Фильтр публикаций


#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 26-февраль күнги намаз ўақытлары

🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қайырлы түн


✨✨Әзизлер, ертеңги күниңиз бугинги күниңизден абзал болсын. Әтирапыңызға нәзер салсаңыз, шексиз неъматлар ишинде екениңизди аңлайсыз.

✨✨Аллаҳ таала бәрше жаманлықлардан аман сақлап, және бир таңға саў саламат жеткизсин.🤲

✨✨🌘✨ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!✨🌘✨✨

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Рамазан_кирип_келмекте

Рамазанға 3 күн қалды.

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаъбандағыдай басқа айларда көп ораза тутпас еди ҳәм ол: “Тақатыңыз жеткенше әмел қылып қалың. Сизлерге мәлел келмегенше Аллаҳ таалаға мәлел келмейди”, деди» (Имам Бухарий рәўияты).

😆😆Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.
    
🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_кирип_келмекте

🌙 ОРАЗАНЫҢ КЛЕТКАЛАРҒА ТӘСИРИ

Тоқыма системасы ишинде түрли ўазыйпаларды орынлаўшы клеткалар, әсиресе, аўқат алды-бердисин ҳәм клетка ишинде ҳәм де клеткалар арасында суў тең салмақлығын бир тәртипте тутыўға мәжбүр. Клетканы ең көп шаршатыўшы нәрсе әне сол суў тең салмақлығы менен байланыслы. Оразада барлық бул ҳәдийселер ең аз дәрежеге түсиўи мүнәсибети менен клеткалар ушын жеңил дем алыў имканияты пайда болады. Ораза тутқан адамның бәрше клеткалары еки тәреплеме бахытлы болады.

🔹 Бириншиси: Суў тең салмақлығын сақлаў машақаты ярым есе азаяды.

🔹 Екиншиси: Клеткалардың өз ўазыйпалары, әсиресе, шире ислеп шығарыўшы клеткалардың иси және де аз дәрежеге түседи.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


«Балаларға бериӊ дүньяны» сүрени астында байрам кешеси шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалардың социаллық қорғалыўын күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-4185-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-анасының ямаса басқа да нызамлы ўәкиллериниң қарамағынан айырылған балалардың ҳуқықлары кепилликлериниң ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, социаллық қорғаўға мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да күшейтиў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген.
Жетимлерге итибар бериў, олардың материаллық ҳәм руўхый мүтәжликлерин қанаатландырыў миллий қәдириятларымыздан саналады. Сондай-ақ, жетимлерге жақсылық етиў, олардың күнделикли турмысын жақсылаўға үлес қосыў ҳәм оларды жәмийеттиң толық ҳуқықлы ағзалары сыпатында қабыл етиў әҳимийетли. Бул, олардың келешекте еркин ҳәм пәрәўан өмир кешириўлерине жәрдем береди.
Динимизде жетимлерге жәрдем бериў, оларға меҳир-муҳаббат көрсетиў ҳәм олардың күнделикли турмысын жақсылаўға умтылыў, ҳәр бир мусылманның инсаныйлық ўазыйпасы. Бул жәмийетте әдиллик ҳәм теңликти тәмийинлеўге жәрдем береди ҳәм барлық инсанлардың қәдир-қымбатын арттырады.
25-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси басламасы менен «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен республикамыздағы қәлби өксик 60 баланың кеўиллерин көтериў мақсетинде мүбәрек Рамазан айы алдынан байрам илажы шөлкемлестирилди. Байрам илажында оларды пайтахтымыздағы «Джунгли» балалар дем алыў орнында ойын-заўық шөлкемлестирилди. Соӊ «Кәрўан сарай» тойханасында дастурхан жайылып, ас берилди. Балаларға ҳәр түрли ойыншықлар тарқатылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, «Вақф» қайырқомлық фонды баслығы И.Тажетдиновлар қатнасты.
Бүгинги қайырқомлық илажда қатнасқан балаларымызға оқыўларында табыслар тилеп, жәмийетте жетик қәниге болып жетилисиўинде әўметлер тилеп қаламыз.

Бегис Аббазов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


ЖЕРДИҢ 7 ҚАБАТТАН ИБАРАТ ЕКЕНЛИГИ ҚУРАНЫ КӘРИЙМДЕ АЙТЫЛҒАН БА?

Ҳәзирги заман илим-пәни раўажланып жердиң жети қабаттан ибарат екенлигин анықлады. Ҳәзирги заман илимине көре жер төмендеги жети қабаттан ибарат:

1. Гидросфера;
2. Литосфера;
3. Астеносфера;
4. Мантия (үстиңги қабат);
5. Мантия (ишки қабат);
6. Суйық ядро қабаты;
7. Қатты ядро қабаты.

