Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.
Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар ийгиликли жумыслар даўам еттирилип атырған болып, бул илажларды еле де жетилистириў, әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды өз ўақтында анықлаў, есапқа алыў ҳәм жайластырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары ислеп шығылды.
Ислеп шығылған Нызам жойбарының тийкарғы мақсети әменгерлик ҳәм қәўендерлик институтының бирден-бир нызамшылық ҳәм ҳуқықый тийкарларын, сондай-ақ, нызамшылыққа әмел етилиўиниң, әменгерлик ҳәм қәўендерликке мүтәж пуқаралардың ҳуқықлары ҳәмде еркинликлерин тәмийинлеўдиң реал ҳуқықый кепилликлерин жаратыўдан ибарат.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube