#Рамазан_қысқа_сораў_жуўаплар
РАМАЗАНҒА ТИЙИСЛИ ЭЛЕМЕНТАР СОРАЎЛАРҒА ЖУЎАПЛАР
💬Сораў: Сәҳәрлик қылып атырғанда таң атқанын билмей қалса не болады? Қуяш батты деп ойлап аўыз ашып жиберсе, бирақ қуяш батпаған болса, не болады?
💬Сораў: Ораза тутқан адам ҳаялына муҳаббаты асып кетип сүйип, услап қойса ҳәм жунуб болып қалса не болады?
❗️Клизма қылдырыў менен қаза ўәжиб болады. Кәффарат ўәжиб болмайды. Мурнына дәри тамызыў да сондай.
💬Сораў: Билмей қалып бир нәрсе ишип ямаса жеп қойса не болады?
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook
РАМАЗАНҒА ТИЙИСЛИ ЭЛЕМЕНТАР СОРАЎЛАРҒА ЖУЎАПЛАР
💬Сораў: Сәҳәрлик қылып атырғанда таң атқанын билмей қалса не болады? Қуяш батты деп ойлап аўыз ашып жиберсе, бирақ қуяш батпаған болса, не болады?
Жуўап: Таң атпаған деп ойлап, сәҳәрлик қылса яки күн батты, деп ойлап аўызын ашып жиберсе, соң таң атып қалғаны яки күн батпағаны билинсе сол күнниң оразасының қазасын тутып береди. Кәффарат ўәжиб болмайды.
💬Сораў: Ораза тутқан адам ҳаялына муҳаббаты асып кетип сүйип, услап қойса ҳәм жунуб болып қалса не болады?
Жуўап: Ҳаялын сүйиўи, услаўы арқалы жунуб болып қалса сол күнниң қазасын тутып береди. Кәффарат ўәжиб болмайды.
❗️Клизма қылдырыў менен қаза ўәжиб болады. Кәффарат ўәжиб болмайды. Мурнына дәри тамызыў да сондай.
💬Сораў: Билмей қалып бир нәрсе ишип ямаса жеп қойса не болады?
Жуўап: Ораза тутқан адам есинде жоқ ҳалатта аўқат жесе, ишсе, (өмирлик жолдасы менен) жынысый қатнас қылса ораза бузылмайды. Аллаҳ таала ол адамды Өзи неъматландырған болады.😊💬Сораў: Уйқылап атырғанда жунуб болып қалса не болады?
Жуўап: Уйқылап атырғанда ямаса ҳаялына қарап (қол тийгизбестен) жунуб болып қалса ораза бузылмайды.❗️Және қан алдырғанда, сүрме қойса, ҳаялын сүйип жунуб болмаса ораза бузылмайды.
Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтиўа орайы тәрепинен шығарылған пәтиўаларға тийкарланып таярланды.
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook