Каракалпакстан 24


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek
Category: Politics


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @oralbaev15

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Category
Politics
Statistics
Posts filter


❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:

📍 Әмиўдәрья районы 
☎️ 61 515-34-49
☎️ 61 515-32-31

📍 Беруний районы
☎️ 61 524-22-60
☎️ 61 524-26-10

📍 Қараөзек районы
☎️ 61 465-43-69
☎️ 61 465-40-59

📍 Кегейли районы
☎️ 61 412-23-35
☎️ 61 412-25-85

📍 Қоңырат районы
☎️ 61 312-15-42
☎️ 61 312-36-36

📍 Қанлыкөл районы
☎️ 61 332-13-24
☎️ 61 332-17-33

📍 Мойнақ районы
☎️ 61 322-12-97
☎️ 61 322-16-86

📍 Тахтакөпир районы
☎️ 61 435-27-75
☎️ 61 435-27-75

📍 Төрткүл районы
☎️ 61 532-21-30
☎️ 61 532-52-88

📍 Хожели районы
☎️ 61 554-11-26
☎️ 61 554-32-13

📍 Шымбай районы
☎️ 61 444-03-58
☎️ 61 444-33-03

📍 Шоманай районы
☎️ 61 346-24-73
☎️ 61 346-25-39

📍 Елликқала районы
☎️ 61 585-11-49
☎️ 61 585-22-08

📍 Нөкис районы
☎️ 61 424-45-71
☎️ 61 424-45-98

📍 Тақыятас районы
☎️ 61 572-22-91
☎️ 61 572-42-84

📍 Бозатаў районы
☎️ 61 415-36-13
☎️ 61 415-37-03

📍 Нөкис қаласы
☎️ 61 222-88-46
☎️ 61 222-70-79


❗️Бул номерлерге электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлар бойынша мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Буннан тысқары үзликсиз түрде ислеп туратуғын +99861 222-48-40, +99861 222-48-41, +99861 222-48-47, +99861 222-48-49 телефон номерлерине қоңыраў етсеңиз де болады.

👉 @Karakalpak24


Video is unavailable for watching
Show in Telegram
"Әжинияз" көркем-публицистикалық фильми.

👉 @Karakalpak24


❗️Алдаўшылар жаңа усылға өтти!

Телеграм пайдаланыўшыларына "Пайдаланыўшы сизге жаңа жыл саўғасы жиберди! 1 жыл мүддетке Telegram Premium" көринисиндеги хабарлар келмекте.

Көпшилик усындай хабарларға исенип, өз телефонына хабар арқалы келген қосымшаны орнатқанынан соң, банк картасындағы пуллары алдаўшылар тәрепинен шешип алынған.

❌ Ҳеш қашан телеграм арқалы жиберилетуғын бундай көринистеги хабарларды ашып көрмең.

👉 @Karakalpak24


Автомашинасында медициналық қуты "Аптечка"сы болмаған айдаўшылар жәриймаға тартылады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 125-статьясына тийкарланып,

➖ Айдаўшылар тәрепинен медициналық қутысы болмаған ҳалда транспорт қуралын басқарғаны оларға базалық есаплаў муғдарының (ҳәзирги күнде 375 000 сум)ның екиден бир бөлеги муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

👉 @Karakalpak24


🌙 Быйыл Рамазан айы қашан басланады?

Муқаддес Рамазан айының 2025-жылдағы биринши күни 1-март, (шемби) күнине туўры келиўи мүмкин.

Бул мағлыўмат Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен еле тастыйқланбаған.

👉 @Karakalpak24


Студент жасларға контракт төлемлериниң 35 проценти төлеп бериледи

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеген, әскерий бөлим командириниң усынысына ийе болған, жоқары оқыў орынларына төлемли-шәртнама тийкарында оқыўға қабыл етилген, Жаслар аўқамы тәрепинен әмелге асырылған ис-иләжларда белсенди студент-жаслардың контракт муғдарының 35 пайызы Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен төлеп бериў бойынша арзалар қабыллаўы басланды.

Арзалар 15-февраль сәнесине шекем жоқары оқыў орынларындағы Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси тәрепинен қабыл етиледи.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда электромобиллер ушын утилизация жыйымы 78,5 млн сўмға шекем асырылды

Ҳүкимет қарары менен электромобиллер импортындағы утилизация жыйымы ставкалары арттырылды, соның ишинде:

➖ Ислеп шығарылғанына 3 жылдан аспаған электромобиллер ушын – БЕМның 120 есеси (45 млн сум)
Алдын – БЕМниң 30 есеси (11,25 млн сум) еди;

➖ Ислеп шығарылғанына 3 жылдан асқан электромобиллер ушын – БЕМниң 210 есеси (78,75 млн сум)
Алдын – БЕМниң 90 есеси (33,75 млн сум) еди.

