#Ой_пикир
Жаздың соңғы күнлеринде бир себеплер менен Самарқандқа барып бир-еки күн болдым. Барған үйимиздиң бийкеси сондай жүзи ысық, тили шийрин екен тап өз туўысқанымыздың үйине келгендей болдым. Үйге киргеннен кишкене ғана бөпениң жағымлы ийиси мурныңа урады. Дәлизден өтип тар бөлме арқалы бизге төсек салып дастурхан жайып қойған жерге кирип отырдық. Кишкене ғана тар бөлмениң төринде бесикте қуўыршақтай миттәй ғана бөпе мыналар кимлер-әй дегендей көзи бақырайып бизлерге қарап жатыр. Негедур тиксинип кеттим. Нәрестеге қарамаўға тырыстым. Бизлерде сырттан бөтен адам келгенде нәрестени тасалар едик, көз тийип қалар дегендей. Шай-пай ишип, бой жазып үйренискеннен соң үй бийкесиниң қасында сөйлесип отырдым. Нәресте жыласа бесикти шайқап жубатты, аш болдыңба деп қутыдағы жасалма аўқатты қайнаған суўға араластырып ишкизип атыр. Бесиктен шешип алып астын тазалап бир майдан арқасын қағып еркелетип отырды. Анасы бир жерге кеткен шығар кешке шекем келер деген ой менен ол туўралы сорамадым. Арасында менде бесик шайқасып қарасқан болдым. Кеште тамағымызды жеп болғаннан соң және бирмайдан сөйлесип отырдық.
-Ҳаў бул батырдың мамасы қайда дедим ақыры шыдамай.
-Аяси билан дадаси Рассияга ишга кетган.
-Ийе бу жуда кишкинаку деппен.
-Икки хапталигида кеткан. Бир-икки кундан бу йигитча бир ойга толади-деп бөпениң мурнын қысып еркелетип қояды. Иккинчи қизимнинг уғли. Яхши иш чиқиб қолди, эри иккаласи кетти.
-Бирон нимага пул йиғияптими, уй олмоқчидур, балким-деймен еки ҳәптелик гөдекти таслап кеткендей пулға жүдә зәриў болған шығар деген ой менен.
-Туртхоналик уй олди, энди ишини тулдироман дейди, яхшироқ топсак яна уй олиб квартирага берип қоямиз дейди, ээ буларнинг орзу-хаваслари хеш тугамайдида.
Аўзын тамсанып мәмме излеп атырған бөпениң аўзына емизиктиң ушын жыллы суўға бир батырып алып салдым. Тап анасын емип атырғандай қуры емизикти терлеп тепшип сорып уйықлап қалды.
Нәрестем-ай, усы қуры емизикке ылайықпедиң. Сени еки ҳәпте емизген болса, анаңның сүтиниң дәми таңлайыңда қалдымекен. Дунья-малдың изинен қуўып жүргенде перзентимизге деген меҳримизди жойтып қоймаймыз ба, дегим келди.
Белгили ырымшыл қәрекеңбизғо кетерде сүп-сүйкимли нәрестениң желкесине қайта-қайта көз тиймесин деп түпирип кеўлимди жайлағандай болдым.
П.с Мен жазыўшы яки журналист емеспен. Көргенимди қағазға түсирдим, тек. Кемшилиги болса елестирмейсизлер😊
@omir_sabaqlari