Posts filter


БОШЛАНҒИЧ ПАРТИЯ ТАШКИЛОТИ АЪЗОЛАРИНИНГ МУАММОЛАРИ ЎРГАНИЛДИ

Ўзбекистон ХДП Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши раиси, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесидаги ЎзХДП фракцияси раҳбари Х.Ешимбетов, партия Беруний туман кенгаши раиси Ш.Атаджанов биргаликда “Саркоп” ОФЙ ҳудудий партия ташкилоти аъзолари билан учрашиб, партия электорати вакилларини ўйлантираётган муаммоларини ўрганди.


Ҳусусан, “Саркоп” ОФЙ ҳудудий партия ташкилоти ҳудудида яшовчи аҳолини кўп йиллардан бери қийнаб келаётган тиббий хизмат тўғрисидаги мурожаати ўрганиб, муҳокама этилди. Яъни, ушбу ҳудудда янги қурилиб ишга туширилган оилавий поликлиникадаги шарт-шароитлар ўрганилди ва аҳолига қулайлик яратиш бўйича таклифлар ишлаб чиқилди.

Канална аъзо бўлинг: https://t.me/xdp_qr


Forward from: Oʻzbekiston XDP
Partiya guruhi faoliyatini sarhisob qildi

Xalq deputatlari Shumanay tuman Kengashidagi O‘zbekiston Xalq demokratik partiyasi guruhining 2024-yil yakuniga bag‘ishlangan yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.

Partiyaning Qoraqalpog‘iston Respublikasi Kengashi xodimlari, tuman kengashi rahbari, deputatlar va ommaviy axborot vositalari vakillari ishtirok etgan yig‘ilishda asosan partiyaning g‘oyaviy maqsad va vazifalarini targ‘ib etish bo‘yicha olib borilgan ishlar muhokama qilindi. Shuningdek, deputatlik guruhi faoliyati, elektorat vakillari bilan ishlashda amalga oshirilgan ishlarning yakuni va 2025-yildagi dolzarb vazifalar atroflicha ko‘rib chiqildi.

Yig‘ilishda partiyaning g‘oyaviy maqsad va vazifalarini targ‘ib etish, yangi a’zolar sonini ko‘paytirish, deputatlik korpusi tomonidan qilingan ishlar, yo‘l qo‘yilgan kamchiliklar va 2025-yilda partiya guruhi oldida turgan ustuvor vazifalar bo‘yicha ko‘proq nimalarga e’tibor qaratish kerakligi yuzasidan aniq takliflar o‘rtaga tashlandi...
___
🌐 XDP.uz
👉Telegram|Facebook|Youtube|Instagram|Twitter


Forward from: Oʻzbekiston XDP
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
#sarhisob_reja
#tabrik

🎉 Saylovoldi dasturimizdagi ta’lim tizimiga oid tashabbuslarni hayotga tatbiq etamiz

Sayyora IMOMOVA,
Oliy Majlis Qonunchilik palatasidagi
O‘zbekiston XDP fraksiyasi a’zosi.

📺 YouTube | 📺 Facebook
___
🌐 XDP.uz
👉Telegram|Facebook|Youtube|Instagram|Twitter


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
 
Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар!
 
Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қоймақта.

Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.

Жуўмақланып атырған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.

Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.

Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.

Толық оқыў

А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X




АЗИЗ ЎАТАНЛАСЛАР!

Сизди кирип киятырған Жаңа 2025-жыл байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман.
Жаңа жыл байрамы Сизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызға аманлық, халқымызға абаданлық, тынышлық алып келиўине тилеклеслик билдиремен.
Елимиздиң буннан былайда гүллеп раўажланыўы жолында әмелге асырып атырған ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,
Халилла Ешимбетов


Каналға ағза болың: https://t.me/xdp_qr


ПАРТИЯ ГУРУҲИ ФАОЛИЯТИ САРҲИСОБ ҚИЛИНДИ

Халқ депутатлари Шуманай туман Кенгашидаги Ўзбекистон Халқ демократик партияси депутатлик гуруҳининг жорий 2024 йил якунига бағишланган йиғилиши бўлиб ўтди.

Партиянинг Қорақалпоғистон Республикаси Кенгаши ходимлари, туман кенгаши раҳбари, депутатлар ва оммавий ахборот воситалари вакиллари иштирок этган йиғилишда асосан жорий йилда партиянинг ғоявий мақсад ва вазифаларини тарғиб этиш бўйича олиб борилган ишлар, депутатлик гуруҳи фаолияти, электоратлар билан ишлашда амалга оширилган ишларнинг якуни ва келгуси 2025 йилда олдинда турган долзарб вазифалар, қилиниши керак бўлган ишлар бўйича масалалар муҳокама қилинди.

Каналга аъзо бўлинг: https://t.me/xdp_qr


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, бул мәселе де толық қарап шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы авариялық жағдайдағы оңлаў талап етилетуғын көпирлердиң мәнзилли дизимин тастыйықлаў туўралы мәселе қарап шығылды.

Сессияда ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фонды қатнасында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары есабынан Қарақалпақстанда социаллық тараў, инфраструктура объектлери ҳәм мәҳәллелердиң турмыслық хызмет көрсетиў орайларында қурылыс, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Усы жойбардың даўамы сыпатында Қарақалпақстанда келеси жылы Республика автомобил жолларында жайласқан авариялық жағдайындағы көпирлерди реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары ушын “Саудия раўажланыў фонды” жойбары тәрепинен жәми қаржылар ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.

