ҚР МҒКБ


Channel's geo and language: Uzbekistan, Uzbek


Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар Басқармасының рәсмий каналы

Related channels

Channel's geo and language
Uzbekistan, Uzbek
Statistics
Posts filter


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ
 
Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар!
 
Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қоймақта.

Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.

Жуўмақланып атырған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.

Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта.

Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.

Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.

Толық оқыў

А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы


Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Shavkat Mirziyoyev_press-service
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Forward from: Shavkat Mirziyoyev_press-service
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон халқига Янги йил табриги

Новогоднее поздравление Президента Республики Узбекистан Шавката Мирзиёева народу Узбекистана

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Жаңа жыл байрамы!

Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында ҳар қашанғыдан да өзгеше "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Қарақалпақ тилиндеги биринши туристлик шоу.
Буның биринши санын төмендеги силтеме арқалы тамашаласаңыз болады!


1-сан, кеттик!

https://youtu.be/9oGkb36Avkc?si=DY5DQNrepY5R41V2


Forward from: Saida Mirziyoyeva
Yangi yil arafasida yurtimizda davolanayotgan falastinlik bolalardan xabar oldim. Prezidentimizning salomi va eng ezgu tilaklarini yetkazdim.

Shuncha qiyinchiliklarga qaramay, ular qalbida beg‘uborlik va mo‘jiza istagini saqlab qolgani chindan ham hayratlanarli. Umid qilamanki, e’tibor va mehr so‘zlari ularning ko‘nglida yorug‘ kelajakka ishonch uyg‘otadi.

Ularga va jafokash Falastin xalqiga tinchlik va farovonlik tilaymiz.

-

Накануне Нового года я посетила детей из Палестины, проходящих лечение в Узбекистане. Передала приветствия и наилучшие пожелания от Президента нашей страны.

Несмотря на все сложности, они сохранили свет в душе и веру в чудеса, и это искренне восхищает. Надеюсь, что внимание и слова поддержки наполнят их сердца надеждой на лучшее будущее.

Мы желаем мира и благополучия им и всему многострадальному палестинскому народу.


Forward from: Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov
Ҳафтанинг энг муҳим воқеалари шарҳи: 2025 йилда Қорақалпоғистонни ривожлантиришнинг устувор йўналишлари муҳокама қилинди. Тиббиётнинг бирламчи бўғини сифатини яхшилаш соғлиқни сақлаш тизимининг асосий вазифаси бўлади. Президент МДҲ ва ЕОИИ саммитларида иштирок этди.

Ҳәптениң ең әҳмийетли ўақыяларына шолыў: 2025-жылда Қарақалпақстанды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары додаланды. Медицинаның бирлемши буўыны сапасын жақсылаў ден саулықты сақлаў системасының тийкарғы ўазыйпасы болады. Президент ҒМДА ҳәм ЖЕЭК саммитлеринде қатнасты.

Обзор важнейших событий за неделю: Обсуждены приоритеты развития Каракалпакстана на 2025 год. Улучшение качества первичного звена медицины будет главной задачей системы здравоохранения. Президент принял участие в саммитах СНГ и ЕАЭС.

Highlights of the week: Karakalpakstan's development priorities for 2025 discussed. Primary medical services will be in the focus of healthcare improvements. President participated in the summits of CIS heads of state and the Supreme Eurasian Economic Council.

Facebook|Instagram|X


Forward from: Jáyhun
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
🔖Ómiri hám biliminen órnek alarlıqtay jáne bir jerlesimiz tariyxınan sóz ettik.
Bul sapar da Jáyhun kanalı sizge eń qızıqlı maġlıwmatlardı tayarlaġan.

🎞️Videoni YouTube arqalı tamashalań hám pikirlerińizdi bildiriwdi de umıtpań!

YouTube | Instagram | Telegram


Forward from: Aydin
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Siz Maslov piramidası haqqında esitkensiz be?

Ol insan mútájliklerin qalay tártipke salıwı hám onıń biziń turmısımızda tutqan ornı haqqında ne?
Eger sizge bul maǵlıwmatlar qızıq bolsa YouTube'taǵı Aydın kanalınan tamasha etseńiz boladı.

https://youtu.be/h9APKbTdW4o?si=HqogpYypPHDRKK_b


YouTube | Instagram | Telegram


Forward from: Jáyhun
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Piramidalar insan qolı menen jaratılmaġan degen pikirge siz de qosılasız ba?

Tolıq videoda ele de qızıqlı maġlıwmatlar bar!

Tómende kórsetilgen siltemege ótiń!

YouTube | Instagram | Telegram


Forward from: Aniq.uz | Lotin
2024-yilda “Yashil makon” umummilliy loyihasi doirasida qanday ishlar amalga oshirildi?

Xabaringiz bor, so‘nggi yillarda mamlakatimizda ekologik holatni yaxshilash maqsadida Davlatimiz rahbari tashabbusi bilan boshlangan va bugun yaxshi an’anaga aylangan “Yashil makon” umummilliy loyihasi amalga oshirilib kelinmoqda. Xo‘sh, ushbu loyiha doirasida 2024-yil davomida qanday ishlar amalga oshirildi? Shu mavzu bo‘yicha Ekologiya, atrof-muhitni muhofaza qilish va iqlim o‘zgarishi vazirligi bosh mutaxassisi Aqlbek Normirzayev bilan suhbatlashdik.

💻- https://aniq.uz/uz/y/277417/t
📱- https://m.aniq.uz/uz/y/277417/t

Ko‘proq 👉 @aniquzbek


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Жақында Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың баслы ўазыйпаларына арналған мәжилис болып өтти. Онда ҳүрметли Президентимиз кирис сөзинде ең дәслеп, Қарақалпақстанда быйылғы жыл – берекетли жыл болды – деп айрықша айтқан еди.

Ҳақыйқатында да быйылғы жыл “Қарақалпақстан жылы” болды десек алжаспаған боламыз. Соңғы жыллар қатарында быйылғы жылда да көплеген жоқары шеклерге ерисилди, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў жолында көплеген жеңилликлер берилди, бул өз гезегинде пуқараларымыздың бүгинги турмысынан разылығында өзиниң айқын сәўлелениўин таўып атыр. Әлбетте, бундай көрсеткишлерге ерисиўде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген, жүдә әҳмийетли болған 15 тен аслам тарихый пәрманлар ҳәм қарарлардың орны айрықша саналады.

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиў керек, усы мәжилисте көтерилген барлық мәселелер ҳәм ҳәр бир баслама ҳүрметли Президентимиз тәрепинен толық қоллап-қуўатланды ҳәм тийисли тараў басшыларына анық тапсырмаларды белгилеп берди.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы усындай кең имканиятлардың жаратылып берилиўи арқалы келеси 2025-жылда әмелге асырылыўы тийис баслы мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер белгилеп алынғанлығын атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ екинши сессиясы басланды

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып бармақта.

Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы туўрыдан-туўры эфирде жарытып барылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Joqarǵi keńes.uz
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Бираздан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ 2-сессиясы басланады.

Бироздан сўнг Қорақалпоғистон Республикасы Жўқорғи Кенгесининг 2-сессияси бошланади.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube


Forward from: Jáyhun
Video is unavailable for watching
Show in Telegram
Mumiya - siz olar haqqında nelerdi bilesiz?

Áyyemgi mısrlılardıń óliminen keyingi mumiyalaw máresimi qalay hám ne ushın alıp barılıwı qızıq bolsa YouTube kanalġa ótiń!)

YouTube | Instagram | Telegram



16 last posts shown.