Артырылған утилизация жыйымы ставкалары 2025-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.

👉 @Karakalpak24


❗️Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлерге толық ийелик ҳуқықы берилмейди

Нызамға бола, жеке тәртиптеги турақ жайлар ийелеген жерлерге ижара ҳуқықының көлемлери төмендеги тәртипте белгиленген:

1998-жыл 1-июльға шекем ийеленген жерлер ушын – 0,24 гектарға шекем;

1998-жыл 1-июльдан 2018-жыл 1-майға шекем ийелегенлер ушын — Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында — 0,06 гектарга шекем;

➖ Қалған аймақларда — 0,12 гектардан аспаған көлемде.

‼️Жеке тәртиптеги турақ жай иелеген жер участкасының әмелдеги майданы усы нызамшылық ҳүжжетинде белгиленген өлшемлерден артқан жағдайларда, жер участкасының артықша ийеленген бөлегине болған ижара ҳуқықы, егер басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбайтуғын болса, дийқан хожалығын ямаса қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын тән алынады.

👉 @Karakalpak24


❗️Телеграмда мошенниклер жаңа усылға өтти

Олар телеграмнан сизге МИБтан қарызыңыз бар деп усындай хабарларды жибермекте.

Бул файлдың ишинде вирус бар. Жүклеп алмаң! Болмаса алдаўшылар телеграммаңызға жалғанып алыўы мүмкин. Ең жақсы жол оларды блоклар таслаң.

Егер сизге ақықы APK менен тамамланатуғын файл папкалар келетуғын болса ашпаң, оның ишинде вирус болады.

Бул хабарды телеграм топарларға тарқатып, ҳәммени ескертип қойың.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда минимал тутыныў қәрежети — айына 669 мың сўм

Өзбекстанда 2025-жыл ушын минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдары адам басына бир ай ушын 669 000 сўм етип белгиленди.

Не деп ойлайсыз, бир айда 669 мың сўм бир адамға жетеди ме?

👉 @Karakalpak24


2024 жыл 1-апрелден баслап биринши перзенттен тысқары балаларға “Сүйинши пулы” берилиўи тоқтатылған

Министрлер Кабинетиниң 04.03.2024 жылдағы 110-санлы қарары менен, Ҳүкиметтиң 2023 жылдағы 550-санлы қарарына тийисли өзгерис киритилген.

Киритилген өзгерислерге көре, 2024-жыл 1-апрелден баслап перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулы:
➖ Биринши перзент ушын — бәрше ҳаялларға;
➖екинши перзент ушын — перзент туўылған ўақытта “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” информация системасына киритилген шаңарақтың ағзасы болған ҳаялларға рәсмийлестириледи.

Қалған бәрше жағдайларда перзент туўылғанда берилетуғын бир мәртелик напақа пулын рәсмийлестириў бийкар етиледи деп белгиленген.

Демек, Сиз биринши мәрте перзентли болдыңызба? Биймалел барып “Сүйинши пулы”н алың! Екинши мәрте перзентли болдыңызба? Шаңарағыңыз кем тәмийинленген шаңарақлар дизиминде болса, барып пулды алың! Үшинши ҳәм оннан көп мәрте перзентли болсаңыз “Сүйинши пулы”н аламан деп ҳәрекетте қылып отырмаң, пайдасы жоқ дегени бул...

👉 @Karakalpak24


❗️Ертең Кегейли районының айырым аймақларында газ өшеди

Кегейли районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен райондағы «Халқабад» АГРСда жүзеге келген авариялық жағдайды сапластырыў жумыслары алып барылыўы мүнәсибети менен 5-февраль күни саат 14:00 ден 18:00 ге шекем «Жилўан жап», «Абат мәкан», «Нурлы бостан», «Бахытлы», «Қуяшлы», «Халқабад», «Гүжим терек» МПЖ ҳәм «Жүзимбағ», «Қумшүнгүл», «Жалпақ жап», «Ақтуба», «Абат», «Жаңа базар» АПЖ аймақларындағы барлық түрдеги тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылатуғынлығын хабарлаймыз.

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» ГТФ Мәлимлеме хызмети

👉 @Karakalpak24


Студентлерге қандай жағдайда стипендия төленбейди?

Егер студент семестр даўамында пәнлердиң 30% ҳәм оннан кемин өзлестирсе, жуўмақлаўшы қадағалаўлардың 30%инде «3» баҳа алса стипендия төленбейди.

