Кредит пенен субсидияның парқы қандай?
Кредит латынша creditum - қарыз, credo - исенемен сөзлеринен алынған болып, пул қаржылары, товар ҳәм хызметлерди келисилген үстеме (процент) төлеп қайтарып бериў шәрти менен мәлим мүддетке қарыз бериў есапланады.
Кредит айланысы қарыз бериўши ҳәм қарыз алыўшы ортасындағы экономикалық мүнәсибет есапланады.
Кредит шартнамасы бир тәреп - банк яки кредит шөлкеми (қарыз бериўши) шартнамада нәзерде тутылған муғдар ҳәм шәртлер бойынша басқа тәрепке (қарыз алыўшыға) қаржы бериўди ҳәм қарыз алыўшы алынған муғдарын қайтарыў ҳәм оған процентлер төлеў миннетлемесин алады.
Кредиттиң өзине тән өзгешеликлери. Кредит шартнамасы жазба формада дүзилиўи керек, оның бир нусқасы қарыз алыўшыға бериледи. Сондай-ақ, кредитте гиреў тәмийнаты болады. Кредитте оны қаплаў тәртиби бар болады. Кредит бойынша есапланған процентлер ҳәм тийкарғы қарызлар банк ҳәм қарыз алыўшы тәрепинен имзаланған кредит шартнамасына қосымша қылынған кестеге муўапық әмелге асырылады.
Буннан тысқары, кредитти қайтармаўдың ақыбетлери де болады. Процент ҳәм тийкарғы қарызды төлеўдиң ҳәр бир кешиктирилген күни ушын банк пеня есаплайды. Егер қарыздар кредитти қайтарыў миннетлемесин орынламаса, банк қарыздарға гиреўге қойылатуғын мүлкке қарата мәжбүрий өндириў тәртибинде қайтарылады.
Субсидия латынша subsidium сөзинен алынған болып, жәрдем, қоллап-куўатлаў деген мәнисти аңлатады.
Субсидия - мәмлекет бюджети, жергиликли бюджетлер қаржылары яки арнаўлы фондлардан физикалық ҳәм юридикалық шахсларға, жергиликли органларға, басқа мәмлекетлерге берилетуғын пул қаржысы яки натура формасындағы жәрдем есапланады.
Субсидиялар әдетте дәраматы жоқары болмаған шахсларға белгиленген мақсетлер ушын басланғыш төлем яки кредит процент төлемлериниң бир бөлимин қаплап бериў көринисинде мәмлекет бюджетинен ажыратылады.
Субсидия мәмлекет тәрепинен қайтарып алмаў шәрти менен ажыратылады.
Субсидия бул кредитте, қарызда емес. Яғный, сизге субсидия берилгеннен соң сизден оны қайтарыў талап етилмейди.
👉 @Karakalpak24