Forward from: Каракалпак 24
⚡️Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын айрықша жеңилликлер берилди
✅ Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасын комплекс раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарындағы және бир өз алдына әҳмийетли пәрманы қабыл етилди. Усы пәрман менен бир қатар жеңилликлер берилди.
❗️Атап айтқанда:
Министрлер Кеңесиниң қарары тийкарында 2025-2027-жылларда Нөкис қаласында кеминде 500 мың АҚШ доллары, Әмиўдәрья, Хожели, Қоңырат ҳәм Нөкис районлары ушын 300 мың АҚШ доллары, сондай-ақ Елликқала, Беруний, Төрткүл, Тақыятас, Кегейли, Бозатаў, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Шоманай, Қанлыкөл, Мойнақ районлары ушын 100 мың АҚШ доллары эквивалентинде болған ири инвестициялық жойбарлар ушын (соның ишинде, сырт ел инвестициялары қатнасындағы кәрханаларға, еркин экономикалық зоналар, киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймақларында) жер участкаларын узақ мүддетли ижара ҳуқуқы менен бериў тәртиби енгизиледи.
✅ 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасында санаатты раўажландырыў ушын тармақларға ажыратылған қаржылар есабынан 100 млн АҚШ доллар ажыратылды.
❗️Бунда:
- Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Нөкис, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, барлық қолайлықлар ҳәм инфраструктураға ийе болған имаратлар қурылады ҳәм инвесторларға усынылады;
- Киши ҳәм орта бизнес жойбарларын қаржыландырыў ушын исбилерменлерге 10 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи, яғный, кредитлер жыллық 14 процент ставкада, 7 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен ажыратылады.
👉 @Karakalpak24