, ҳәм қандай ҳакыйқатларыңыз барлығын озиңиз билесизбе?


@omir_sabaqlari


ПСИХОЛОГИК ФАКТ......?

Алымлардын айтыўынша инсан қанша уй жумыслары менен бәнт болса,....,
Тускинликтен -қайғыдан ,керексиз нарселерди ойлауғада ўақты болмас екен.


@omir_sabaqlari

3.5k 0 29 21 67

Адамлардың гәплери үлкен тасқа уқсайды.
Үстиңе артсаң белиң сынады.. Аяғыңның астына қойсаң бәлент боласаң...


@omir_sabaqlari




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🥰🥰😘😘😘
Ассалаўма әлейкум.
Кунди кеўилли баслаймыз,Аллаҳым ҳәммеге беккем ден саўлық шаңарақларға аманлық,жумысларымызға табыс берсин!
Күнлериңиз жақсы қуўанышлы хабарлаға толы болсын!


@omir_sabaqlari


#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ТЕСТ

НОМЕР САЙЛАҢ.

Номерлер арқалы жағдайыңызға туўры жуўап алың, бул бир белги.

Зәрүрли бир қарар қабыллаўыңыз керекпе?
Қандайда бир истен қәўетерленесиз бе?

Онда номерлер сораўыңызға жуўап береди.

Дыққатыңызды жыйнап, ойыңызда жүрген сораўыңызды анық ойлап, суўреттен номер сайлаң!
Егер бирден 2 номерге көзиңиз түссе екеўин да таңлай бериң, еки жуўапта жағдайыңыздың жуўабы болады.

@omir_sabaqlari


#Ой_пикир

Жаздың соңғы күнлеринде бир себеплер менен Самарқандқа барып бир-еки күн болдым. Барған үйимиздиң бийкеси сондай жүзи ысық, тили шийрин екен тап өз туўысқанымыздың үйине келгендей болдым. Үйге киргеннен кишкене ғана бөпениң жағымлы ийиси мурныңа урады. Дәлизден өтип тар бөлме арқалы бизге төсек салып дастурхан жайып қойған жерге кирип отырдық. Кишкене ғана тар бөлмениң төринде бесикте қуўыршақтай миттәй ғана бөпе мыналар кимлер-әй дегендей көзи бақырайып бизлерге қарап жатыр. Негедур тиксинип кеттим. Нәрестеге қарамаўға тырыстым. Бизлерде сырттан бөтен адам келгенде нәрестени тасалар едик, көз тийип қалар дегендей. Шай-пай ишип, бой жазып үйренискеннен соң үй бийкесиниң қасында сөйлесип отырдым. Нәресте жыласа бесикти шайқап жубатты, аш болдыңба деп қутыдағы жасалма аўқатты қайнаған суўға араластырып ишкизип атыр. Бесиктен шешип алып астын тазалап бир майдан арқасын қағып еркелетип отырды. Анасы бир жерге кеткен шығар кешке шекем келер деген ой менен ол туўралы сорамадым. Арасында менде бесик шайқасып қарасқан болдым. Кеште тамағымызды жеп болғаннан соң және бирмайдан сөйлесип отырдық.
-Ҳаў бул батырдың мамасы қайда дедим ақыры шыдамай.
-Аяси билан дадаси Рассияга ишга кетган.
-Ийе бу жуда кишкинаку деппен.
-Икки хапталигида кеткан. Бир-икки кундан бу йигитча бир ойга толади-деп бөпениң мурнын қысып еркелетип қояды. Иккинчи қизимнинг уғли. Яхши иш чиқиб қолди, эри иккаласи кетти.
-Бирон нимага пул йиғияптими, уй олмоқчидур, балким-деймен еки ҳәптелик гөдекти таслап кеткендей пулға жүдә зәриў болған шығар деген ой менен.
-Туртхоналик уй олди, энди ишини тулдироман дейди, яхшироқ топсак яна уй олиб квартирага берип қоямиз дейди, ээ буларнинг орзу-хаваслари хеш тугамайдида.

Аўзын тамсанып мәмме излеп атырған бөпениң аўзына емизиктиң ушын жыллы суўға бир батырып алып салдым. Тап анасын емип атырғандай қуры емизикти терлеп тепшип сорып уйықлап қалды.
Нәрестем-ай, усы қуры емизикке ылайықпедиң. Сени еки ҳәпте емизген болса, анаңның сүтиниң дәми таңлайыңда қалдымекен. Дунья-малдың изинен қуўып жүргенде перзентимизге деген меҳримизди жойтып қоймаймыз ба, дегим келди.

Белгили ырымшыл қәрекеңбизғо кетерде сүп-сүйкимли нәрестениң желкесине қайта-қайта көз тиймесин деп түпирип кеўлимди жайлағандай болдым.


П.с Мен жазыўшы яки журналист емеспен. Көргенимди қағазға түсирдим, тек. Кемшилиги болса елестирмейсизлер😊

@omir_sabaqlari

3.9k 0 16 10 99



Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🧐Тек 30% адам буның жуўабын таба алады.

СОРАЎ: Таўық қайсы кепка ишинде жасырынған?