Мәселен, биринши семестрде 6 пән өтилсе, олардың екеўинен 3 баҳа алса, бундай жағдайда өзлестирилген муғдар 33,3% болады ҳәм стипендия төленбейди, студент 6 ай даўамында стипендиядан айрылады.

👉 @Karakalpak24


Әкелер ушын әкелик дем алысы бериледи

Олий Мажлисте жаңа нызам жойбары – «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ҳүжжет додаланды. Бул нызам биринши оқыўда қабыл етилген.

Жойбарға муўапық, жаңа туўылған перзент ушын әкелерге де орташа мийнет ҳақы сақланған ҳалда қосымша дем алыс берилиўи көзде тутылған.

👉 @Karakalpak24


GARAND BILIM

🇺🇸🇬🇧🇬🇧ENGLISH tilinen taza gruppalarımızdı baslaymız. 🇺🇸🇬🇧🇬🇧


🔴 ENGLISH GRAMMAR course ( 0 DEN)
2,4,6 kúnleri
Saat 15:00 de

Kurs dawamında ózlestiriwińizge qarap keyingi gruppalarǵa ótkeremiz.

Bul gruppada siz english tilin 0 den baslap úyrenesiz.

Kursımızǵa qabıllaw : 5-6 fevral kúnleri

BAYLANÍS USHÍN NOMER: +998930432613
Ya bolmasa telegram arqalı
@Nurik_english baylanısıň

Manzil: Nòkis qalası oraylıq bazar qasında.

Реклама


Қарақалпақстанлы шахматшы мүддетинен алдын Өзбекстан чемпионы болды

Усы жылдың 27-январь күнинен баслап Жиззах ўәлаятында шахматтың стандарт жөнелиси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтпекте.

Бул чемпионатта 8 жас қызлар категориясында қатнасып атырған Тақыятас районы спорт мектебиниң шахмат бойынша тәрбияланыўшысы Ларина Зарина 8-турда мүддеттен алдын Өзбекстан чемпионы атағына ерисип, жәхән чемпионатына жолламаны жеңип алды.

👉 @Karakalpak24


Қазақстанда Рамазан айының басланыў сәнеси жәрияланды

Қазақстан мусылманлары диний басқармасы Рамазан айы 1-марттан басланатуғынын, Рамазан ҳайыты болса 30-март сәнесине туўра келетуғынын мәлим етти.

👉 @Karakalpak24


Өзбекстанда картошка баҳасы қашан арзанлаўы мәлим болды

Аўыл хожалығы министрлигиниң мәлим етиўинше, апрель-май айларында жаңа өним базарға шығарылады ҳәм буның нәтийжесинде картошка баҳасының түсиўине ерисиледи.

Феврал-март айларында баҳалар турақласыўы, апрель-май айларында болса картошка баҳасы төменлеўи күтилмекте.

👉 @Karakalpak24


❗️Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жерлерге толық ийелик ҳуқықы берилмейди

Нызамға бола, жеке тәртиптеги турақ жайлар ийелеген жерлерге ижара ҳуқықының көлемлери төмендеги тәртипте белгиленген:

1998-жыл 1-июльға шекем ийеленген жерлер ушын – 0,24 гектарға шекем;

1998-жыл 1-июльдан 2018-жыл 1-майға шекем ийелегенлер ушын — Ташкент, Нөкис қалалары ҳәм ўәлаят орайларында — 0,06 гектарга шекем;

➖ Қалған аймақларда — 0,12 гектардан аспаған көлемде.

‼️Жеке тәртиптеги турақ жай иелеген жер участкасының әмелдеги майданы усы нызамшылық ҳүжжетинде белгиленген өлшемлерден артқан жағдайларда, жер участкасының артықша ийеленген бөлегине болған ижара ҳуқықы, егер басқа шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин бузбайтуғын болса, дийқан хожалығын ямаса қыйтақ жер хожалығын жүргизиў ушын тән алынады.

👉 @Karakalpak24


❗️️Телеграмда мошенниклер жаңа усылға өтти

Енди мошенниклер жасырын чаттан жазып телеграмның рәсмий "служба поддержка"данбыз, усы силтемеге кирип тастыйықлап қойың, болмаса БЛОКҚА ТҮСЕСИЗ деп айтпақта.

Сиз усы сыяқлы силтемелерге ҳасла кирмең, болмаса мошенниклер сизиң телефоныңызға жалғанып алады.

Жақынларға жиберип, ескертип қоямыз.

👉 @Karakalpak24

20 last posts shown.