Каракалпак 24


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Related channels  |  Similar channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


❗️1-февралдан темир жол билетлери 10,5% ке қымбатлайды

"Өзбекстан темир жоллары" АЖ жолаўшы тасыў тараўында финанслық зыянларды салыстырмалы қысқартыў, темир жол инфраструктурасы қәрежетлерин, электр энергиясы, жанылғы ҳәм транспорт қәрежетлерин қаплаў, сондай-ақ, жолаўшы вагонлар паркын жаңалаў, темир жол вокзаллары жумысын жаңа заман талапларына муўапық алып барыў ҳәм жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде, соның менен бирге республикада инфляция дәрежесин есапқа алған ҳалда 2025-жыл 1-февраль сәнесинен баслап жергиликли жөнелислердеги (жатақлы) жолаўшы поездлар билет баҳасының тариф бөлеги 10,5% ке арттырылмақта.

👉 @Karakalpak24


Дыққат фейк

Социаллық тармақларда, айырым каналларында жоллардағы қағыйдабузарлық ушын баллық жәрыйма системасы 1-февральдан иске қосылғаны ҳаққында хабарлар тарқалмақта.

Ҳайп ушын тарқатылып атырған бул хабарлар ҳәзирше жалған. Не ушын? Себеби бул системаны енгизиўге еле нызамға қол қойылмаған. Сенат мақуллаған ҳүжжет президентке киргизилген. Нызамға қол қойылғаннан соң, бул система иске қосылыўы мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24


Студентлерге қандай жағдайда стипендия төленбейди?

Егер студент семестр даўамында пәнлердиң 30% ҳәм оннан кемин өзлестирсе, жуўмақлаўшы қадағалаўлардың 30%инде «3» баҳа алса стипендия төленбейди.

Мәселен, биринши семестрде 6 пән өтилсе, олардың екеўинен 3 баҳа алса, бундай жағдайда өзлестирилген муғдар 33,3% болады ҳәм стипендия төленбейди, студент 6 ай даўамында стипендиядан айрылады.

👉 @Karakalpak24


Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи

Олий Мажлисте жаңа нызам жойбары – «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет додаланды. Бул нызам биринши оқыўда қабыл етилген.

Жойбарға муўапық, жаңа туўылған перзент ушын әкелерге де орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи көзде тутылған.

👉 @Karakalpak24


GARAND BILIM

🇺🇸🇬🇧🇬🇧ENGLISH tilinen taza gruppalarımızdı baslaymız. 🇺🇸🇬🇧🇬🇧


🔴 ENGLISH GRAMMAR course ( 0 DEN)
2,4,6 kúnleri
Saat 15:00 de

Kurs dawamında ózlestiriwińizge qarap keyingi gruppalarǵa ótkeremiz.

Bul gruppada siz english tilin 0 den baslap úyrenesiz.

Kursımızǵa qabıllaw : 5-6 fevral kúnleri

BAYLANÍS USHÍN NOMER: +998930432613
Ya bolmasa telegram arqalı
@Nurik_english baylanısıň

Manzil: Nòkis qalası oraylıq bazar qasında.

Реклама


Қарақалпақстанлы шахматшы мүддетинен алдын Өзбекстан чемпионы болды

Усы жылдың 27-январь күнинен баслап Жиззах ўәлаятында шахматтың стандарт жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.

Бул чемпионатта 8 жас қызлар категориясында қатнасып атырған Тақыятас районы спорт мектебиниң шахмат бойынша тәрбияланыўшысы Ларина Зарина 8-турда мүддеттен алдын Өзбекстан чемпионы атағына ерисип, жәхән чемпионатына жолламаны жеңип алды.

👉 @Karakalpak24


Қазақстанда Рамазан айының басланыў сәнеси жәрияланды

Қазақстан мусылманлары диний басқармасы Рамазан айы 1-марттан басланатуғынын, Рамазан ҳайыты болса 30-март сәнесине туўра келетуғынын мәлим етти.

👉 @Karakalpak24


Жәрдем берейик дослар!

