IYMAN.UZ | Рәсмий канал


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Религия


Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Религия
Статистика
Фильтр публикаций


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОИНША
      АЎЫЗ АШЫЎ ЎАҚТЫ

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

     Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

    👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


#Рамазан

   ОРАЗАНЫ БУЗБАСА ДА ПАЗЫЙЛЕТИН КЕТКИЗЕТУҒЫН ӘМЕЛЛЕР

   Айырым әмеллер оразаны бузбайды, бирақ ораза тутыўшыға берилетуғын пазыйлетлерди жоқ қылып жибереди. Олар төмендегилер:

  1.  Нәмәҳрамға қараў;
  2.  Ғыйбат қылыў;
  3.  Фаҳш сөзлерди айтыў;
  4.  Өтирик сөйлеў;
  5.  Ғыйбат ҳәм өтирик сөзлерди еситиў;
  6.  Сатып бериў
(шағымшылық);
  7.  Биреўге азар бериў (тил ямаса қол менен);
  8.  Қәлбти қарайтатуғын қосықлар тыңлаў;
  9.  Ўақытты кеткизетуғын бийкаршы ойынларды ойнап Аллаҳтың зикиринен шалғып қалыў;
  10.   Шаҳўаты күшли инсанлар ҳаялын сүйип қушақлаўы.


   Бизлер ораза болып турып усы нәрселерден сақланбайды екенбиз, онда тек аш жүргенимиз қалады. Солай екен, бар жоғы бир ай даўамында усы нәрселердиң айырымларынан узақ болсақ, және айырымларынан пүткиллей узақлассақ, Аллаҳтың қәлеўи менен өмиримизге қут-берекет кириўи анық.

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Рамазан_сораў_жуўап

   СОРАЎ:
Рамазанда қандай зикирлер уллы, қайсысын көп айтыў керек?

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
   Рамазан - Қураны кәрийм нәзил болған ай болғаны ушын, Қураны кәриймди басқа айларға қарағанда көбирек оқыў усыныс етиледи. Өйткени, Қураны кәрийм ең уллы, ең абзал зикир. Буннан басқа тасбиҳ (Субҳаналлоҳ), таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллоҳ), истиғфар (Астағфируллоҳ), ҳәмд (Әлҳамдүлилләҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбәр) ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў да ең абзал зикирлер есапланады. "Аллаҳ, Аллаҳ", деп жүриў де зикирдиң ең тилге аңсат көриниси. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы пәтиўа орайы.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Рамазан қутлықлаўы

Ҳүрметли ўатанласлар!

Халқымыз гүллән мусылман үммети менен биргеликте үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен сизлерди, гөззал журтымыздағы бәрше мөмин-мусылманларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти атынан, Республикамыздың бәрше имам-хатиблери атынан, сондай-ақ ислам билим журтымыз устаз ҳәм талабалары атынан шын қәлбимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Мине усындай пайызлы ҳәм уллы күнлерде бәршемиз дәслеп Аллаҳ таалаға шүкирлер айтыўымыз тәбиий.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәршеңизди мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети  менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!

Жанажан ўатанымыз, елимиз, шаңарақларымыздан тынышлық, аўызбиршилик, қут-берекет ҳеш қашан кетпесин!
Ийгиликли мақсетимиз ҳәм ислеримизде Аллаҳ Өзи ҳәмийше яр болсын!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Shavkat Mirziyoyev_press-service
Муборак Рамазон ойи кириб келиши муносабати билан Ўзбекистон халқига табрик

Поздравление народу Узбекистана с наступлением священного месяца Рамадан

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Репост из: Muslim.uz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🌙 Ўзбекистон мусулмонлари идораси раиси, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратларининг
РАМАЗОН ОЙИ ТАБРИГИ

Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


#tabrik #qutlov #ramazon #2025
MUSLIM.UZ GA 😎 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#Рамазан_қысқа_сораў_жуўаплар

  РАМАЗАНҒА ТИЙИСЛИ ЭЛЕМЕНТАР СОРАЎЛАРҒА ЖУЎАПЛАР

💬Сораў:
Сәҳәрлик қылып атырғанда таң атқанын билмей қалса не болады? Қуяш батты деп ойлап аўыз ашып жиберсе, бирақ қуяш батпаған болса, не болады?
   Жуўап: Таң атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты, деп ойлап аўызын ашып жиберсе, соң таң атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе сол күнниң оразасының қазасын тутып береди. Кәффарат ўәжиб болмайды.

