Сен тежеп қалған бир тийин ақшаң - бул сен ислеп тапқан бир тийин ақшаңдур.
Бенджамин Франклин
Расында да, тежеўди билген адамның қолында әсте-әсте капитал жыйналып бара берер екен. Ақшаны тежеп жумсаўды билмейтуғын адамды мен тесик қуманға уқсатаман. Тесик қуманға қанша суў қуйсаңда бәрибир толмайды. Дәл сондай, экономды билмейтуғын адам қанша көп ақша тапқаны менен бәрибир байымайды.
Адам дәслеп экономды үйренип алып кейин ақша тапса, сол тапқан ақшасы берекетли болады. Бирақ менимше буның иләжи жоқ. Адам экономды билмегенлиги себепли, нәпсиниң қулы болғаны ушын ақшасын ҳәр қыйлы болар-болмас өткинши матахларға сарыплап таслайды, қалтасында ақшасы қалмай тупикке киреди. Соннан кейин барып эконом деген нәрсеге әдетленип баслайды. Себеби экономды билмесликтиң ақыбетин ол өз өмиринде практический көрди. Ол жағдайға енди түсиўди қәлемейди. Қолдан келгенше тапқан ақшасын ойланып, экономлап сарыплаўға ҳәрекет етеди.
Көп ақша тапқан адам бай емес, ақшаны ақыл менен жумсап билетуғын адам бай.
https://t.me/Pikirerkin