Ассалаўма Әлейкум меҳирлы коллар!
Ибайдуллаев Жандос нәрестемиз ушын, алдымен Алладан, кейин сизлерден  жәрдем сорамақшымыз.
Бөпемиз ҳәзир 2-айлык, 1 ярым айдан бери бармаған емлеўханамыз жоқ.

ТАШКЕНТ "БАЎЫР СЕРРОЗЫ" деп, Туркияға Трансплантатсия операциясына жиберип атыр. Бирақ қолымыз келтелик қылып, пулымыз жетпей тур.
Сизлерден илтимас нәрестемиз ушын бизге жәрдем бериң 🙏

🔹Uzcard: 8600 0609 5337 8552
Tursinbaeva Albina
🔹Humo: 9860 0824 6782 7349
Biybijan Shannazarova
🔹Каспи: 8747 692 02 06
Ziiyada E
☎️ Тел: +998972404020

Бизге қылган көмегиңиз, жәрдемиңиз ушын, Алла разы болсын сизлерден! 🤲


Өзбекстанда картошка баҳасы қашан арзанлаўы мәлим болды

Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, апрель-май айларында жаңа өним базарға шығарылады ҳәм буның нәтийжесинде картошка баҳасының түсиўине ерисиледи.

Феврал-март айларында баҳалар турақласыўы, апрель-май айларында болса картошка баҳасы төменлеўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❗️МҚХ тәрепинен үлкен көлемде рейд өткериледи

Мәмлекетте 4 күн даўамында "Антитеррор-тазалаў" иләжи өткерилди. Онда жынаят әлемине байланысы болған 418 шахс қолға алынды.

Криминоген жағдайды турақластырыў ҳәм оған унамсыз тәсир көрсетип атырған шахс ҳәм жынайый топарларды анықлаў мақсетинде жәми 946 арнаўлы иләжлар өткерилди.

Аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеўге бейим болған, республикадағы криминоген жағдайға унамсыз тәсир көрсететуғын 418 шахс анықланып, оларға жынаят ислери қозғатылды.

Жынаят ислери шеңберинде 169 шахс қамаққа алынып, 42 жынайый топарлардың жумысына шек қойылды. 399 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, олардың 270 и ҳәкимшилик қамаққа алынды. 109 излеўдеги шахслар усланды.


👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Қытайдан Өзбекстанға алып келинген 2,5 тонна ғарбыз қайтарып жиберилди

Ташкент ўәлаятының "Яллама" шегара постына кирип келген жүк машинасындағы ғарбызлардың ийеси өним ушын импорт карантин рухсатнамасы (ИКР) ҳәм фитосанитариялық сертификатын усыныс ете алмаған.

Сол себепли палыз өнимлери экспорт еткен мәмлекетке қайтарып жиберилген.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда ҳаял-қызлар туўылыўы азайып бармақта

Мәмлекетте 2000-жылдан берли ҳәр жылы қызларға қарағанда ул бала көп туўылады. Өткен 24 жыл даўамында бул айырмашылық жыйналып, 624 мыңнан артты. Буның нәтийжесинде жигитлердиң шаңарақ қурыў жасы артып, қызлардың турмыс қурыў жасы киширейип бармақта.

👉 @Karakalpak24


💳 Переводы без комиссии с картой Uzum

Продлили акцию: отправляйте до 100 млн сум в месяц на карты других банков в приложении Uzum Bank без комиссии до конца февраля.

Экономьте на каждом переводе, несколько тысяч сум сегодня, ещё несколько завтра — и накопится на приятную покупку.

А переводы между картами Uzum бесплатны навсегда.

👉 Оформить карту Uzum

Реклама


❗️Картошка баҳасы неге қымбатлады? Аўыл хожалығы министрлиги түсиник берди

Министрлик буны қайта егилген майданлардан жетерли өним алынбағаны, суў салықлары ҳәм ҚҚС бойынша жеңилликлердиң бийкар етилиўи ҳәм басқа да қәрежетлердиң артқаны менен түсиндирди.

Баҳаларды төменлетиў ушын 2025-жылы 122 мың гектар майданда картошка егиў режелестирилген. Министрлик февраль-март айларында баҳалардың турақласыўын, апрель-май айларында болса оның төменлеўин күтпекте.

Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум ажыратылады. Сырт елден алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилмекте.

👉 @Karakalpak24


"Жол ҳәрекети қәўипсизлик хызмети" хызметкерлери жеңил автомобиллерде авариялық балға жоқлығы ушын жәрийма салыўға ҳақлы емес

Еслетип өтемиз: авариялық балға тек қана М2 ҳәм М3 категориясына кириўши автобуслар ҳәм жолаўшы тасыўшы транспорт қураллары ушын мәжбүрий болып есапланады.

👉 @Karakalpak24


"Манчестер Сити" Чемпионлар лигасының 1/16 финал плей-офф басқышында "Реал Мадрид"ке қарсы ойнайды

Дәслепки ойын 11/12-февраль күни, жуўап ойынлары болса 18/19-февраль күнлери болып өтеди.

Ушырасыўларда Абдуқодир Ҳусанов майданга шығыўы мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24


Gobozor: yangi foydalanuvchilar uchun promokod

Gobozor - bu:

• Xitoydan to‘g‘ridan-to‘g‘ri ishlab chiqaruvchilardan 20 000 000 dan ortiq mahsulotlar
• Mahsulotlar arzon narxlarda
• Butun O‘zbekiston bo‘ylab yetkazib berish
• Click, Payme, Uzcard, Humo orqali to‘lash imkoniyati
• Muddatli to‘lovni rasmiylashtirish imkoniyati mavjud

Yangi foydalanuvchilar uchun gobozor150 promokod bilan birinchi buyurtmaga 150 000 so‘m chegirma mavjud.
Saytga o‘tish: Gobozor.tut.uz
Telegram kanalga o’tish: @gobozoruz

p.s.
Savollar bormi?
Bizga yozing: @tut_support_bot

Реклама


Сабақ ўақтында оқыўшы телефоннан пайдаланса не қылыў керек? Нызамшылық буған не дейди?

Әмелдеги тәртипке көре оқыўшы сабақ ўақтында яки мектеп аймағында мобил телефоннан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин бәрше педагоглар, солар қатарынан класс басшылары жеке бақлайды.

Оқытыўшы тәрепинен ескертилиўине қарамастан сабақ процесинде телефоннан пайдаланыў жағдайлары даўам еткенде пән оқытыўшысы, класс басшысы, директор орынбасары, психолог (инспектор-психолог) қатнасыўында оқыўшының телефоны (смартфон, планшет ҳәм басқа қурылмалар) алып қойылады ҳәм жағдай жүзесинен мектеп директоры ҳәмде оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери ескертиледи.

Мектептиң "Шаңарақ-мәҳалле-билимлендириў мәкемеси" бирге ислесиўи Жәмәәт кеңеси ҳәм бақлаў кеңеси ағзалары қатнасында жағдай додаланып, тийисли түсиндириўлер алып барылғаннан соң мобил байланыс қурылмалары оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллерине қайтарып бериледи.

Сондай ҳалат оқыў жылы даўамында бир оқыўшы тәрепинен еки ҳәм оннан артық мәрте тәкирарланғанда оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьясы тийкарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады, оқыўшы ишки ислер органларының профилактик дизимине алынады.

Тийкар: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023 жыл 31 августтағы 282-санлы буйрығы

👉 @Karakalpak24


#Пайдалы

Ўақытында уйқылаў бойдың өсиўине ҳәм артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди

➖ Саат 22:00 ден 02:00 ге шекем организм өзинен ең көп муғдарда мелатонин ислеп шиғарады. Мелатонин бой өсиўине жуўапкер болган гормон болып есапланады.

➖ Тап усы гормон организмдеги артықша майларды еритиў ушын да жуўапкер. Қалаберсе, коллагенлерди тиклеў қәсийетине де ийе.

Буннан тысқары, бул гормон:

● терини жаңалаў;
● сүйекти беккемлеў;
● иммунитетти көтериў;
● клеткаларды тиклеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды да атқарады.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Мағлыўмат ушын телефонлар;
+998953700155
+998953770155
+998959891778
Мен үйиме қуяш панелин орнатпақшыман, сиз не?
➡️ Локация ⬅️

Реклама

20 last posts shown.