Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Жақында Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың баслы ўазыйпаларына арналған мәжилис болып өтти. Онда ҳүрметли Президентимиз кирис сөзинде ең дәслеп, Қарақалпақстанда быйылғы жыл – берекетли жыл болды – деп айрықша айтқан еди.
Ҳақыйқатында да быйылғы жыл “Қарақалпақстан жылы” болды десек алжаспаған боламыз. Соңғы жыллар қатарында быйылғы жылда да көплеген жоқары шеклерге ерисилди, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў жолында көплеген жеңилликлер берилди, бул өз гезегинде пуқараларымыздың бүгинги турмысынан разылығында өзиниң айқын сәўлелениўин таўып атыр. Әлбетте, бундай көрсеткишлерге ерисиўде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген, жүдә әҳмийетли болған 15 тен аслам тарихый пәрманлар ҳәм қарарлардың орны айрықша саналады.
Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиў керек, усы мәжилисте көтерилген барлық мәселелер ҳәм ҳәр бир баслама ҳүрметли Президентимиз тәрепинен толық қоллап-қуўатланды ҳәм тийисли тараў басшыларына анық тапсырмаларды белгилеп берди.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы усындай кең имканиятлардың жаратылып берилиўи арқалы келеси 2025-жылда әмелге асырылыўы тийис баслы мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер белгилеп алынғанлығын атап өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube