Video is unavailable for watching
Show in Telegram
❗️МҚХ тәрепинен үлкен көлемде рейд өткериледи
Мәмлекетте 4 күн даўамында "Антитеррор-тазалаў" иләжи өткерилди. Онда жынаят әлемине байланысы болған 418 шахс қолға алынды.
👉 @Karakalpak24
Мәмлекетте 4 күн даўамында "Антитеррор-тазалаў" иләжи өткерилди. Онда жынаят әлемине байланысы болған 418 шахс қолға алынды.
Криминоген жағдайды турақластырыў ҳәм оған унамсыз тәсир көрсетип атырған шахс ҳәм жынайый топарларды анықлаў мақсетинде жәми 946 арнаўлы иләжлар өткерилди.
Аўыр ҳәм оғада аўыр жынаятларды ислеўге бейим болған, республикадағы криминоген жағдайға унамсыз тәсир көрсететуғын 418 шахс анықланып, оларға жынаят ислери қозғатылды.
Жынаят ислери шеңберинде 169 шахс қамаққа алынып, 42 жынайый топарлардың жумысына шек қойылды. 399 шахс ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, олардың 270 и ҳәкимшилик қамаққа алынды. 109 излеўдеги шахслар усланды.
👉 @Karakalpak24