💬Сораў:
Ораза тутқан адам ҳаялына муҳаббаты асып кетип сүйип, услап қойса ҳәм жунуб болып қалса не болады?
   Жуўап: Ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса сол күнниң қазасын тутып береди. Кәффарат ўәжиб болмайды.

❗️Клизма қылдырыў менен қаза ўәжиб болады. Кәффарат ўәжиб болмайды. Мурнына дәри тамызыў да сондай.

💬Сораў:
Билмей қалып бир нәрсе ишип ямаса жеп қойса не болады?
   Жуўап: Ораза тутқан адам есинде жоқ ҳалатта аўқат жесе, ишсе, (өмирлик жолдасы менен) жынысый қатнас қылса ораза бузылмайды. Аллаҳ таала ол адамды Өзи неъматландырған болады.😊
💬Сораў: Уйқылап атырғанда жунуб болып қалса не болады?
   Жуўап: Уйқылап атырғанда ямаса ҳаялына қарап (қол тийгизбестен) жунуб болып қалса ораза бузылмайды.
❗️Және қан алдырғанда, сүрме қойса, ҳаялын сүйип жунуб болмаса ораза бузылмайды.

   Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтиўа орайы тәрепинен шығарылған пәтиўаларға тийкарланып таярланды.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Тараўиҳ #Рамазан_2025

БҮГИН ЕЛИМИЗДЕГИ ҲӘММЕ МЕШИТЛЕРДЕ ТАРАЎИҲ НАМАЗЫ ҲӘМ ҚУРАНЫ-КӘРИЙМ ХАТМЛАРЫ БАСЛАНАДЫ!

ЕСЛЕТПЕ: ТАРАЎИҲ НАМАЗЛАРЫ БАРЛЫҚ МЕШИТЛЕРДЕ 21:10 ДА ОҚЫЛАДЫ.

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


  РАМАЗАН КАЛЕНДАРЫ

Шымбай районы боинша

   Бул Рамазан календары Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен таярланды.

   Ибадат мәселесинде анық дереклерге сүйенген мақул болады.

   Республикамыздың белгили уламалары, билим журты устазлары тәрепинен усыныс етилген Рамазан календары сизиң ибадатыңыздың еле де дурыс болыўына көмек береди. Сиз бул мәселеде өзиңиз де қырағы болып, қолыңызға түскен ямаса социаллық тармақларда көрген ҳәр қандай календарларға таянып қалмаўды мәсләҳәт беремиз.


Ҳижрий-қамарий айлар айдың туўылыўына қарап 29 ямаса 30 күннен ибарат болады. Сонлықтан да Рамазан айының басланыўы да ай шығыўына байланыслы бир күнге парық қылыўы мүмкин

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🤣 Руўхый-ағартыўшылық мазмундағы үгит-нәсият жумыслары әмелге асырылды

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен
28 - февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


РАМАЗАН АЙЫ 1-МАРТТАН БАСЛАНАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип тәризде өткериў ҳаққында"ғы қарарына қол қойды.

Усы қарарға бола, 2025-жылғы мүбәрек Рамазан айының басланыўы 1-март күнине туўры келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары басқармасының мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилди.

🤲 Алла таала Рамазан айында қылатуғын ибадат, дуўа ҳәм барлық жақсы әмеллеримизди қабыл етсин, саўабын еселеп берсин.

Жаратқан халқымызға тынышлық, турақлылық ҳәм аманлық несип етсин. Рамазан мүбәрек болсын!

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Баспасөз хызмети

#хабар #рамазан

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


  РАМАЗАН КАЛЕНДАРЫ

Шымбай районы боинша

   Бул Рамазан календары Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен таярланды.

   Ибадат мәселесинде анық дереклерге сүйенген мақул болады.

   Республикамыздың белгили уламалары, билим журты устазлары тәрепинен усыныс етилген Рамазан календары сизиң ибадатыңыздың еле де дурыс болыўына көмек береди. Сиз бул мәселеде өзиңиз де қырағы болып, қолыңызға түскен ямаса социаллық тармақларда көрген ҳәр қандай календарларға таянып қалмаўды мәсләҳәт беремиз.


Ҳижрий-қамарий айлар айдың туўылыўына қарап 29 ямаса 30 күннен ибарат болады. Сонлықтан да Рамазан айының басланыўы да ай шығыўына байланыслы бир күнге парық қылыўы мүмкин

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#рамазан_кирип_келмекте #сораў_жуўап

РАМАЗАН ОРАЗАСЫН СЕБЕПСИЗ ТУТПАЙ КЕЙИН ТУТЫП БЕРИЎ ДУРЫС ПА?

