Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сессияда Өзбекстан Республикасы Есап палатасы инспекторы Б.Мирзоев баянат жасады.
"2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында"ғы нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2025-жыл ушын дәрамат ҳәм қәрежетлери және республика бюджетинен ажыратылатуғын трансфертлердиң муғдары белгилеп берилди. Бул нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди.
Сондай-ақ, Мәмлекетимиз басшысының арнаўлы пәрманы қабыл етилип, онда бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда жәмийетлик қадағалаўды ҳәм халық ўәкиллериниң бюджет процесслериндеги қатнасын және де кеңейтиў нәзерде тутылды.
Пәрман менен аймақлық бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабаттың сыртқы аудити нәтийжелери ҳәм келеси жыл ушын бюджет жойбарын баҳалаў бойынша Есап палатасының жуўмақлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң мәжилислеринде Есап палатасының жуўапкерлери қатнасыўында додаланатуғыны белгиленди.
Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube