#Ҳикмет
Бир инсан үлкенлеў лаўазымға өтип, баслық болғаннан соң күнде басы ҳәзлик-ишреттен шықпай қалды. Ол инсанның әкеси тилиннен қудайды түсирмейтуғын, ақыллы инсан болғаны ушын мудамы баласын ийманға шақырар, ескертиўлер айтып шаршамас еди.
Баслықтың бир киши баласы да бар еди. Күн изинен күн өтип ишиўди әдет етип алған баслық енди әкесине қопал, турпайы жуўап беретуғын, гейде болса аўзында аштырмас еди, дерлик ҳәр күни арақсыз үйине келмес еди. Сондай күнниң биринде әке тағы ескертиў бермекши болды, тартыс сол дәрежеге жеткени сонша баласы өз әкесин сақалынан услап урып жиберди.
Бул ҳәдийсени сумлық еле не екенлигин билмейтуғын жас ғана перзенти гүзетип тур еди.
Тағы арадан күнлер өтти, сондай күнлердиң биринде баслық әкелген арағын стол үстине қойды да өзи кийимин алмастырыўға кетти. Оны жасы алтыларға жетип қалған баласының даўысы тоқтатып қалды.
—“Әке” - деди баласы,
—“Аўа балам, не айтажақсаң?”
—“Бул шийшедегилер арақпа?”
—“Аўа, балам.”
—“Буларды ишкен мәс бола ма? ”
— “Аўа, болады.”
— “Олай болса мен де ишиўди үйренемен.”
Баланың бул гәпи әкесиниң үстинен бир шелек муздай суў қуйгандай болды.
— “Балам неге олай дейсең, еле саған мүмкин емес, сен еле кишкенесең” - деди әкеси даўысы қалтырап.
Баласы болса бул гәплерге итибар да етпей, " мен үлкен болғанымда сиз қартайған боласыз, сонда мен де ишип алып мәс болып сизди сақалыңыздан тутып ураман.
Сиз бабамды урғандай. "
Әкеси енди пүткиллей әззилигин тән алып аяқлары қалтырағанынан, орнында тура алмастан отырып қалды. Баласының айтқан гәпи оның өмирин астан-кестен етип жиберген еди. Себеби бул АЛЛА тәрепинен қатты ескертиў еди.
Еле алтыға да кирмеген бала не деп атырғанын, өзи айтқан гәплериниң мәнисине түсинбес еди, лекин айтты.
Баланың әкеси өзиниң жағдайына түсинбей ҳайран, оның көзлеринен тынбай жас ағар еди.
Өзлигиңизди жоғалтпаң!
@omir_sabaqlari