Көп ўақытымды пияда жүрип өткиземен. Нөкисте пияда жүрип түсинип жеткен бир мәселени сизлер менен бөлиспекшимен.
Play station да компьютер ойнап атырғанлар, түңги клубларда саңғып жүргенлер, пивной барларда алкогол ишип жүргенлер, дослық каналының бойында свиданияға шыққанлар жүдә көп. Булардың ҳәммеси мен қатарлы жаслар. Ҳеш бири мақсетли ҳәрекет етип атырған жоқ.
Егер сениң жасың 20-25 жас аралығында болса ҳәм сен шалғытыўшы нәрселердиң (компютер ойынлары, социал тармақлар, қызлар менен ҳәр қыйлы отношениелер, алкогол ҳ.т.б ) ҳәмме-ҳәммесинен жырақ болсаң, келешекте перспективасы бар бир кәсипти таңлап барлық энергияңды, ўақытыңды, фокусыңды сол бир кәсипке қаратып өз үстиңде тоқтамастан шуғулланатуғын болсаң 2-3 жылдан кейин сен 99% адамлардан өтип кетесең. Конкуренция дерлик жоқ есабы. Себеби сениң теңлеслериң ҳәзир play station да, пивнойда, түңги клубда, свиданияда жүрипти.
https://t.me/Pikirerkin