Ал, Аллаҳ таала жердиң жети қабат екенлигин буннан неше мың жыллар бурын инсаниятқа хабар берген:

«Аллаҳ жети аспанды ҳәм жерден де сондай муғдарды жаратқан. Аллаҳ ҳәмме нәрсеге қәдир екенин ҳәм Аллаҳ ҳәмме нәрсени билими менен орап алғанын билиўиңиз ушын (Аллаҳтың) буйрығы олардың арасында нәзил болып турады» (Талақ сүреси, 12-аят).

Бул аяттың тәфсири ҳаққында "Тәфсири Ирфон"да былай делинеди: "Қуранда он бес әсир бурын хабар берилген гейпара илимий ҳақыйқатлардың ҳәзирги дәўиримизге келип, илим-пән ҳәм технология раўажланыўы нәтийжесинде мәлим болыўы каламуллаҳтың илаҳий мөжизаларынан. Әлбетте, Қуран илимий мийнет емес. Бирақ, көпшилик аятларда келтирилген күшли аңлатыў қураллары ҳәм жоқары ақыл дәрежесиндеги илимий түсиниклер ўақыт өтиўи менен заманагөй илим-пән тәрепинен анықланып, тастыйықланды. Дүнья дүзилисиниң көп мәселелери Аллаҳ тәрепинен еле инсан олардың мәнисин түсине алыў дәрежесинде болмаған бир дәўирде нәзил қылынды.

Инсанияттың астрономия, физика ҳәм биология сыяқлы илимлер бойынша билими жүдә аз еди. Бул билимлердиң Қуран нәзил болған заманда илимий тийкарлана алмағаны Қуранның Аллаҳтың сөзи екенине және бир мәрте дәлил болады".

Жуўмақлап айтарымыз, Аллаҳ таала бәршемизди Өзине болған ийман ҳәм итиқадта беккем қылсын!

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#muftiy_minbari

📹 ИНСОН ОДОБИ БИЛАН
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


#рамазан_кирип_келмекте #сораў_жуўап

СОРАЎ: Тараўиҳ намазы оқылмай қалса, қазасы оқыла ма?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Егер тараўиҳ намазы оқылмай қалса, оның қаза қылыныўы ҳаққында уламалар ҳәр түрли пикир билдирген. Айырым уламалар Рамазан айы даўамында қаза қылыў керек, деген болса, айырымлары тараўиҳ намазы қаза қылынбайды, деген. "Фатаўайи Қазыхан" китабында "Қазасын оқымаў дурысырақ", - делинген. Ўаллаҳу аълам.(muslim.uz)

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа кеңеси.


🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Muslim.uz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ijtimoiy

📹 ИСЛОМ ЕНГИЛЛИККА ЧАҚИРАДИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook

#muftiy_minbari@muslimuzportal

Ўзбекистон мусулмонлари идораси Матбуот хизмати

🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#ҳәдис #тәрбия

ҲАДАЛ ЫРЫСҚЫ ТАБЫЎ ҲАҚҚЫНДА

     Ҳадал ырысқы жолында қылынған ҳәрекетлер ушын үлкен саўаплар ўәде етилген болып, ҳәттеки бул нәрсе парыз дәрежесине көтерилген. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң ҳәдислериниң биринде айтады:
       “Ҳадал кәсип қылыў (мийнет етиў) парыздан кейинги парыз” (Имам Байҳақий рәўияты).
      Уламалар бул ҳәдистеги “парыздан кейинги парыз” деген сөзин түсиндирип айтады: “Бул парыздан кейинги парыз дегени, ҳәр бир мусылман ушын парыз болған намаз, ораза, ҳаж ҳәм закат сыяқлы парызлардан кейинги мәртебеде туратуғын парыз”, деген. Халқымызда бир түсиник бар, динниң парызлары дегенде намаз, ораза, закат, ҳаж киби ислерди түсинеди. Бирақ билип алыўымыз керек, динде парызлар жүдә көп. Мине ҳадал мийнет етиў де дин парызларынан бирии екенин билип алдық.
      Имам Муҳаммад аш-Шайбаний: “Илим талап етиў қандай парыз болса, ҳадал кәсип қылыў да тап сондай парыз”, – деген.
      Мөмин адам ҳадал ырысқы табыў ҳәрекетинде болған ўақытта, Аллаҳ тааланың буйрығына әмел етиў менен бирге Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳиссаламның көрсетпелерине де тийкарланып ис алып барып атырған болып есапланады. Себеби, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтады:
       «Адам өз қол мийнети менен таўғанынан көре жақсырақ ҳәм пәкизерек тағам жемейди», деген (Имам Ибн Мәжа рәўияты)
.

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ҳәдис #дуўа

💧 Суў сорағанда, суў әкелип берген адамға: "Жәммәләкаллооҳ", деп айтылады.

      Анас разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады, бир күни Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам суў сорады, бир яҳудий суў әкелип берди. Сонда Расулуллаҳ алайҳи ўа саллам: "Жәммәләкаллооҳ", деди.
      Кейин сол яҳудий қартайғанша шашы ағармады.


     Дуўаның мәниси: "Аллаҳ сени безесин (шырайлы қылсын)!"
    

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#тилек

🍂🌹 Аллаҳ сизге бергенине разы болыў менен өмир зийнетли болады!

🍂☺️ Мыйық тартып жүриў менен машқалалар жеңиллеседи!

🍂📿 Истиғфар менен мүтәжликлер қандырылады!

🍂📿 Дуўа менен мүшкиллер аңсат болады!

🍂📿 Және бир таң, және бир үмит, және бир имкәният берген Раббимизге ҳәмдлар болсын!

🍂☀️ Күниңиз қайырлы, берекетли, ең әҳмийетлиси дүнья ҳәм ақыретиңиз ушын пайдалы өтсин!


Күниңиз қайырлы ҳәм берекетли өтсин!

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#намаз_ўақытлары

😑 Нөкис ўақты менен 25-февраль күнги намаз ўақытлары

🙂🙂🙂🙂🙂🙂 🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Shayx Nuriddin Xoliqnazar
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#ijtimoiy

📹 ЕТИМНИНГ ҲАҚҚИ
🎤 Шайх Нуриддин Холиқназар ҳазратлари

🎬YouTube |🚀Telegram |📷Instagram |🔵Facebook


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#дуўа

    ТҮНДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

     Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Түн болғанда: «Аъуўзу бикәлимәәтилләәҳит тәәммәти мин шәрри мәә холақ» десең, иншааллаҳ ҳеш нәрсе зыян бермейди», деди.

                (Әбиў Даўыд рәўияты).

    Дуўаның мәниси: «Аллаҳ тааланың кәмил кәлиймалары менен Ол жаратқан нәрселердиң жаманлығынан пана сорайман».

     Аллаҳ таала түниңизди қайырлы қылсын! Аманлықта, саламатлықта көрискенше әзизлер!
     
🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Рамазан_кирип_келмекте

Рамазанға 4 күн қалды.

«Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам шаъбандағыдай басқа айларда көп ораза тутпас еди ҳәм ол: “Тақатыңыз жеткенше әмел қылып қалың. Сизлерге мәлел келмегенше Аллаҳ таалаға мәлел келмейди”, деди» (Имам Бухарий рәўияты).

😆😆Еслетпе: Айдың шығыўына қарап (-/+) бир күнге өзгериўи мүмкин.
    
🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#рамазан_кирип_келмекте #сораў_жуўап

КИМЛЕР ОРАЗА ТУТПАЎЫ МҮМКИН?

СОРАЎ: Кимлерге ораза тутпаўға руқсат берилген?

💬 ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим.
Наўқас ямаса мүсәпир адамлар, ҳәмиледар ямаса емизиўли ҳаяллар, ораза тута алмайтуғын ғаррыларға ораза тутпаўға руқсат берилген. Қураны кәриймде: "Санаўлы күнлерде. Сизлерден ким кесел болса ямаса сапарда болса, онда, оның есабы (ораза тутыўы) басқа күнлерден. Оны қыйналып тутатуғынлардың мойнында бир мискинниң (бир күнлик) аўқаты фидя..." делинген (Бақара сүреси 184-аят).

Ораза тутса, кеселлиги күшейиўинен қорққан наўқас, ораза тутпайды. Сапардағы адамға оразасы зыян етпесе, ораза тутқаны жақсы. Бирақ, ораза тутпаса да үзирли есапланады, гүнакар болмайды.

Өзине ямаса баласына (ҳәмилесине) зыян жетиўинен қорққан емизиўли ямаса ҳәмиледар ҳаял да, ораза тутпайды. Ораза өзине ямаса баласына зыян келтирмейтуғын емизиўли ҳәм ҳәмиледар ҳаяллар, әлбетте оразаны қалдырмай тутады. Жоқарыда санап өтилген үзирли адамлардың барлығы Рамазаннан кейин имканияты болыўы менен қалып қойған күнлердиң оразасын тутып береди.

Ораза тута алмайтуғын ғаррылар фидя, яғный, Рамазанның ҳәр күнине бир мискинге бир күнлик тағам ямаса оның қунын береди. Ораза тута алатуғын ғаррылар әдеттегидей ораза тута береди.

Ҳайыз ҳәм нифас көрген ҳаяллар да үзирли күнлеринде ораза тутпайды. Пәк болыўы менен оразаны тутып баслайды. Қалып қойған күнлерди Рамазаннан кейин тутады. ("Ҳидая", "Ихтияр" "Фатҳу бабил иная" китаплары).
Ўаллаҳу аълам.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтўа кеңеси.


🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Muslim.uz
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🤲 АМАЛЛАРИНГИЗ АЛЛОҲГА КЎРСАТИЛСА...


Ўзбекистон мусулмонлари идораси
Матбуот хизмати


🌐 MUSLIM.UZ GA 📲 OBUNA BO'LING VA ULASHING🗣

▶️ YouTube | 📷Instagram | 🔵 Facebook


#рамазан_кирип_келмекте #сораў_жуўап

Сораў: Намаз оқымайтуғын адам ораза тутса бола ма?

💬 Жуўап: Намаз бенен ораза жеке жеке ибадатлар. Намаз оқымаған адам ораза тутыўға болмайды, деп айтыў тийкары жоқ, қәте гәп. Бул диннен хабары жоқ, илимсиз адамлардың айткан гәпи. Намаз оқыўы яки оқымаўы басқа мәселе. Намаз оқымаса да ораза тутса, оразаның саўабын толық алады, иншааллаҳ!

Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


🧎‍♂️"Намазлыгерди оқыдың ба?"
(ерли-зайыплылар арасындағы сәўбет)

- Намазлыгерди оқыдың ба?

- Яқ.

- Шамды ше?

- Оқығаным жоқ.

- Не ушын?

- Жумыстан шаршап келген едим. Соған бираз жатып, дем алдым.

- Түсиникли. Қуптанға азан айтылмастан турып тез де намазлыгер ҳәм шамды оқып ал.

Ертесине күйеўи хызмет сапарына кетти. Әдетте мәнзилине жетип барған соң, ҳаялына қоңыраў етип қояды. Бирақ, бүгин қоңыраў етпеди ямаса "Жетип келдим" деп смс жазбады. Ҳаял өзи күйеўине қоңыраў етти. Ал, күйеўи телефонды көтермеди. Қайта-қайта қоңыраў етти, бәри бир түсе алмады. Тынышсызлана баслады. Күйеўиниң бундай әдети жоқ еди. Бул сапары болса өзи қоңыраў етпегени жетпегендей, ҳаялының қоңыраўына да жуўап бермей атыр. Арадан бир неше саат өткеннен кейин күйеўи қоңыраў етти. Ҳаял асығыс түрде телефонды көтерип, сөйлей баслады:

- Аман-есен жетип бардыңыз ба?

- Аўа, жетип келдим. Әлҳамдулиллаҳ.

- Қашан жетип бардыңыз?

- Төрт сааттай болды.

Ҳаял ашыўланды, даўысы өзгерген сес пенен:

- Төрт саат болды? Неге хабар бермедиңиз?

- Жолдан шаршап келдим, жатып бираз дем алдым.

- Мениң менен бир неше минут сөйлессеңиз не болар еди? Телефон даўысын еситпедиңиз бе?

- Еситтим.

- Еситтиңиз де, бирақ жуўап бермедиңиз. Неге? Мени ойламадыңыз ба?

- Ойладым. Бирақ, сен де кеше намазға азан айтылғанда Аллаҳтың ибадатына асығыўды ойламадың. Бир неше минутта намазыңды оқып алсаң не болар еди?

Ҳаял бираз үнсизликтен кейин "Аўа, дурыс. Сиз ҳақсыз. Мен қәте иследим. Бул исимнен өкинемен" деп өкирип жылап жиберди.

Күйеўи ҳаялының өзинен кеширим сорағандай болғанын сезип, былай деди:

- Сен кеширимди меннен емес, Аллаҳ тааладан сора! Басқа ҳеш қашан намазыңды қаза қылма! Билесең бе, мениң ең үлкен әрманларымның бири - сениң менен жәннетте де бирге болыў.

Күйеўиниң бул нәсиятынан соң ҳаял намазларына және де итибарлы болып, оларды өз ўақтында орынлайтуғын болды.

Аўа, әзизлер, сизди шын жүректен сүйетуғын адам – сизди Аллаҳ тааланың разылығына қарай жоллайтуғын, гүнаға қол урыўыңыздан тосатуғын адам.

Себеби, әлемлердиң Рабби Қураны кәриймде былай деген:

"Шаңарағыңды намаз (оқыў)ға буйыр ҳәм (өзиң де) буған (намазға) сабырлы бол! Биз сеннен ырысқы сорамаймыз. (Керисинше,) Биз саған ырысқы беремиз. Ақыбет (жақсылығы) – тақўалыларға" 📖(Тоҳа сүреси, 132-аят).(muslim.uz)

Аллаҳ таала бәршемизди намазын өз ўақтында орынлайтуғын бенделеринен қылсын!

🙂🙂🙂🙂🙂🙂      🙂🙂🙂🙂🙂🙂

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz

24k 0 314 475
Показано 20 последних публикаций.