Бул қаржылар есабынан Тахтакөпир, Қараөзек, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Бозатаў ҳәм Нөкис районларында жайласқан жәми 19 көпирде реконструкция ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилип, қурылыс жумыслары алып барылатуғын көпирлердиң дизими тастыйықланды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
17 ишимлик тәмийнаты обектлеринде 124,3 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланды ҳәм 13 обект тапсырылды. Мәҳәллелерде бағдарлама шеңберинде 172,1 километр ишимлик суўы тармақлары тартылды ҳәм реконструкцияланды. Нәтийжеде 47,7 мыңнан аслам халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланыўына ерисилди ҳәм ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 72,4 проценттен 74,8 процентке жеткерилди.

23 ирригация ҳәм мелиорация обектлеринде 124,7 млрд. сумлық, 16 автомобиль жоллары обектлеринде 120,6 млрд. сумлық жумыслар орынланды ҳәм 10 обект пайдаланыўға тапсырылды.

Соның менен бир қатарда, 35 мектеп ҳәм 8 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде жәми 41 обектте қурылыс жумыслары жуўмақланған ҳәм қалған 2 обектте жумыслар жуўмақланбақта. Қурылыс жумыслары нәтийжесинде 10 738 оқыўшы орны жаңадан жаратылды ҳәм  3-6 жастағы 1950 балалар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынды.

Нәтийжеде мектеплерде қамтып алыў коеффициенти 1,1 ден 1,08 ге түсирилди, бақшаларда қамтып алыў 81,2 проценттен 84 процентке арттырылыўына ерисилди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў илажлары хаққында»ғы 404-санлы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетяров баянат жасады.

Соңғы жыллары республикамызда кең көлемли қурылыс, абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң 404-санлы қарары тийкарында республикамызда қурылыс-оңлаў жумыслары жеделлик пенен әмелге асырылмақта.

Быйылғы Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде 132 социаллық тараў ҳәм инфраструктура обектлеринде 810,7 миллиард сумлық жумыс орынланған болып, 119 обектте қурылыс жумыслары жуўмақланған.

Соның ишинде, 6 денсаўлықты сақлаў обектинде 45,0 млрд. сумлық жумыс көлемлери орынланып, барлық объектлер пайдаланыўға тапсырылды. 4 спорт обектинде 53,9 млрд.сумлық жумыс көлемлери орынланды. Нөкис қаласындағы "Сарбиназ" МПЖда Қарақалпақстан тәбийғий илимлер илимий-изертлеў институты имаратын толық оңлаў жумыслары алып барылып, илим тараўында излениўлер алып барып атырған илимпазларымызға шараят жаратылыўына ерисилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққында”ғы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеўде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова баянат жасады.

Бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе “Дийқан хожалығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы А.Жуманазаров баянат жасады.

«Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызам жойбары ислеп шығылды. Нызам жойбары Өзбекстан Республикасының тийисли Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкар ислеп шығылды.

Оның мақсети дийқан хожалығын шөлкемлестириў, оның жумысының ҳуқықый тийкарларын белгилеў, сондай-ақ, дийқан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Нызам менен дийқан хожалығын жүргизиў ушын 0,06 гектардан – 1 гектарға шекем болған жер участкаларын бериў (алдын суўғарылатуғын жерлерде 0,35 га шекем берип келинген), фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен тийкарғы егиннен босаған жер майданларында дийқан хожалығы менен шуғылланыў ушын бир жылға шекем болған мүддетке ижара тийкарында 0,06 гектардан – 10 гектарға шекем жерлерди бериў, дийқан хожалығының аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўдан алынған дәраматларына салық салынбаўы сыяқлы әҳмийетли мәселелер нәзерде тутылмақта.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы М.Атамуратов баянат жасады.

Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар ийгиликли жумыслар даўам еттирилип атырған болып, бул илажларды еле де жетилистириў, әменгерлик ҳәм қәўендерлик белгилениўине мүтәж болған шахсларды өз ўақтында анықлаў, есапқа алыў ҳәм жайластырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары ислеп шығылды.

Ислеп шығылған Нызам жойбарының тийкарғы мақсети әменгерлик ҳәм қәўендерлик институтының бирден-бир нызамшылық ҳәм ҳуқықый тийкарларын, сондай-ақ, нызамшылыққа әмел етилиўиниң, әменгерлик ҳәм қәўендерликке мүтәж пуқаралардың ҳуқықлары ҳәмде еркинликлерин тәмийинлеўдиң реал ҳуқықый кепилликлерин жаратыўдан ибарат.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сессияда Өзбекстан Республикасы Есап палатасы инспекторы Б.Мирзоев баянат жасады.

"2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2025-жыл ушын дәрамат ҳәм қәрежетлери және республика бюджетинен ажыратылатуғын трансфертлердиң муғдары белгилеп берилди. Бул нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди.

Сондай-ақ, Мәмлекетимиз басшысының арнаўлы пәрманы қабыл етилип, онда бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда жәмийетлик қадағалаўды ҳәм халық ўәкиллериниң бюджет процесслериндеги қатнасын және де кеңейтиў нәзерде тутылды.

Пәрман менен аймақлық бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабаттың сыртқы аудити нәтийжелери ҳәм келеси жыл ушын бюджет жойбарын баҳалаў бойынша Есап палатасының жуўмақлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң мәжилислеринде Есап палатасының жуўапкерлери қатнасыўында додаланатуғыны белгиленди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube

16 last posts shown.