Темеки өнимлерин ислеп шығаратуғын компаныялардың маркетинги жүдә зор.
Шегиў денсаўлыққа зыян. Шегиўди ҳеш кимге пропаганда қылмайман, өзимам шекпеймен. Сигарет қағазында жазып қойылған "шегиў инсанды өлтиреди" сыяқлы жазыўлар шегиўши инсанларды ҳеш қорқытпайды. Себеби сигара компаниялар жүдә эффектив маркетинг усылларын қолланады. Дерлик барлық киноларда, клиплерде, әдебий кытапларда бас қаҳраманлар шегеди. Қәдди қәўмети келискен, красавчик, өзине уверенный персонажларды көрген көпшилик өспирим жастағы ер баллардың санасында надурыс образ пайда болады. Сигара менен джентлменликтиң ортасында себеп-нәтийжели байланыс бар деп ойлайды. Негизинде сол кино-фильмлердеги, клиплердеги главный персонажлар өз үстинде регулярно ислейтуғын, диета сақлайтуғын, спорт пенен актив шуғулланатуғын адамлар. Олар тек сёмка майданында ғана "жақсы" маркетинг ушын шегеди ҳәм бир кадрда шеккен сигарасы ушын бир неше мыңлаған долларларды алады. Ол шеккен сигарасы да көпшилик жағдайда ҳақыйқый емес сигаралар болады. Сигара компаниялары актёрларға, спортсменлерге, танықлы инфлюнсерлерге ақша тигеди ҳәм бул тиккен ақшасы еки есе болып өзин ақлайды. Тек сигара компаниялары емес алкоголь компаниялары да дәл солай жол тутады(Ванн Дамның кафеде өткир шарап ишип сол жердеги онлаған еркеклерди қыйратып таслаған эпизодын еслең).
https://t.me/Pikirerkin