Сораў: Егер бир адам себепсиз Рамазанның бир күнин ораза тутпай өткерип жиберсе ҳәм кейин тутып берсе саўабы Рамазандағы киби болады ма?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Себепсиз бир күн ораза тутпаса, гүнакар болады. Рамазаннан кейин бир күнине бир күн қаза қылып, тутып бериўи ўәжиб болады.

   Рамазанда себепсиз тутылмаған ораза кейин ала қаза етип тутылғанда мойыннан сақыт болса да, бирақ оның Рамазандағы киби саўабына ерисе алмайды. Ҳәдиси шәрийфте былай делинеди:

    من أفطر يومًا من رمضان من غير رخصة ولا مرض لم يقضِ عنه صيام الدهر كله ، وإن صامه

   яғный, "Ким Рамазан айында бир күн себепсиз ҳәм кеселликсиз ораза тутпаса, өмир бойы ораза тутса да оның орнын баса алмайды" (Имам Аҳмад рәўияты). Ўаллоҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Таңғы_сәлемнама

🌼 АССАЛАМУ АЛАЙКУМ ҚӘДИРЛИМ! 🌼

   Атқан таң берекетли болсын!

🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿🌱🌿

  🌺 Аллаҳ таала ерте турған ҳәм әҳли шаңарағын да ерте турғызған адамнан разы болсын! 🌺

  🌸 Әмеллерин ийги нийетлер менен қылып ибадат дәрежесине көтерген адамды Аллаҳ таала Өзиниң раҳметине бөлесин! 🌸

🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿🌺🌿
🌺🌿🌺🌿

  🌷 Дуўаларында бирадарларын еслейтуғын мөминниң дуўасы қандай жақсы!

☘ Аллаҳым, ең жақын бирадарымнан Өзиң разы бол!

🍀 Оның еки дүньясын абат қыл!

🌼 Дүньяда қылған ибадатларының саўабын ақыретте көбейтип берегөр!

      Әәмин !!!

✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨🌟✨

      Күниңиз сәтли өтсин!

☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️☂☂☀️

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен
27 - февраль күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Репост из: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ramazon
#muftiy_minbari

🌙 РАМАЗОНИ ШАРИФГА ТАЙЁРМИСИЗ?!
🎙 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


#Рамазан_сораў_жуўап

   ОРАЗАНЫ НЕЛЕР БУЗАДЫ?

   СОРАЎ: Қандай нәрселер оразаны бузады? Сол ҳаққында толық мағлыўмат берсеңиз.

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.

🔹- Ораза тутқан адам билип турып аўқат жесе, суў ишсе, дәри ишсе ямаса (өмирлик жолдасы менен) жынысый қатнаста болса ораза бузылады. Бундай жағдайларда қаза да, кәффарат та ўәжиб болады.
  
🔹- Рамазан оразасынан басқа оразаларда кәффарат жоқ.

🔹- Төмендеги жағдайларда ораза тутқан адамның оразасы бузылады ҳәм қазасын тутып бериўи ўәжиб болады, бирақ кәффараты ўәжиб болмайды;

   - Таң атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты, деп ойлап аўызын ашып жиберсе, соң таң атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе;
   - Ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса;
   - Клизма қылса;
   - Мурнына дәри тамызса;

   - Ықтыярсыз түрде қусса, ораза бузылмайды. Бирақ, билип турып, зорлап, аўызы толып қусса, оразасы бузылады, кейин қазасын тутыў ўәжиб болады.

🔹- Төмендеги жағдайларда ораза бузылмайды:
   - Ораза тутқан адам есинде жоқ ҳалатта аўқат жесе, ишсе, жынысый қатнас қылса;
   - Уйқылап атырғанда ямаса ҳаялына қарап жунуб болып қалса;
   - Қан алдырса;
   - Сүрме қойса;
   - Ҳаялын сүйсе, бирақ жунуб болмаса.

   Бирақ, ораза тутқан адам илажы барынша өзин бундай ҳалатлардан узақ услаўы керек.

🔹 Ораза тутқан адам ушын төмендеги ислер мәкруҳ:
   - Өзине исенбеген адамның өз ҳаялын сүйиўи. Егер өзин жылаўлай алса зыяны жоқ.
   - Бир нәрсениң дәмин татып көриў ҳәм мисўактан басқа нәрсе менен тисти тазалаў.
   - Емизиўли ҳалында ораза тутқан ҳаял өз баласына баласы аш болмай турған гезинде тағам шайнап бериўи. Бунда егер шайнамаўдың илажы болса, шайнамаған мақул. Бирақ, илажы болмаса шайнап бериўдиң зыяны жоқ. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы.

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook

Показано 20 последних публикаций.