4.3k 0 17 26 29

@omir_sabaqlari

#ЕГЕР

1⃣ Сипсени тикейтип қойса, қублаға қаратса;

2⃣ Қонақ кеткеннен кейин артынан сыпырылса;

3⃣ Ашшы бурыш, пыяз, сипсе сыяқлы затларды қолдан қолға берсе;

4⃣ Алдыңнан қара пышық кесип өтсе;

5⃣ Босағада көрисилсе ямаса отырса;

6⃣ Шеп қабақ тартса;

7⃣ Шеп алақан қышыса;

8⃣ Қораз биймезгил шақырса;

9⃣ Бир күнде еки келин түсирип еки келин бир ўақытта, бир дәрўазадан кирип барса;

🔟 Байыўлы шақырса;

1⃣1⃣ Пәтия етилип атырғанда дастурхан үстинде ашшы бурыш ямаса пышақ турған болса;

1⃣2⃣ Ҳәўлиге мәжнүнтал егилсе;

1⃣3⃣ Сапар айында той берилсе;

1⃣4⃣ Әнжир терегиниң отыны жағылса;

1⃣5⃣ Биреў тислеген затты жесе;

1⃣6⃣ Кеседеги шай таўсылмастан, үстине шай қуйылса...

НЕ БОЛАДЫ?

#ҲЕШ НӘРСЕ БОЛМАЙДЫ!

4.6k 0 45 3 114

Ҳәтте бир тал шашыңызға тийместен-ақ сизди жерге жығылта алатуғынлар бар..

@omir_sabaqlari

4.2k 0 13 10 53

Ҳеш бир нәрсе мәңгилик емес.
Күш-қуўатта, ден-саўлықта,
Ҳәттеки айбатта.

Мубашшир Аҳмад

@omir_sabaqlari

5k 0 60 10 68



#Ҳикмет

Бир инсан үлкенлеў лаўазымға өтип, баслық болғаннан соң күнде басы ҳәзлик-ишреттен шықпай қалды. Ол инсанның әкеси тилиннен қудайды түсирмейтуғын, ақыллы инсан болғаны ушын мудамы баласын ийманға шақырар, ескертиўлер айтып шаршамас еди.
Баслықтың бир киши баласы да бар еди. Күн изинен күн өтип ишиўди әдет етип алған баслық енди әкесине қопал, турпайы жуўап беретуғын, гейде болса аўзында аштырмас еди, дерлик ҳәр күни арақсыз үйине келмес еди. Сондай күнниң биринде әке тағы ескертиў бермекши болды, тартыс сол дәрежеге жеткени сонша баласы өз әкесин сақалынан услап урып жиберди.
Бул ҳәдийсени сумлық еле не екенлигин билмейтуғын жас ғана перзенти гүзетип тур еди.
Тағы арадан күнлер өтти, сондай күнлердиң биринде баслық әкелген арағын стол үстине қойды да өзи кийимин алмастырыўға кетти. Оны жасы алтыларға жетип қалған баласының даўысы тоқтатып қалды.
—“Әке” - деди баласы,
—“Аўа балам, не айтажақсаң?”
—“Бул шийшедегилер арақпа?”
—“Аўа, балам.”
—“Буларды ишкен мәс бола ма? ”
— “Аўа, болады.”
— “Олай болса мен де ишиўди үйренемен.”
Баланың бул гәпи әкесиниң үстинен бир шелек муздай суў қуйгандай болды.
— “Балам неге олай дейсең, еле саған мүмкин емес, сен еле кишкенесең” - деди әкеси даўысы қалтырап.
Баласы болса бул гәплерге итибар да етпей, " мен үлкен болғанымда сиз қартайған боласыз, сонда мен де ишип алып мәс болып сизди сақалыңыздан тутып ураман.
Сиз бабамды урғандай. "
Әкеси енди пүткиллей әззилигин тән алып аяқлары қалтырағанынан, орнында тура алмастан отырып қалды. Баласының айтқан гәпи оның өмирин астан-кестен етип жиберген еди. Себеби бул АЛЛА тәрепинен қатты ескертиў еди.
Еле алтыға да кирмеген бала не деп атырғанын, өзи айтқан гәплериниң мәнисине түсинбес еди, лекин айтты.
Баланың әкеси өзиниң жағдайына түсинбей ҳайран, оның көзлеринен тынбай жас ағар еди.

Өзлигиңизди жоғалтпаң!

@omir_sabaqlari




Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Гүлди мөлшеринен артық суўғарсаң, ширийди.
Ал адамға қәжетинен артық ҳүрмет көрсетсең қутырады....


@omir_sabaqlari


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ !!!

Гүмис қыстың жəне бир əжайып таңына жеткизгенине шүкирлер болсын !

Қəдирлим , бүгинги несийбеңиз сиз ойлаған дəрежеден де зыяда , ислериңиз əуметли болсын !

Хəр басқан қəдемиңиз сауаплы хəм ийгиликли болып АЛЛАХ сизден разы болсын !

Күниңиз қайырлы хəм берекетли болсын !

@omir_sabaqlari

8.8k 1 161 2 57
Показано 20 последних публикаций.